МЕҲИР НУРЫ ТАРАЛЫП ТУР
Мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ушын көплеген имканиятлар жаратып берилген. Олар қайсы тараўда болса да өзлериниң мийнет сүйгишлиги, талапшаңлығы арқасында ерлер менен тең қәдем таслап атыр.
Быйылғы ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында Президентимиздиң Пәрманы менен қарақалпақстанлы бир қатар ҳаял-қызлардың мийнетлери өзиниң мүнәсип баҳасын алды. Олар арасында Қарақалпақстан Мусылманлар қазыяты ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қазы жәрдемшиси Тамара Досымбетова «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды.
Сүўретте Тамара Досымбетова шептен екинши
6-март күни Ташкент қаласында Ҳүрметли Президентимиздиң 8-март Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы салтанатындағы қутлықлаўы руўхымызды, кейпиятымызды таўдай көтерди. Мениң де қуўаныштан кеўлим тасып, көксиме тағылған «Дўстлик» ордени үлкен жуўапкершиликти жүкледи.
Көз алдымда киндик қаным тамған Шымбай районы Кеңес аўыл пуқаралар жыйыны, ол жердеги дәслепки билим алған 31-санлы мектептеги талапшаң устазларым елес-елес өтти.
Ҳақыйқатында да, миллетлераралық, динлераралық татыўлық дослық қатнаста аўызбиршилик пенен елимиздиң тынышлығына үлес қосыў тийкарғы ўазыйпамыз.
Байрам қутлықлаўындағы мына қатарлар, Жаңа Өзбекстанда үлкен өзгерислер жүз берип атырған Үшинши Ренессанстың ирге тасы жаратылып атырған тарийхый бурылыс дәўиринде Сиз киби халық ҳәм жәмийет, келешек әўладлар алдындағы жуўапкершиликти терең сезинетуғын жанкүйер, пидайы ҳәм меҳрибан апа-сиңлилеримиз елимиз ҳаял-қызлары ушын үлги ҳәм өрнек болмақта, -деп келтирген қатарларынан руўхланып билим ҳәм тәжирийбеге сүйенген ҳалда халқымызға үгит-нәсиятымызды мазмунлы етип жеткерип бериў баслы мақсетимиз болыўы тийис.
Мәмлекетимиз тәрепинен ҳәзирги ўақытта дин тараўына үлкен итибар берилип, көксиме тағылған орден мениң усы тараўдағы азы-кем мийнетлеримниң баҳасы деп билемен, дейди Тамара Досымбетова.
Рәўаятларға қарағанда, бир адам уламалардың бирине барып: «Ҳәзирет, мениң бир улым ҳәм бир қызым бар. Екеўин де оқытыўға қурбым жетпейди. Тек ғана биреўин оқытыўға имканым бар, қайсы бирин оқытайын?» деп сорапты. Сонда алым оған: «Қызыңды оқыт, себеби, ол келешекте перзент тәрбиялайды. Егер улыңды оқытсаң, бир адамды оқытқан боласаң, ал, қызыңды оқытсаң, пүткил жәмийетти оқытқан боласаң» деп жуўап берген екен.
Ҳақыйқатында да, тарийхта аты қалған инсанлардың уллы дәрежеге жетиўинде данышпан әкелерге қарағанда, ақыллы аналардың үлеси көбирек болған. Сол айтқанындай, инсан өмирдиң гөззаллығын биринши гезекте бәршемизди дүньяға келтирген, тәрбиялаған муқаддес Ана тымсалында көреди. Соның ушын да ҳаялды Жаратқанның әжайып кәраматы, деп улығлаймыз.
Биз сөз еткен Тамара Досымбетова тымсалында қаншадан-қанша шаңарақларға меҳир нуры таралып атыр деп айта аламыз. Себеби, жүреклерде меҳир оятып, өмирде бир-биреўге жақсылықлар етип, ийманлы-инсаплы болып жасаў пазыйлетин үгит-нәсиятлаўды, инсанлар кеўлине руўхый суўсын бериўди өзиниң жуўапкершиликли ўазыйпасы деп биледи. Ол ҳәр күнги жумыс процесин усы тақылетте алып барыўға әдетленген. Демек, өзи де, иси де өрнек деп айта аламыз.
З. ЖАҚСЫМУРАТОВА.