Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:53:10, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЙЫЙЫН ДЕСЕҢ ДИЙҚАН, ШАРЎА БОЛ...

Махмуд қалада туўылып өскени менен бир-биринен айырып болмайтуғын егиз тараў ­ дийқаншылық ҳәм шар­ўашылыққа қатты қызыққан. Узақ жыллар әжағасы Кәмил Юсуповтың қараўында ислеп, мол тәжирийбе топлайды.

­ Бүгинги күнниң баслы машқалаларына айланған жумыссызлық  мәселеси, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң бирден-бир жолы ­ исбилерменлик пенен белсене шуғылланыўдан ибарат. Соңғы жыллары бул бағдарда унамлы өзгерислер жүз бермекте. Қолымнан келетуғынына исенетуғын дийқаншылық, шарўашылықтағы ис-тәжирийбелериме сүйене отырып, өткен жылы «Султан-берекетли шарўа» фермер хожалығын аштым. Бул шешиўши қәдемим ели-халық алдындағы жуўапкершилик сезимимди арттырып, күш-қуўат бағышлады, -дейди Махмуд Юсупов.

­  «Халық банк»тен 17 процентли өсим менен 800 млн. сум кредит алдық. Австрия мәмлекетиниң Ташкенттеги диллери арқалы гөш ҳәм сүт жетистириў бағдарындағы «Сементал» ҳасыл туқымлы малларын алыўға шәртнама жасастық. Бизлерге қойылатуғын талап бойынша зооветеринариялық хызмет түрлерин жақсылаў, қысқы ҳәм жаз қоралар қурып, таза суў, жуғымлы от-шөп таярлаўды талап дәрежесинде орынлаўымыз керек еди. Белгиленген ўақытта әкелинген 27 бас еки жасар қашарлардың барлығы дерлик буўаз келди. 28-ноябрьден биринши бузаўларын алып, бүгинги күнге саны 16ға жетти. Жақсы күтимниң арқасында шығынға жол қоймай, ҳәр биринен күнине 9-10 литрден сүт саўып алын­ғаны менен 6 литрин бузаўларына беремиз. Биринши туўымында сүт усы муғдарда, екиншисинде 15 литрге шекем көбейсе, үшиншисинде 25 литрден асып түсер екен. Ҳәр күни жигирмаға жақын саўын сыйырларымызды еки мезгил саўыў агрегатында саўыншымыз Рая Кенжебаева жәрдемшиси Қабылжан Юлдашев пенен иркинишсиз саўыўға үлгерип жүр. Алдағы ўақытлары жасалма ҳасылландырыўды жол­ға қойыў арқалы нәсилшиликти раўажландырып, халыққа ҳасыл туқымлы маллар сатыў нийетимиз бар.

Рацион бойынша үш мезгил берилетуғын азық бирлигинен тамағы тоқ. Мал қыслатыў мапазына жетерли муғдарда жуғымлы жем, бийдай ҳәм салы сабанын майдалап, жарма қайнатып бериўди жолға қойғанымыз жақсы нәтийже бермекте.

26,6 гектар жеримизге от-жемлик егинлер егип, салы, овощ-палыздан мол өним жетистирсек, базарларда саўда-сатықты жолға қойып, банктен алған өсимли қарызымызды өтеп барамыз. Киши машина-трактор паркимизде өзлеримизге жетерли механизм ҳәм әсбап-үскенелерге ийемиз.

Жақында тез өсип жетилисетуғын қырғызлардың «Едилбай» деп ат кешкен ҳасыл туқымлы қойынан 50 басын Наманган ўәлаятынан сатып әкелдик. Узын бел, жылына қысыр қалмай, егиз-егизден қозылайтуғын қойлардың салмағы орташа 60-70 килограммнан туўра келеди. Жылына гүзем ҳәм жабағы жүнлерин қырқып алыўдан қанша пайда көретуғынымыз есапқа алынды.

Фермер хожалығымызда 8 адам жумыс ислейди. Жоқарыда тилге алғанымыздай, аўыллық жерде жасаса да дийқан, шарўаның ўақыт пенен есапласпай ислейтуғын машақатлы мийнетлеринен қашып, жәмийетке пайдалы жумыс пенен айланысқысы келмейтуғын аўыл жасларының «жумыссызбан» деп айтқанларына уялып кетемен. Ата-бабаларымыз тамағың тоқ, абадан турмыста жасағың келсе бул бийминнет, берекетли кәсипке айрықша ықлас қойып, ҳадал мийнет етсең ғана сый-ҳүрметке бөленетуғыныңды жүдә дурыс айтқан, - деген хожалық баслығы Махмуд Юсуповтың ужыбатлы пикирлерине толық қосылдық...

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Шоманай районы.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: 1.Сүт саўыў агрегатын иске қосқан Рая Кенжебаева ҳәм жәрдемшиси Қабылжан Юлдашевлар.

2.Хожалық баслығы Махмуд Юсупов пенен падашы Амантай Рейповлар өз-ара мәсләҳәтлесип атыр.

Автордың түсирген сүўретлери.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF