Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:23:40, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАС МАҚСЕТИМИЗ — ҚӘБИЛЕТЛИ ҚӘНИГЕЛЕРДИ ТАЯРЛАЎ

Спорт — өзине жараса қурамалы ҳәм машақатлы тараў. Келешекте жетик атлет болыўды әрман еткен жаслар, биринши гезекте мийнеткеш, сабыр-тақатлы болыў менен бирге, ең әўеле, қыйыншылықлардан шоршымаўы, шыдаўы керек.

Себеби, жалқаў, ериншекликке мейилли адам спортта «па­йын туўрай» алмайды. Жоқарыда атап өткенимиздей, Азия ҳәм жәҳән чемпионаты, Олимпиада ойынларында жеңимпаз болыў қыйыншылықларға төтепки берген санаўлы спортшыларға несип етеди.

Мақтанышлы тәрепи, ғәрезсизлигине ерисип, Жәҳәнниң спорт ареналарына жол алған Өзбекстанның спортшылары бундай бәйгилерде «Бас сыйлық» ты елимизге алып келип атырғаны спорттың қәддин тиклегенин дәлиллейди.

Гәптиң тоқ етерин айтқанда, елимизде жасларды жоқары интеллектуал қәбилет ийелери етип тәрбиялаў менен бирге, физикалық шынықтырыў жолында ғалабалық спортты раўажландырыўға ийгиликли қәдемлер тасланбақта. Ҳақыйқатына келгенде, халықаралық дәрежедеги бир спортшыны таярлаў ушын, тренерден тәжирийбе, шеберлик ҳәм жыллар талап етиледи. «Шымшық сойсада, қассап сойсын» деген гәп халқымыз тәрепинен бийкарға айтылмаған. Сонлықтан да, заман талабына сай қәнигелерди таярлаўды жетилистириў мақсетинде, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 13-ноябрь күнги «Өзбекстан мәмлекетлик Дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып шөлкемлестирилди. Биз, бүгинги күнде филиалда, болажақ қәнигелерди таярлаўда исленип атырған жумыслар, студентлер ушын жаратылған шараятлар, қолға киргизилип атырған табыслар бойынша филиал директоры, тарийх илимлериниң кандидаты Байрам Мамбетов пенен сәўбетлескен едик.

— Бизиң филиалымыз, тийкарынан Республикамыздағы билимлендириў мәкемелерине қәнигели тренерлер таярлаўды өз алдына мақсет етип қойған. Филиалымыз шөлкемлестирилген, дәслепки 2018-2019-оқыў жылында 7 қәнигелик бойынша жәми 50 студент оқыўға қабылланды. Ал, 2019-2020-оқыў жылында филиалға 8 қәнигелик бойынша бакалавр жөнелисине жәми 117 студент оқыўға қабылланды.

Атап айтқанда, бүгинги күнде филиалымызда волейбол, баскетбол, футбол, гүрес, бокс, жүзиў, ескек есиў, көркем гимнастика, дзюдо, еркин гүрес, мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлимде дене тәрбиясы ҳәм спорт, спорт психологиясы қәнигеликлеринде студент-жасларымыз билим сырларын терең үйренбекте.

Сондай-ақ, 2019-2020-оқыў жылынан баслап филиалымызда сыртқы ҳәм арнаўлы сыртқы бөлимлер ашылып жәми 97  студент оқыўға қабылланды. Ҳәзирги ўақытта, бул студентлер 2-курста тәлим алмақта.

2019-2020-оқыў жылынан баслап филиалда 1 факультет (Спорт түрлери факультети) ашылып ҳәзирги ўақытта жумыс алып бармақта.

2020-2021-оқыў жылында күндизги бакалавр жөнелисине 12 қәнигелик бойынша жәми 306 студент  оқыўға қабылланды. Жаңа оқыў жылында гүрес, футбол, жүзиў ҳәм бокс қәнигеликлери бо­йынша студентлерди қабыллаў жолға қойылды.

Сыртқы ҳәм арнаўлы сыртқы жөнелислери бо­йынша жәми 165 студент оқыўға қабылланды.

Ҳәзирги ўақытта филиалда 50ге жақын профессор-оқытыўшылар,  студентлерге заман талабына сай билим берип атыр.

— Спорт тараўында бәрибир керекли спорт залларысыз, стадионларысыз, табысқа ерисиўдиң ҳеш илажы жоқ. Солай екен, студентлердиң теориялық билимлерин, әмелиятта толықтырып барыўы ушын спорт заллары, стадионлар, жуўырыў майданшалары, инвентарь ҳәм көргизбели қураллары менен тәмийинлениў жағдайы қандай?

— Филиалымыздың 540 орынлық оқыў имараты болып, пайтахтымызда жайласқан Туран спорт комплексинде 24х12 өлшемдеги 2 спорт зал, жасалма қапламалы 106х69 метрли футбол майданы, 400 метрли жасалма резина қапламалы 8 жуўырыў майданшалары бар.

Буннан тысқары, филиал жәми 35 түрдеги 90 ға жақын инвентарь ҳәм басқа да техникалық ҳәм көргизбели қураллар менен тәмийинленген. Бул дегени, студентлеримиздиң билим алыў менен шекленип қалмай, спорт пенен шуғылланыўына толық мүмкиншиликлер жаратылған.

Сондай-ақ, филиалда  спорт түрлери бойынша оқыў бағдарламалары ҳәм оқыў-методикалық әдебиятларын жаратыў ҳәм таярлаў мақсетинде оқыў әдебиятларды сырт ел мәмлекетлериниң жетекши жоқары оқыў орынлары пайдаланып киятырған әдебиятлардың мазмун ҳәм мәнисин үйренген ҳалда филиалда заманагөй оқыў-методикалық ҳәм илимий әдебиятлар менен тәмийинлеў, ең жаңа сырт ел әдебиятларын алыў ҳәм аўдармалаў негизинде мәлимлеме-ресурс орайы фондын турақлы жаңалап барыў мақсетинде әде­биятларды қарақалпақ тилине аўдармалаў жолға қо­йылған.

Негизинде, Университет филиалында спорт тараўының қәнигелери таярланады. Деген менен, ҳәр дәўирде де, қәнигелигине қарамастан әдебий-көркем яки илимий китапларды оқыў пайдасын берсе де, зыянын тийгизбеген. Бүгинги күнге келип, баладан тап кексе әўладқа шекем уялы телефондағы интернет, социаллық тармақларды  өзине дос тутынғанын жасырыўдың кереги жоқ десек алжаспаймыз. Студентлердиң газета-журнал, китап оқыўлары ушын қандай шараятлар жаратылғанына да қыс­қаша тоқтап өтсеңиз?

— Оғада орынлы сораў. Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы  ҳәм спорт  университети Нөкис филиалының  Мәлимлеме- ресурс  орайы 2019-жыл май айында  ашылды. Мәлимлеме-ресурс ора­йына 2 хана ажыратылған  болып оқыўшылардың китап  оқыўына  керекли  имканиятлар  жаратылып, китапқумарлар  дөгереги  шөлкемлестирилген. Мә­лим­леме-ресурс  орайы улыўма китап фонды  —3455 нусқадан ибарат болып, соннан сабақлық ҳәм оқыў қолланбалар
саны — 2081,  әдебий китаплар 632, басқа түрдеги әдебиятлар 742  ибарат.

httpp://t.me/el_bibl_UzDJTSU_NF  сайты арқалы зәрүр әдебиятлар студентлердиң талапларына қарап  онлайн жеткерилмекте.  Китапханашылар ҳәм студентлер тәрепинен  аудио түринде жазыўшы шайырлардың гүрриңлер, повестьлери қосықлары оқып берилмекте. Жыл даўамында «Китап адамға, ең садық, ең дана , ең дилўар дос», «Жақсы китап оқығаның, жақсы досқа ушырағаның», «Тарийхымсаң,тәғдиримсең, келешегимсең, ана тилим!» атамасында белгили сәнелерге китап көргизбелери турақлы шөлкемлестирилип барылмақта.

Сондай-ақ, «Жас китапханлар», «Reading club» клублары шөлкемлестирилген болып, оларға студент-жаслар қамтып алын­ған.

