МҮРӘЖАТЛАР ОРТАҒА ТАСЛАНДЫ ШЕШИМИ БОЙЫНША АНЫҚ ҲӘМ АЙҚЫН ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ
Усы жылдың 11-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен министрликтиң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги басшылары қатнасыўында халықтың саламатлығын қорғаў, атап айтқанда, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасы, бүгинги жағдайы ҳәм тараўдағы басқа да мәселелерге бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги басшылары, журналистлер ҳәм блогерлер қатнасты.
Тараў басшысы М.Қурбанов ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўды раўажландырыў, атап айтқанда, халықтың саламатлығын беккемлеў, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў бойынша 2020-жылда тараўда әмелге асырылған ҳәм келешекте ислениўи тийис жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Соның менен бирге, өткерилип атырған бул баспасөз әнжуманы ҳәзирги күнде ең тийкарғы ҳәм әҳмийетли есапланған, өмиримиздиң ҳәр бир күнинде саламатлығымызды қорғаў менен тиккелей байланыслы болған сапалы медициналық хызметтен пайдаланыў мәселелерине бағышланғанлығын айтып өтти.
Атап өтилгениндей, тараўда қәнигелердиң жетиспеўшилиги машқаласы, әсиресе, районлардағы аўыллық шыпакерлик пунктлерин қәнигели шыпакерлер менен тәмийинлеў мәселеси елеге шекем шешилмей атыр. Айырым медицина мәкемелери хызметкерлериниң пуқараларға медициналық хызмет көрсетиўде коррупция жағдайлары ушыраспақта. Жеке меншик дәриханаларда дәри-дәрмақ баҳаларының тийкарсыз қымбатлаўы да машқалаларды келтирип шығармақта. Әсиресе, ең аянышлы тәрепи, туўыў үйлеринде аналар ҳәм нәрестелер саламатлығы менен байланыслы машқалалы жағдайлар да ушырасып атырғанлығын айрықша атап өтти.
Бул баспасөз әнжуманында көтерилген мәселелер барлық медицина хызметкерлерине үлкен жуўапкершилик жүклейди. Мине, усыннан келип шығып, халық пенен еле де нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў, турмыслық талапларын жақыннан билиў, яғный, республикамызда көрсетилип атырған кепилленген ҳәм басқа медициналық хызмет түрлери бойынша шешилмеген машқала, арза, шағым ямаса усынысларын үйренип шығып, оларға өз ўақтында шешим табыў мақсетинде министрликтиң «Исеним телефоны» халық хызметинде. Сондай-ақ, пуқаралар Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң @qrdssm1bot рәсмий телеграмм каналы арқалы да туўрыдан-туўры мүрәжат етиўине болады.
Пикир-таласлар тәризинде өткен баспасөз әнжуманында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери тәрепинен медициналық тексериўлерден өтиў, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў, тез жәрдем машиналарының қыстаўлы шақырықларға кешигип келиў ҳалатлары, онкологиялық ҳәм қантлы диабет кеселлигиниң диагнозы қойылған пуқараларға көрсетилип атырған мәмлекет тәрепинен кепилленген бийпул медициналық хызмет сапасының қанаатланарлы дәрежеде емеслиги, бул кеселликлерге, әсиресе, халықтың кем тәмийинленген қатламына бийпул медициналық хызметлердиң оғада зәрүрлиги, шыпакерлер тәрепинен қосымша көплеген дәрилердиң жазып берилиўи, емлеўханалардағы төлемли хызметке болған пуқаралардың наразылығы, жеңилликли тайпадағы пуқаралар ушын жоллама (ордер) алыўдағы сергизданлықлар, жәмийетимизде өзлерин тәўип деп адамларды исендирип, ҳәр қыйлы емлеў усылларын қолланып атырған пуқаралардың ис-ҳәрекетлери, орта буўын медицина хызметкерлериниң жумысқа орналасыўындағы машқалалар, соңғы жыллары медицина тараўы бойынша илимий потенциалдың төменлиги, коронавирус пандемиясына байланыслы айырым медицина хызметкерлери өзлерине тийисли хошаметлеў пулларын елеге шекем ала алмай атырғанлығы, емлеўханаларда пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў дыққаттан шетте қалып атырғанлығы қатаң сынға алынып, сораўлар турмыслық мысаллар менен берилди.
Денсаўлықты сақлаў министри тараўдағы усы сыяқлы басқа да машқалаларды тиккелей өзи қадағалаўға алыўын айтып, ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин бул бағдарда бирге ислесиўге шақырды.
Министр тәрепинен берилген жуўаплардың ең тийкарғысын негизинде ҳәр бир адамның өзи биринши гезекте медициналық мәдениятқа ийе болыўы, өзиниң пуқаралық ҳуқықын талап ете билиўи, ҳәр қандай кеселликти емлегеннен оның алдын алыў әмеллерине қатаң бойсыныўы тийис екенлиги атап өтилди.
Еркин пикирлесиў түринде өткен баспасөз әнжуманында журналист ҳәм блогерлер өзлерин қызықтырған сораўларына қанаатланарлы жуўапларын алып, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын еле де жақсылаў бойынша билдирилген пикир ҳәм усыныслар алдағы ўақытта өз шешимин табатуғынлығына исеним пайда етти.
Гүлнара ЖҮГИНИСОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТTЕ: Баспасөз әнжуманынан көринис.