Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:27:57, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСТИҢ БАСЛЫҒЫ ЖАҢАДАН ҚУРЫЛАТУҒЫН ОБЪЕКТЛЕР МЕНЕН ТАНЫСЫП, ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Беруний районында болып, жаңадан қурылатуғын объектлер менен танысты.

Атап айтқанда, Абай аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «LIDEP GIPS» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен  гипсокартон ислеп шығаратуғын завод қурылысының ирге тасы қаланды. Бул объекттиң баҳасы 22 миллиард 704 миллион сум болып, жойбардың иске түсиўи менен 45 жаңа жумыс орны жаратылады.

Усы күни район белсендилери ҳәм нураныйлардың қатнасыўында және бир объекттиң қурылыс жумыслары басланды. «BERUNIY BUG’DOY CLUSTER» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы бул ун заводының жойбар баҳасы 33,5 миллиард сум болып, оны усы жылдың ақырына пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Нәтийжеде 200 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.

Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Беруний районындағы Мәденият сара­йында Елликқала, Төрткүл ҳәм Беруний районының жаслары менен ушырасты.

Мәденият сарайының фойесинде түрли миллет ўәкиллериниң қосық ҳәм аяқ ойынлары атқарылып, мийманлар мәденият ора­йындағы 28 дөгеректиң жумысы менен танысты. Бул жердеги дәп, миллий қосықшылық, хореография, рубаб, эстрада, спорттың көркем гимнастика ҳәм каратэ түрлери бойынша дөгереклердиң қатнасыўшылары өз өнерлерин көрсетти. Республикамыз басшысы орай китапханасына 1000 дана китап саўға етти.

Мийманлар орайға қараслы музей экспонатлары ҳәм берунийли художниклер Сабыр Қутлымуратов ҳәм Сахий Джанахмедовтың көргизбеси менен танысты. Дөретиўшилерге бүгинги жас әўладтың сүўретшилик көркем өнерине қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде «Устаз-шәкирт» дәстүрин даўам еттириў бо­йынша усыныслар берилди. Мектепке алыс аймақтан қатнайтуғын оқыўшыларға 20 дана велосипед тапсырылды.

Жоқарғы Кеңеси Баслығының жаслар менен ушырасыўы сораў-жуўап­ларға бай болды. Дәслеп ZOOM бағдарламасы бо­йынша Қытай, Беларусь ҳәм Россия Федерациясының жоқары оқыў орынларында билим алып атырған  жаслар менен өз-ара пикир алысыў болды. Соңынан үш ра­йон жасларының мүрәжатлары тыңланды.

Илаж даўамында Елликқала районынан 3, Төрткүл районынан 3 ҳәм Беруний районынан 3 кем тәмийинленген шаңарақтың пер­зент­лериниң  шәртнама төлемлери ушын сертификат тапсырылып, пән олимпиадаларында жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған 6 жасқа ноутбук саўға етилди.

Илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF