Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:46:57, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗ ҚӘЎИПСИЗЛИГИҢ ӨЗИҢЕ ПАЙДА

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен өрт қәўипсизлигиниң алдын алыў бойынша өткен 2020-жылы әмелге асырылған жумыслардың жуўмағына бағышланған баспасөз әнжуманы өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының жуўапкер қәнигелери менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер қатнасты. Онда республикамыз бойлап жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыўға қаратылған илажлар бойынша әнжуман қатнасыўшыларына түсиниклер берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығы, подполковник Азамат Давлетовтың мағлыўмат бериўинше, өткен 2020-жыл даўамында республика аймағында 633 өрт пайда болып, алдынғы 2019-жылға салыстырғанда 11,5 процентке кемейген. Жүзеге келген өртлер нәтийжесинде 4 пуқара өмирден көз жумып, 5 пуқара өрттен күйиў ҳәм 2 пуқара өрттиң түтининен зәҳәрленип, дене жарақатын алған. Өртлер нәтийжесинде 6 миллиард 342 миллион 971 мың сумлық материаллық зыян көрилген.

Пайда болған өртлердиң келип шығыў себеплерин талқылып қарайтуғын болсақ, қасттан от қойыў ҳәм өз-өзине от қойыўы, электр қурылмаларынан пайдаланыў ҳәм дүзилиў қағыйдаларының бузылыўы, ысытыў қазанларын қурыў ҳәм ислетиў қағыйдаларының бузылыўы, ашық жалыннан пайдаланыўда итибарсызлық, балалардың жалын менен ойнаўы, транспорт қуралларынан пайдаланыўда техникалық насазлықлар, технологиялық ҳәдийселер нәтийжесинде келип шыққанлығы мәлим етилди.

Ал, өрт пайда болған объектлерге тоқталсақ, ислеп шығарыў цехларында 10, қоймаханаларда 5, саўда-сатық кәрханаларында 6, аўыл хожалығы ушын белгиленген имаратларында 4, өрт объекти ҳәм қурылмаларында 2, ашық сақланатуғын аўыл хожалығы мүлклеринде 64, транспорт қуралларында 40 өрт пайда болған.

Ҳақыйқатында да, қыс мәўсиминде, яғный ҳаўа райы кескин суўытқанда халық арасында ысытыў үскенелеринен пайдаланыў сезилерли дәрежеде артады. Мине, усы жағдайды ити­барға алатуғын болсақ, баспасөз әнжуманында көтерилген мәселе бүгинги күнде қаншелли әҳмийетли екенлиги, өз ўақтында халыққа қәўипсизлик қағыйдаларын жеткериў ҳәм сергекликке шақырыў тийис.

Мәўсим алдынан қәнигелеримиз тәрепинен орынларда бир қатар әмелий илажлар әмелге асырылып келинбекте. Атап айтқанда, стандарт ҳәм қәўипсизлик талапларына жуўап бермейтуғын ысытыў үскенелериниң кең тарқалыўының алдын алыў мақсетинде өткерилген үйрениў жумысларында бир қанша жағдайлар анықланып, өз ўақтында сапластырылды...

Негизинде пуқаралар өзлериниң қәўипсизлиги ушын өзлери жуўапкер. Айрықша жағдайлар хызметиниң сүрени болса ­­ «Өз ўақтында ескертиў, қутқарыў ҳәм жәрдем бериў».

Илажда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер пуқаралардың, әсиресе, балалардың суўға шөгиў жағдайлары, турақ жайлар әтирапындағы өз басымшалық ҳәм нызамсыз қурылмалар, пиядалар жолының тосылыўы ҳәм усы сыяқлы әҳмийетли  мәселелер бойынша өзлерин қызықтырған сораўларын берди.

Илаж қатнасыўшылары заманагөй өрт өшириў техникаларының көргизбеси менен танысты.

Әнжуман өзине тән жанлы түрде болып өтти ҳәм журналистлер өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўаплар алды.

 

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы

хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF