«ШӘКИРТЛЕРИМНЕН ҮМИТЛЕРИМ КӨП...»
Инсан мийнети менен әзиз дегениндей, Н.Палванова да көп жыллық ис тәжирийбесине ийе пайтахтымыздағы Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң спорттың көркем гимнастика түри бойынша тренер ҳәм «Спорт устасы», «Өзбекстан Республикасы халық билимлендириўи ағласы», «Дене тәрбия ҳәм спорт ағласы», «Өзбекстан Ғәрезсизлигиниң 25 жыллығы» көкирек белгилерине ийе.
Ол өзиниң пидайылығы, әлпайымлығы, жәмийетлик жумысларда белсендилиги, өзиниң унамлы тәреплери менен көзге түсип, жуўапкершилиги менен ҳүрмет тапқан инсанлардан. Оның таярлаған шәкиртлери көплеген спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте ҳәм ҳәзирги күнде шәкирти Шаҳзада Ибрагимова Өзбекстан сайланды командасы қурамында таярлықлар алып барыў менен бирге Токио олимпиадасына қатнасыў ҳуқықын бериўши лицензия ушын гүрес алып бармақта. Айтыўымыз керек, мәмлекетимизде дене тәрбия ҳәм спорттың ғалабалығына ерисиў, халық арасында саламат турмыс тәризин және де күшейттириў, бәркамал әўладты жетилистириў ҳәм қәбилетлерин жүзеге шығарыў бағдарында көплеген нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.
Әлбетте, спорт бул инсаннан қәбилет, талапшаңлық, пидайылықты талап етеди. Бул тараўдың өзине жараса машақат ҳәм қыйыншылығын усы тараўда хызмет етип атырғанлар жақсы билсе керек. Буның итибарға алыныўы да тосыннан емес шығар. Ҳәр бир байрамның өзине тән қуўанышы болғанындай, быйылғы гөззаллық ҳәм жасарыў байрамы болған 8-март мен ушын жүдә қуўаныш пенен келди. Ең әўели мәмлекетимиз Президентине шексиз миннетдаршылық билдиргим келеди. Президентимиз атынан маған «Соғлом турмуш» медалының берилиўи мени бахытқа бөледи. Буны ҳеш күтпеген едим. Бундай итибар тек ғана мениң, бәлки қарақалпақ халқына болған итибар деп түсинемен. Себеби, Президентимиз Қарақалпақстанға болған ҳәр бир сапарында халқымызға болған итибары күшли болады. Мәселен, спорт тараўын алып қарағанымызда Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң ашылыўы, өткен үш жыл даўамында қарақалпақстанлы жаслар бирқатар жәҳән, Азия ҳәм халықаралық көлемдеги өткерилип атырған спорт жарысларында жақсы нәтийжелерге ерисиўлеринен көриўимизге болады. Ал, шәкиртлеримнен үмитлерим көп. Бүгинги күнде мектебимизде 578 жас спорттың 22 түри менен шуғылланып, оларға 95 тренер шынығыўлар алып бармақта. Мектебимиз оқыўшыларынан жақсы нәтийжелерди күтиўимизге болады. Бул ушын жәмәәтимиз таяр. Сондай-ақ, Президентимиз байрам қутлықлаўындағы мәмлекетимиз ҳаял-қызларына қарата айтқан кеўлиндеги жақсы сөзлери, итибары ҳәр бир ҳаял-қызымызда йош, күш-ғайрат пайда етти. Булардан руўхланып биз спортшы ҳаял-қызлар және де алға талпынып, пидайылығымызды көрсетемиз деп исендиремен, - дейди Н.Палванова.
Усы жерде жазыўшы Даниил Гранинниң мына сөзлерин келтирип өтким келеди: «Тек ғана әпиўайы меҳир ҳәм қәҳәр, қорқыў ҳәм мәртлик майданында жекке гүреседи. Бул жолды ол өз интасы менен басып өтеди. Спорт сондай күш, ол жақсы инсанды жаратады ҳәм руўхыятын шынықтырады» деп спортшыларға жақсы тәрийп берген. Мине сол айтқандай, усы тәрийпке мүнәсип тренер деген мақтанышлы атқа ылайық болыў сыяқлы пазыйлетлерди Нигора Палвановада көриўимизге болады.
Г.САПАРОВА.
СҮЎРЕТТЕ: тренер Н.Палванова.