Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:56:02, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«СOVID-19»: СЫНАЛҒАН ҲӘМ СЫНАЛАТУҒЫН ВАКЦИНА

Пайтахтымыздағы «Массагет» мийманханасының мәжилислер залында ЮНИ­СЕФ шөлкеми тәрепинен Өзбекстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети, Жер жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм Журналистлерди қайта таярлаў орайы менен биргеликте өткерилген семинар-тренингте «СOVID-19»  пандемиясы ҳәм коронавирусқа қарсы емлеў ҳаққында адамлар арасындағы ҳәр қыйлы түсиниклер, аңызлар ҳәм тийкарсыз мағлыўмат­ларға қарсы гүресиў мәселелери сөз болды. Илажға қарақалпақстанлы ҳәм Хорезм ўәлая­тының ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен социаллық тармақларда хызмет етип атыр­ған журналист ҳәм блогерлер қатнасты.

Тренинг журналист ҳәм блогерлердиң вакцинация ҳәм оның инсан саламатлығына  унамлы тәсири, “ХҚда «СOVID-19» темасының сәўлелениўи, ҳәзирги күнде иммунизация ҳәм коронавирусқа қарсы вакцина ҳаққында пуқаралар арасында тарқалып атырған надурыс пикирлер, Жер жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен берилген сертификатқа ийе болған вакциналар, олардың инсан организмине тәсири ҳақ­қында мағлыўматлар бо­йынша билим ҳәм түсиниклерин арттырыўға бағдарланды.

­ Мәлим болғанындай, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери жәмийетимизде адамлардың көзқарасын қәлиплестириўде үлкен күшке ийе. Сонлықтан, мәмлекетимизде «СOVID-19»ға қарсы емлеў процесин басламастан алдын таярлық жумыслары сыпатында журналистлерди бул бойынша анық мағлыўматлар менен тәмийинлеўге ҳәрекет етемиз, -дейди ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасы баслығы Мунир Мамедзаде бизге берилген мағлыўматта.

Бул илаж Вакциналар ҳәм иммунизация бойынша глобал альянс ҳәм Азия Раўажланыў банкиниң қаржылай қоллап-қуўатлаўы жәрдеминде өткерилмекте. Тренинг «СOVID-19»ға қарсы емлеў бойынша исенимли мағлыўматларды усыныў арқалы халықтың хабардарлығын арттырыў бойынша илажлардың бир бөлеги есапланады.

Өзбекстан Журналистлерди қайта таярлаў орайының тренери, филология илимлериниң кандидаты, доцент Наргис Қосимова «СOVID-19»дың ғалаба хабар қуралларында сәўлелениўи ҳәм теманы сәўлелендириўде этика нормаларына тоқтады. Және де иммунизация бағдарламасын әмелге асырыўдағы жаңалықлар менен таныстырып, халық арасындағы түсинбеўшиликлерди сапластырыў бойынша қатнасыўшыларды топарларға бөлип, әмелий шынығыўлар алып барды. Онда вакцинацияның әҳмийети, емлеў бойынша ата-аналар, шаңарақлар санасына сиңип қалған айырым стереотиплерди бузыўға бағдарланған темалар пикир-алысыўлар орайында болды.

Семинарда Өзбекстан Журналистлерди қайта таярлаў орайынан Анора Содиқова, Өзбекстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызметинен Вазира Муталова ҳәм Насиба Тоировалар «СOVID-19»  ҳәм оған қарсы вакцина бойынша халық арасында ҳәр қыйлы унамсыз түсиниклердиң бар екенлиги, вакцина қала­йынша ислетилиўи, емлеў қандай тәризде өткерилиўи ҳаққында анық ҳәм илимий жақтан тийкарланған мағлыўматлар берип, емлеў процесин ғалаба хабар қуралларында кеңирек сәўлелендириў ҳәм үгит-нәсиятты еле де күшейтиў зәрүрлиги ҳаққында қатнасыўшыларға өз презента­цияларын усынды. 

  ­ Миллий иммунизация календарына муўапық, жақын күнлерде жаңа вакцина енгизилиўи нәзерде тутылмақта. COVAX программасы шеңберинде Өзбекстанда AstraZenaca вакцинасының басланғыш 2,640,000 дозасы жеткерип бериледи. Усы вакцина менен мәмлекет тәрепинен бийпул емлеў режелестирилмекте.

Пүткил мәмлекетимиз бойлап емлеў процесин әмелге асырыў бойынша таярлық жумыслары әлле қашан басланған. Атап айтсақ, вакциналар транспортировкасы ҳәм оларды сақлаў ушын «суўық шынжыр» ислеп шығылған.

 Биринши басқышта республикамызда 4 миллионнан аслам пуқараларды емлеў режелестирилген. Дәслеп 65 жастан 84 жасқа шекемги пуқаралар, узақ өмир көриўшилер, созылмалы кеселлиги барлар, медицина хызметкерлери, улыўма билим бериў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери, қураллы күшлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери емлениўи нәзерде тутылған.

Ҳәзирги күнде республикамыз бойынша 3138 емлеў пункти таяр ҳалға келтирилип, 862 емлеў бригадасы шөлкемлестирилди. Емлеў процесин әмелге асырыўда қатнасыўшы тараў қәнигелери қәўипсиз емлеў бойынша қосымша кәсиплик таярлықтан өтеди. Олар арасында вакцинаторлар, улыўма әмелият шыпакерлери, иммунологлар, эпидемиологлар, реаниматологлар, инфекционистлер менен патронаж мийирбийкелери  бар. Миллий емлеўди шөлкемлестириў бойынша бизнес жойбарларын мәлимлеме системасына (мағлыўматлар базасына) киргизиў нәзерде тутылмақта,-дейди Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәми­йет саламатлығы хызметиниң бөлим баслығы В.Муталова.

Усындай биргеликтеги илажлар мәмлекетимизде инсан саламатлығын беккемлеўде, өткир жуқпалы кеселликлерге қарсы гүресиў жумысларының нәтийжелилигин арттырыўда және бир әҳмийетли қәдем болып хызмет етери анық.

 

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы

хабаршымыз.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF