ХАЛЫҚТЫҢ ТУРМЫС ШАРАЯТЫН ЖАҚСЫЛАЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ КӨРИП ШЫҒЫЛДЫ
Усы жыл 25-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Президентимиздиң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарынан келип шығатуғын ўазыйпалар, шараяты аўыр болған 45 пуқаралар жыйынында халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў ҳәм аймақларды абаданластырыў бойынша белгиленген тапсырмаларды әмелге асырыўға бағышланған оқыў-семинары болып өтти.
Видеоконференция тәризинде өткен илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳүкимет ўәкиллери, секторлардың ҳәм тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Семинарды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов басқарып барды.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитетиниң баслығы Б.Алиханов, усы комитет баслығының орынбасары Б.Мәтмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы А.Данияров, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов ҳәм басқалар, елимиз басшысының жоқарыда атап өтилген қарары Аралбойының экономикалық потенциалын раўажландырыў менен бир қатарда қала ҳәм районлардың, пуқаралар жыйынларының келбетин түп-тийкарынан өзгертиў, халқымыздың социаллық машқалаларын шешиў, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыўда айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.
Усы қарар менен шараяты аўыр 45 пуқаралар жыйынында халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды абаданластырыўға қаратылған 20 ға шамалас бағдар бойынша илажлар белгиленген. Оларды әмелге асырыў ушын жәми 3 триллион сумға шамалас қаржы ажыратылған болып, бул пуқаралар жыйынларында 437 объект бойынша жумыс алып барыў режелестирилген.
Атап айтқанда, 12 район орайында «Мәҳәлле орайлары» комплекслерин қурыў ҳәм реконструкциялаў, 157 мәкан ҳәм аўыл ҳәкимшилик комплекслерин қурыў, шараяты аўыр пуқаралар жыйынларында турақ жай қурылысы, жол, электер энергия, тәбийғый газ, ишимлик суў тәмийнаты, мәлимлеме-технологияларын раўажландырыў, социаллық тараў объектлерин қурыў, абаданластырыў, исбилерменликти жедел раўажландырыў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў мақсыетинде усы аймақларда санаат, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў сыяқлы бағдарлар қамтып алынған. Бүгинги күни айырым пуқаралар жыйынларында жолларға тас төсеў, көпирлерди оңлаў, сондай-ақ, газ, электр энергия, ыссылық тәмийнатын жақсылаў, трансформаторларды оңлаў ҳәм жаңадан орнатыў, сым ағашларды бетон столбаларға алмастырыў, электр, ишимлик суўы тармақларын тартыў жумыслары әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» енгизилип, шараяты аўыр пуқаралар жыйынларында жасаўшы халықты, әсиресе, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў, олардың дәраматын арттырыў арқалы шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў бағдарында әмелий жумыслар баслап жиберилди.
Илажда Президентимиздиң Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятларына сапары ўақтында айырым машқалалы мәҳәллелерге барып, ол жердеги кемшиликлерге итибар қаратқаны, айырым жуўапкер басшылардың бийпәрўалығы туўралы сөз етилип, бундай машқалалар бизиң аймағымыздағы пуқаралар жыйынларында да бар екенлиги атап өтилди ҳәм оларды сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Елимиздиң басшысы тәрепинен атап өтилип атырған жаңа системаны әмелиятқа енгизиў, яғный ҳәр бир алып барылып атырған жумысларды, реформалардың «мәҳәлле кесими»нде шөлкемлестирилиўин тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, бул процессте қабыл етилип атырған қарарлардың орынланыўын тәмийинлеўде парламентлик қадағалаўды күшейтиў, орынларда социаллық-экономикалық жағдайы аўыр аймақларға бириктирилген халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң депутатларының белсендилигин арттырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы