МОЙНАҚ: ПАЙДАЛЫ ТАРАЎҒА АЙЛАНҒАН ҚУСШЫЛЫҚ...
Үш жыл бурын, Арал теңизиниң кеўип қалған ултанын тоғайзарлыққа айландырыў бойынша шешиўши ҳәрекетлер басланғанда түрли кәсип ийелери қатары, Мойнақта қусшылықты раўажландырыў ушын бахтымды сынап көрмекши болдым, - дейди бүгинги күнге шекем райондағы 150ден аслам ҳаял-қызларды жумыслы еткен шымбайлы исбилермен жигит Дәўран Байнекеев.
Аўыл баласы болғаным ушын қара мийнетке шынығып, ҳәр қандай истиң көзин билип ҳәрекет етиўге тырысар едим. Шымбай социал-экономикалық колледжин питкергенде боян тамыр фирмасының ис жүргизиўши ўазыйпасын тапсырды. Ташкент Аграр университети Нөкис филиалының аўыл хожалығы өнимлерин дәслепки қайта ислеў ҳәм сақлаў технологиялары факультетинде оқып жүргенимде устазларым менен бирликте хош ийисли жамбылшадан сок ислеп шығарыўды жолға қойдық. Үшинши курстан баслап Халық демократиялық партиясының волонтёры сыпатында жаслар менен бирге ислесип, түрли темаларда семинар-тренинглер өткергенимиз көп оқып, излениўлериме себепши болды. Маңғытлы исбилермен, устазым сыпатында тән алатуғын Баҳадыр Сапартаев пенен қусшылықта бирге ислесиўди баслап, «Бройлер-пост 300» гөш жетистириў бағдарындағы туқымының бир күнлик мың бас шөжесин инкубациясынан алып, бир ай мүддет ишинде 1-1,5 килограмм салмақта семиртип сатыў ушын банк аз өсимдеги 25 миллион сумлық кредит берди. Шөжени Самарқандтан алып келген жуғымлы таўық жеми менен семиртип, базарға сатқанда қысқа мүддетте қарызымнан қутылып, сап пайда көргеним өзиме деген исенимди пайда етип, қызығыўшылығымды және де арттырды.
Қусшылықтағы азлы-көпли ис-тәжирийбемди Мойнақта ен жайдырыў ушын бизнес-жоба дүзип, район басшыларына хабарласқанымда бир аўыздан мақулласты. Дәслеп «Мойнақ азық-аўқат кооперативи»н дүзип, шөже бағыў ушын ижараға жай алдық. «Тикөзек» МПЖ аймағында жасайтуғын, үйлеринде жумыссыз отырған 50 ҳаял-қыз бенен түсиник жумысларын жүргизип, келисим шәртнамалары дүзилди.
Районның бәнтлик басқармасы субсидия (бийғәрез жәрдем) 111 миллион 500 мың сумлық кредитине Маңғыттан 5 мың бас шөже (соның 5 проценти тәбийғый шығынға ушыраў мүмкинлиги есапқа алынған) Самарқанд ўәлаятынан витаминли микроэлементлерге бай 12 тонна жуғымлы жем, суўытқыш, суў ыдыслары, зооветеринариялық хызмет түрлерин көрсетиў ушын дәри-дәрмақлар, басқа да керекли затларымызды алдық. Шәртнама тийкарында жумыс баслаған ҳаял-қызларымыз айына кесте бойынша гезеклесип, 4 күн жумыс ислейтуғын болды. Өз жуўапкершилигине алған шөжелерин бир ай ишинде 1-1,5 килограмм салмақта семиртип бағыў ушын ҳәр басына 22 мың сум жумсалатуғынын жақсы билди. Таўық гөшиниң ҳәр килограмын базарлар менен саўда орынларында 35 мың сумнан сатып, ҳәр биринен 13 мың сумнан пайда көриўимиз керек еди. Тапқан табысының 70 процентин мийнет ҳақы ретинде 500 мың сумнан алып, 30 проценти кооперативти алдағы ўақытта раўажландырыў ушын услап қалынды.
Жумысларымыз алдын-ала жобаластырылғандай, күткен нәтийжелерди берген соң дәслепки үш айланысымыз табыслы жуўмақланды. Төртинши айланыста мийнет ҳақылары 600 мың сумға жеткериледи.
Усы тақылетте, «Дослық» АПЖ аймағынан да кооперативимиздиң екинши бөлимшеси жумыс баслады. «Шеге» АПЖдан үшинши бөлимшемизди ашсақ, 150 ҳаял-қызды жумыс пенен тәмийинлеген боламыз.
Районның аймағында таўық гөшине деген талап күшли. Өнимлеримизди таўықханамыздың өзинде, Мойнақ ҳәм Қоңырат базарларындағы ижараға алған саўда шақапшаларына шығарғанымызда ҳәр күни 4-4,5 миллион сумлық саўда болады.
Алдағы ўақытлары өнимниң өзине түсер баҳасын арзанлатыўдың бирден-бир жолы ретинде таўық жемин өзлеримиз таярлаўды мақсет етип қойдық. Район ҳәкимияты 20 гектар егислик жер ажыратып, мәкке-жүўери, басқа да егинлер егиўдиң әнжамы көрилмекте.
Сондай-ақ, таўық гөшинен колбаса таярлайтуғын ҳәм инкубация цехларын ашамыз. Ҳәўизлерде ғаз-үйрек өсирип, мәйек туўатуғын туқымларын бақпақшымыз.
Мойнақшылар теңиз, ишки көллери барында балықларын мақтаныш етсе, ендиликте қусшылықты раўажландырып, азық-аўқат молшылығын тәмийинлеўдиң толық мүмкиншиликлери бар, - дейди сәўбетлесимиз Дәўран Байнекеев.
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,
өз хабаршымыз.
Мойнақ районы.
СҮЎРЕТТЕ: (Солдан оңға қарай) Г.Қайыпова, Дәўранның әкеси Ш.Байнекеев,
исбилермен Д.Байнекеев, А.Оразбаева ҳәм Р.Насыровалар жумыс басында.
Автордың түсирген сүўрети.