ЛАПЫЗЫҢ ЖАҢЛАЙ БЕРСИН, ГҮЛНАРА!
Халқымыздың миллий мәдениятын танытыўда өзиниң айрықша таланты, атқарыў шеберлиги менен көпшиликтиң нәзерине түскен «Қарақалпақстан халық бақсысы» Гүлнара Алламбергенованы кең жәмийетшилик, түрк тиллес халықлар жақсы таныйды.
Оның қарақалпақ миллий ала мойнақ дуўтарында халық қосықлары ҳәм дәстанларын кәмине келтирип атқарыўы, сыңғырлаған ҳаўазы тыңлаўшының кеўил намасын оятып, қулақ қуршын қандырып, инсанға өзгеше заўық бағышлап қоймастан, узақ өтмишке тутасқан бай мәдениятымызды сақлаўға, жасларымызға руўхый мәдениятымызды танытыўда үлги болып киятыр. Усындай машақатлы мийнети, тынымсыз изленислери менен көп ғана шәкиртлер таярлап киятырған устаз, Өзбекстан Мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими «Мухаллес» дуўтаршылар ансамбли бақсы сазендеси Гүлнара Алламбергенова байрам қарсаңында «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланды. Биз оның бул жетискенлиги менен қутлықлап, қуўанышларына тилеклес болдық.
Сүўретте Гүлнара Алламбергенова шептен екинши
— Пасыллар келиншеги болған гөззал бәҳәр әййямында ҳаял-қызлар байрамының белгилениўи де тосыннан емес, деп ойлайман. Себеби, ҳаял ана, жаратыўшы нәзик тәбияты менен бәҳәр қуяшындай жадырап, меҳир муҳаббаты әлемди гөззаллыққа бөлейди. Солай екен, мәмлекетимиз тәрепинен берилген итибардан заманласларым қатары мениң де кеўлим тасып, қуўанышқа толды. Бул мәўритлерди бир гәп пенен жеткериў мүшкил. Ойымнан өткени кәсибеме болған меҳрим, жуўапкершилигим еле де күшейгенлигин иш-ишимнен сезиндим,- дейди ол қуўаныштан жүзлери жайнап.
Ҳақыйқатында да мийнет инсанды бахытқа жеткереди. Биз буны Гүлнара апа тымсалында көргендей болдық. Ол кәсибинен камал тапқан бахытлы ҳаял. Қайсы дәстан яки қосықтан сорасаңыз да бәлент лапызы менен бәлент шоққыда атқарыўларын жаратылыстың оған берилген илаҳий күши деп билдик. Оның дөретиўшилик жолына нәзер салар екенбиз, ширели ҳаўазы менен республика көлеминде емес, ал, раўажланған еллерге барып, қарақалпақ бақсышылық өнерин танытып киятырғанлығының гүўасы болдық. Атап айтқанда, 2001-жылы Ҳиндстанда өткерилген «Уллы жипек жолы» фестивалында, Франция, Швейцария, Голландия, Белгия сыяқлы мәмлекетлерде өткерилген фестивальларда қатнасып, қарақалпақ халқына тән болған миллий фолклорымызды, қосықларымызды танытыўда хызмети үлкен. Буннан басқа да 2003-жылы Самарқанд қаласында өткерилген «Шарқ тароналари» халықаралық фестивалына қатнасып, «Офарин» сыйлығын алыўға мияссар болды. Сондай-ақ, қоңсылас Қазақстан, Түркменстан республикаларында өткерилген түрк тиллес халықларының фестивальларында да жемисли қатнасты. 2009-жылы «Бақсылар дәстан айтқанда» фестивалында биринши орынды, 20l0-жылы «Мустақиллик-олий саодат» атамасында өткерилген ҳаял-қызлар форумында «Ең шебер қосық атқарыўшысы» номинациясын жеңип алды. Ал, 2011-жылы оған Өзбекстан Республикасы “әрезсизлигиниң 20 жыллығы байрамы мүнәсибети менен «Қарақалпақстан халық бақсысы» атағы берилди.
Ол ҳәр дайым марҳум устазы, Қарақалпақстан халық бақсысы Турғанбай Қурбановқа миннетдаршылығы шексиз. Буннан басқа да устазларынан алған тәлим-тәрбия, ақыл кеңеслери бүгинги күнде өзиниң бир қатар шәкиртлер таярлаўында да қол келип атырғанлығынан қуўанышлы.
Қулласы, буның бәри де оның машақатлы мийнетлеринеберилген ылайықлы баҳа деп билемиз. Гүлнараның қарақалпақ бақсышылық өнерин раўажландырыўда, шәкиртлер таярлаўда халқымыздың еле оннан күтери көп.
З.ЕРЕКЕЕВА.