«ТЕМУРБЕКЛЕР МЕКТЕБИ» ӘСКЕРИЙ — АКАДЕМИЯЛЫҚ ЛИЦЕЙИ АШЫЛДЫ
Усы жыл 1-март күни Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейи жаңа имаратының ашылыў салтанаты болып өтти.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, генерал-майор Б.Мирзарахимов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имараттың ашылыўы менен қутлықлады.
Буннан кейин усы әскерий-академиялық лицейдиң оқыўшылары А. Генжемуратов, Э.Бахтияров, ата-аналар атынан М.Халимбетова жасларға жаратып берилип атырған имканиятлар ушын Президентимизге өзлериниң терең миннетдаршылығын билдирди.
Атап өтилгениндей, бүгинги күни республикамызда жасларды әскерий Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери системасындағы руўхый-ағартыўшылық ислердиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша қабыл етилген Концепцияны әмелге асырыў шеңберинде ҳәр тәреплеме раўажланған, билимли, халқына, Ўатанына садық хызмет ете алатуғын жасларды тәрбиялаў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 28-июньдеги «Жас өспиримлерди әскерий Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў және Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери ҳәм мәмлекетлик хызмет ушын кадрлар резервин таярлаў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, оның тийкарында Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Миллий гвардия қурамына принципиал жаңа түрдеги «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейлери бекитилип берилди.
Соның ишинде Нөкис қаласындағы «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейи Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигине бириктирилип, оқыў орны 2020-2021-оқыў жылынан баслап шөлкемлестирилди.
Бул әскерий-академиялық лицейди шөлкемлестириўдиң тийкарғы мақсети — оқыўшы-жасларды халқымыздың руўхый қәдириятларына, мәденияты, үрп-әдет, дәстүрлерине терең ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, оларда Ўатансүйиўшилик, садықлық, пидәкерлик сыяқлы сезимлерди қәлиплестириў, сондай-ақ, халқымыздың бай тарийхы, уллы бабаларымыз, ең дәслеп Әмир Темур бабамыздың бийбаҳа мийрасы, Ўатан азатлығы ҳәм абаданлығы жолында өз жанларын пидә еткен ўатанласларымыздың қаҳарманлықлары тийкарында, халқымызға садық, турмыслық көзқарас ҳәм белсенди пуқаралық позициясына ийе жасларды тәрбиялаўдан ибарат.
Бүгинги күни оқыў орнының қурылыс-оңлаў жумыслары жуўмақланып, бул жумыслар ушын мәмлекет бюджетинен 30 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылды. Қурылыс-оңлаў жумыслары «Үй-жай қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен әмелге асырылып, қысқа ўақыттың ишинде заманагөй талапқа жуўап беретуғын оқыў орны оқыўшылардың ықтыярына тапсырылмақта.
Академиялық лицей 200 орынға мөлшерленген болып, бул жерде оқыўшы-жаслардың терең билим алыўы ушын барлық қолайлы шараят жаратылған. 2020-2021-оқыў жылы ушын академиялық лицейге республикамыздың барлық аймақларынан дәслепки, әскерий-кәсиплик ҳәм жуўмақлаўшы тест сынақларынан табыслы өткен 100 оқыўшы қабыл етилди.
Атап өтиў керек, академиялық лицейдиң материаллық-техникалық базасы ең соңғы заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм техникалар менен тәмийинленген болып, бул жасларымызды келешекте заман талабына сай билим алыўы, бабамыз Әмир Темур айтқанындай, «Нызам үстин болған жерде еркинлик болады» деген бийбаҳа пикирлери негизинде халқымыздың тынышлығы ҳәм мәмлекетимиздиң қәўипсизлигин тәмийинлеў, пуқараларымыздың ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша дәслепки билим және көнликпелерге ийе болады. Бул академиялық лицейдиң Президентимиз тәрепинен жәрияланған «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда пайдаланыўға тапсырылып атырғаны менен де әҳмийетли.
Илажда оқыўшылар салтанатлы ант қабыл етти.
Арқа-Батыс әскерий округи ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкерлериниң көргизбели шығыўлары жыйналғанларда умытылмас тәсир қалдырды. Илаж қатнасыўшыларына республикамыз көркем-өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.
— Бүгинги заманның жасларын ең бахытлы деп атасақ асыра айтқан болмаймыз,-дейди Әмиўдәрья районынан Малоҳат Халимбетова. — Себеби, олардың заманагөй тәлим-тәрбия алыўы менен кәсип-өнер ийелеўи ушын барлық шараят жаратылған. Мениң балам Дәўран кишкенелигинен әскерий хызметкер болыўды әрман ететуғын еди. Оның әрманы иске асып, академиялық лицейге қабыл етилди. Буннан жүдә миннетдарман...
Илаж қатнасыўшылары академиялық лицейде оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.