— Жасыратуғыны жоқ, соңғы жыллары елимиздеги Жоқары оқыў орынлары, шет ел оқыў орынлары менен тығыз бирге ислесиўди дәстүрге айландырып атыр. Алдынғы дәўирдеги  «өз қабығына оралып жасаў» сиясатынан ўаз кешиў, пүткиллей жаңаша ислеўге шарлап атырғандай сезиледи. Бул бағдарда филиалда қандай жаңалықлар бар?

— Заманға сай қәдем таслаў нийетинде, қала берди, Қарақалпақстанда дене тәрбия ҳәм спорт тараўында илимий-педагогикалық бирге ислесиўди еле де раўажландырыў мақсетинде республика ҳәм шет еллердиң жетекши жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў шәртнамалары дүзилди. Атап айтқанда, Беларус Республикасының Полесс мәмлекетлик университети, Қазақстан Республикасының Кайнар акаде­миясы ҳәм Хожа Ахмед Яссаўий атындағы халық­аралық қазақ-түрк университети менен бирге ислесиў шәртнамалары дүзилди. Хожа Ахмед Яссаўий атындағы халықаралық қазақ-түрк университети ҳәм филиал арасында 2020-жылдың 15-январь күни қол қойылған меморандум тийкарында шет ел қәнигелери — педагогика илимлериниң доктори, профессор Ш.Оразов ҳәм доцент С.Акназаровлар филиал тәлим-тәрбия процесине қамтылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 7-февральдағы 56-ф-санлы бийлигине тийкар филиалда 2020-жылдың 20-май күни «Дене тәрбиясы ҳәм спортты ғалабалық раўажландырыў перспективалары: маш­қала ҳәм шешимлер» атамасында республикалық илимий-әмелий конференция өткерилди. Усы конференцияға республикамыздағы жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий шөлкемлерден алым-илимпазлар, дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўы қәнигелери, шет ел қәнигелери қатнасты.

Қысқа ўақыт ишинде филиал профессор-оқытыўшылар тәрепинен  Scopus, Web of Science яки басқа индексацияланған мағлыўматлар базалары басылымларында 5 мақаласы, 6 оқыў-методикалық қолланба басып шығарылды. Сондай-ақ, 2020-жылдан баслап «Дене тәрбиясы ҳәм спорт хабаршысы» илимий-методикалық журналы шөлкемлестирилди. Студент-жасларды илимге тартыў мақсетинде «Спортта инновация» илимий клубы ислеп тур. Клубқа ағза студентлердиң илимий-изертлеў темалары белгиленип, илимий басшылары менен биргеликте конференцияларға тезислери менен қатнасып келмекте. Сондай-ақ, зийрек студентлеримиз стартап жойбарлары менен де көргизбелерде қатнасып атыр.

Филиалдың тырнағы қаланған қысқа дәўир аралығында, студентлериңиз арасынан Өзбекстан ҳәм Азия чемпионатларында, халықаралық турнирлерде жарқ етип көзге түскенлери болды ма?

Бизиң филиалымызда келешегинен үмит күттиретуғын жасларымыз баршылық. 2019-жылдың 13-15-сентябрь күнлери Ҳиндистанның Нью-Дели қаласында спорттың самбо түри бойынша болып өткен Азия чемпионатында Аман Ғаниев барлық қарсыласларының жаўырнын жерге тийгизип чемпион болды. З. Баймуратова ҳәм Н.Шакировалар  спорттың көркем гимнастика түри бойынша халық­аралық турнирде 2-орынды, И.Юлдаев  спорт­тың таэквондо түри бойынша Бирлескен Араб Әмирликлериниң Фужира қаласында болып өткен халықаралық турнирде 3-орынды ийеледи. Сондай-ақ, филиал студентлери О.Шарашенидзе, Д.Фархадов, А.Кдырниязов  спорттың баскетбол түри бо­йынша, Е.Сарсенбаев  спорттың дзюдо түри бо­йынша Өзбекстан сайланды команда ағзалары есапланады. Келешекте олардың Жәҳән, Азия чем­пионатларында табыслы қатнасатуғынлығына исенемиз.

Филиалымыз студентлери Универсиада ойынларында да жақсы нәтийжелерди көрсетип, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.

— Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет!

СӘЎБЕТЛЕСКЕН:

Қонысбай РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: Б.Мамбетов.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF