Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:24:01, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘДЕБИЯТ ШАЙДАСЫ

Китапқумарлық мәмлекетлик сиясат дәрежесиндеги әҳмийетли мәселе. Лекин, жаслардың әдебий китапларды оқыўға болған умтылыўшылығы жоқары дәрежеде болмай атыр.

Сонда да мыңлар ишинен жүйриклери табылатуғыны қуўанышлы. Әдебиятқа қызығыўшылық, көркем әдебий дөретпелерди оқыў, излениў бир басқа, ал, халықты мазмунлы, тәсирли шығармалары арқалы илҳамландырыў, заўық бағышлаў ­ бул илаҳий талант ийесине Аллатаала тәрепинен инәм етилген бийбаҳа сыйлық. Бул сыйлық Төрткүл ра­йонында туўылып, 12-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқып атырған Шаҳзада Каримбаеваны табысларға еристирди.

Быйылғы жылы Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың оған берилиўи де тосыннан емес. Жәмийетлик басламадағы жетекшилиги, билимлендириў, әдебият, мәденият тараўларындағы таңлаў ҳәм фестивальлардағы жетискенликлери өз баҳасын алып атыр.

Фото: Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықты тапсырыў мәресиминен

 Дерек:kun.uz

2016-жылы «Қәлбим қуяшысаң, Өзбекстаным» атамасындағы дәслепки китабының жарық көриўи Шаҳзаданың барлық жетискенликлериниң басламасы болды, таңлаў ҳәм фестивальларға қатнасыўға руўхландырды. 2018-жылы «Ең жақсы китапқумар оқыўшы», «Мен оқыған китап» таңлаўларының республикалық басқышында II дәрежели диплом ҳәм сыйлықлар, сондай-ақ, «Жас китапқумар» таңлаўының республикалық басқышында 10-14 жаслар арасында биринши орынды алыўға еристи. 2019-жылы болса Өзбекстан жаслар шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилген «Жас китапқумар» таңлаўының 15-19 жас арасында I дәрежели диплом ҳәм Президент саўғасы ­ «Спарк» автомашинасы менен сыйлықланды.

Шаҳзаданың ерискен табысларын дизип айта берсек көп. Биз оның ири баслыларын ғана айтып өтиўди мақул көрдик. Ол өзи қатарлы жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, қызығыўшылықты асырыўға да дыққат-итибарлы. Өзи билим алып атырған мектепте «Жас китапқумарлар» дөгерегин шөлкемлестирип, дөгерегине жасларды жәмлеп басшылық етпекте.

Шаҳзада китапты көп оқып изленген сайын қәлеми ысылып, халықаралық абырайлы журналларға, республикалық басылымларға да мақалалары жәрияланып атыр. 2020-жылы «SCOPUS» журналлары қатарына киретуғын «Pese arch» журналында «Международная научно-практическая конференция»дағы Назар Ишанқуловтың гүрриңлери ҳаққында мақаласы ҳәм басқа да илимий мақалалары жарық көрди. Бул оның илимий дөретиўшилик пенен шуғылланып атыр­ғанын көрсетеди.

Шаҳзада Каримбаева 2018-жылы Ташкенттеги «Истиқлол» баспасынан «Кеўлимдеги мәңги бәҳәрим», 2020-жылы «Манзара» атамасындағы қосық ҳәм гүрриңлер топламларын баспадан шығарып оқыўшыларға инәм етти.

Китап оқыған инсан ҳеш ўақта кем болмайды. Көпшилик китапты дос тутынып, ата-анадан кейинги устазым деп есаплайды. Бул орынлы пикир. Ата-анасы Камалатдин Юлдашев ҳәм Азада Сүйиновалар, мектеп жәмәәти Шаҳзаданың табысларының қоллап-қуўатлаўшысы болды. Ал, китап инсанды тәрбиялайды, ақыл-парасатты, жоқары пазыйлетлерди, билим булағын береди, туўры жол көрсетеди. Шаҳзаданың усы бағыты оны еле де табысларға жетелейди.

Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF