ЖАЗЫЎШЫНЫҢ ЖАҢА МИЙНЕТЛЕРИ ТАНЫСТЫРЫЛДЫ
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, талантлы жазыўшы-журналист, сатирик-юморист Бийсенбай Бекмуратовтың қәлемине тийисли үш томнан ибарат «Қарақшылар» атлы детективлик романы Қарақалпақстан баспасында (2020-жыл) жарық көрди. Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайында усы китапларды таныстырыў кешеси болып өтти.
Излениўши ҳәм мийнеткеш қәлем ийеси, талантлы жазыўшы Б.Бекмуратов ҳаққында қысқа тоқталып өтсек, отыз жылдан аслам ўақыттан берли дөретиўшилик ислери менен шуғылланып киятыр. Ҳәзирги күнде Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы жанындағы «Ижод» жәмийетлик фонды Қарақалпақстан бөлими баслығы лаўазымында мийнет етпекте.
Оның бүгинги күнге шекем «Аўыл әңгимелери» (2009), «Бүгин-ақ кетсин...» (2011), «Әйтек пенен Сейтек ўақыялары» (2015), «Минези қызық Меңлибай» (2018) атлы китаплары өз оқыўшыларын тапты десек асыра айтқан болмаймыз.
Сондай-ақ, республика көлеминдеги газета-журналларда, Қарақалпақстан радиосында сатира-юморлық жанрдағы шығармалары жарық көрип киятыр.
«Қарақшылар» атлы детективлик романының өзи еки бөлимнен ибарат. Бундағы ўақыялар бурынғы аўқамның тарқап баслаған дәўиринде жүз береди. Шығарманың сюжети дәслепки айыпкер, унамсыз образ, жаслайынан ерке болып өскен, ҳәмелинен пайдаланып, мәмлекетлик мүлкти талан-тараж еткен Үмбет болса, екинши айыпкер әкесинен дурыслы тәрбия алмаған, ата-анасының сөзлерин писент етпей, жаслайынан жынаят көшесине кирген Бекабад деген жас жигиттиң өмири ҳәм ол басшылық еткен «қарақшы»лар топары менен байланыслы.
Ал, «Жағыстағы жаўызлық» китабы екинши томы болып дәслепки томдағы ўақыялардың даўамы болып көркемлик жақтан шеберлик пенен избе-изликте сүўретленген. Сондай-ақ, үшинши томы баспаға басылыў алдында тур.
Кеше де сөзге шыққанлар Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов, Қарақалпақстан халық шайыры, журналист Х.Дәўлетназаров, белгили жазыўшы шайыр Я.Әжимов, Филология илимлери кандидаты З.Бекбергенова, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының ағзасы Ә.Қайыповлар жазыўшының жаңа басылымы менен қутлықлап, алдағы ўақытларды дөретиўшилик табыслар тиледи.
Жазыўшының бул жаңа китабы да өз оқыўшылары кеўлинен орын алыўына исенемиз.
З.ЕРЕКЕЕВА.