Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:53:19, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЎЫЛЛЫҚ МЕКТЕПТЕГИ ЗИЙРЕК ОҚЫЎШЫ

Жақында Бозатаў ра­йонына шөлкемлестирген хызмет сапарымыз даўамында районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Абдирасул Үббиниязовтың усы жылдың январь айын­да Ташкент қаласында мектеп оқыўшылары арасында «National Spelling Bee Lexical Skills competition» атамасындағы инглис тили пәнинен өткерилген пәнлер олимпиадасының финал бас­қышына қатнасып, арнаўлы сертификат ҳәм статуэтка менен сыйлықлан­ғанлығын еситип, оның мектептеги устазы, 1-категориялы инглис тили пәни муғаллими, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўиниң ағласы Лиза Тилеўназарова менен сәўбетлестик.

— Абдирасул Үббиния­зов 2-класынан баслап инглис тили пән дөгерегине қатнасады. Ол өз үстинде излениўге, үйрениўге қуштар. Айтқанларыңды қунт пенен тыңлайды. Таңлаўларға жеке өзим таярладым. Инглис тилинде тыңлап түсиниў, оқып түсиниў, грамматикалық саўатлылығын арттырыў бойынша әдебиятларда берилген үлги тапсырмалар ҳәм шынығыўлар бойынша түсиник берип, тапсырмалардың орынланыўын ҳәр күни бақлап, жол-жоба берип бардым. Бул оның қызығыўшылығына қызығыўшылық қосты. Таңлаўларға қатнаса баслады. Таңлаўлардың шәртлери барлық ўақытта бирдей бола бермейди. Мысалы, SPELLING BEE таңлаўында тапсырмалар онлайн түрде Zoom платформасында өткерилди. Тапсырманы орынлаў ўақты шекленген. Бул таңлаўда оқыўшы жалғыз өзи, компьютер камерасына қо­сыл­ған ханада отырыўы керек. Кейинги басқышында оқыўшы бир санды таңлайды. Координаторлар оқыўшыға бир сөз береди. Сол сөздиң қалай жазылыўын аўызша айтып бериўи керек. Жуўапларға қарай балл қо­йылады. Көп топлаған оқыўшы келеси бас­қышқа өтеди. Ал, OTEC (online typing english) таңлаўында оқыўшыға инглис тилинде текст бериледи. Оқыўшы белгиленген ўақыт ишинде текстти қәтесиз жазыўы керек.  Көп балл топлаған кейинги бас­қыш­қа жибериледи. Қулласы, ҳәр бир таңлаўдың өз қағыйда ҳәм талаплары бар.

Көпшилик таңлаў жеңимпазы болса не болады? -деген саўалды қояды. Таңлаў жеңимпазына берилген сертификат бул оның келеси олимпиадаға қатнасыў ушын воучер, яғный, сертификат алған оқыўшы келеси жылы да олимпиа­даға қатнасып, өз билимин сынап көриўи ушын имканият.

— Әжапам Малика мен 2-класста оқып атырғанда НМПИның инглис тили факультетиниң 1-курс студенти еди. Оның инглис тилинде еркин сөйлегенин еситип, ҳәўес пайда болды. Дөгерекке қатнаса басладым. Муғаллимимиз Лиза Тилеўназарованың сабақ өтиўи, түсиндириўи мени және де инглис тилине қызықтыра баслады. Устазым сабақ өтиў менен шекленип қалмайды. Ин­г­лис тили бо­йынша қосымша сабақлықларды оқыў, үйрениў лазымлығын уқтыратуғын еди. Мен ROUND-Up  1, 2, 3, 4, Destination B1, Oxford Primary Skills, Murphy, Enterprise 3 ҳәм einternet де пайдаланаман. Соның менен бирге, coursera.оrg тәрепинен өткерилген инг­лис тили курсларына да қатнастым.

Ҳәзирги ўақытта IELTS таңлаўына қатнасыўға таярланып атырман. Бул таңлаў халықаралық инглис тилин билиў дәрежесин анықлайтуғын таңлаў болып табылады. Шәртлери, талаплары туўралы айтып өтетуғын болсам, IELTSта LISTENING, WRITING, READING, SPEAKING бойынша билимлер сыналады. Listening —  еситиў, Writing — жазыў, Reading — оқыў, Speaking — сөйлесиў дегени. Таңлаўдың ең жоқары балы 9 балл. 1 балл топлаған оқыўшы  —  пайдаланыўшы емес, 2 балл — дерлик пайдаланыўшы, 3 балл —  жүдә шегараланған пайдаланыўшы, 4 балл — шегараланған пайдаланыўшы, 5 балл — орташа пайдаланыўшы, 6 балл — компотент пайдаланыўшы 7 балл —  жақсы пайдаланыўшы, 8 балл — жүдә жақсы пайдаланыўшы, 9 балл — экс­перт деп аталады. Көрип турғаныңыздай, бул таңлаў «Жүзден жүйрик — мыңнан тулпар»ды таңлап алады. Мақсетим, усы таңлаўда жоқары балл топлап, күшли программашы болыў, -дейди Абдирасул.

Ол усы күнге шекем бир қанша таңлаўларға қатнасып, өз билими, қәбилети менен көзге түсти. Атап өтсек, 2017-2018, 2018-2019-жылларда мектеп оқыўшылары арасында болып өткен «Билимлер беллесиўи»ниң районлық басқышында инглис тили пәнинен қатнасып, 1-орынды ийеледи. Буннан тысқары, өткен жылда ELPS шөлкеми тәрепинен 1-11-класс мектеп оқыўшылары арасында өткерилген HIPPO SPELLING BEE, OTEC (online typing english) атамасындағы халықаралық таңлаўларға, online kurs ҳәм олимпиадаларына да қатнасып, усы таңлаўлардың сертификатларын қолға киргизди, online kursera платформасында бир қанша курсларға қатнасып, сертификатларын алды.

2020-жылы апрель айын­да Евразия мәмлекетлери көлеминде инглис тили пәнинен мектеп оқыўшылары арасында online жазыў қәбилети бойынша өткерилген таңлаўда 3-орынды ийелеп, бронза медалы менен сыйлықланды. Ал, Евразия мәмлекетлери көлеминде өткерилген spelling bee таңлаўында ярым финал қатнасыўшысы болған болса, ал, миллий spelling bee таңлаўында финалға қатнасып, арнаўлы сертификат пенен сыйлықланды.

Абдирасул Үббиниязов өзи оқып атырған мектебиндеги «Камалак» балалар шөлкеминиң үлгили сәрдарларының бири саналады. Жақында Өзбекстан жаслар ислери агентлигиниң Бозатаў районлық бөлими менен Өзбекстан жаслар аўқамы Бозатаў районлық кеңеси биргеликте шөлкемлестирген компьютер саўатқанлығы бойынша таңлаўдың ра­йонлық басқышында да оған тең келетуғыны табылған жоқ.

Жақында район ҳә­кими М.Қайпанов Абдирасул Үббиниязовты өз билими менен районның абырайын халықаралық ҳәм миллий таңлаўларда ылайықлы қорғап қайт­қаны, табыс ҳәм жетискенликлери менен шын кеўилден қутлықлап, оқыўларында табыслар тиледи.

 

 

Сағынбай

ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Бозатаў районы.

СҮЎРЕТТЕ: Абдирасул Үббиниязов.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF