Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:14:46, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ОН БЕСИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

Усы жыл 12-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он бесинши сессиясы болып өтти.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткен сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, секторлар ҳәм тийисли тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашты.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессияның күн тәртибинде дәслеп «Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамының жойбары ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова баянат жасады.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни Президентимиздиң басшылығында елимизде әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың нызам менен қорғалатуғын ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, социаллық әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 24-июльдеги «Судлардың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы суд-ҳуқық системасы тараўындағы мәмлекетлик сиясатты сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўде, суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги еркинлигин тәмийинлеўде, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин күшейтиўде, әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыўға қаратылған тийкарғы бағдарларды белгилеп берди.

Өз гезегинде, бул пәрманда белгиленген ўазыйпалар  пуқаралардың судпа-суд сергиздан болып жүриўин сапластырып, олардың машқалаларын бир орында шешиў, суд системасын басқарыў мәселелерин жетилистириў, сондай-ақ, судларды шөлкемлестириў-қаржы ҳәм материаллық-техникалық тәмийинатын жақсылаў имканиятын бермекте. Әлбетте, бул өзгерислер суд еркинлигин, нызам үстинлигин ҳәм әдил судлаўдың нәтийжелилиги бойынша халықаралық рейтинглерде мәмлекетимиз абырайының артыўына хызмет етеди. 

Баянатшы Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшаларға кең түрде тоқтап өтти.

Бул мәселе бойынша 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен депутат, сенатор У.Жалменов шығып сөйледи. Депутатлар күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Буннан соң «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасы орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов баянат жасады.

Атап өтилгениндей, ҳәммемизге белгили, 2021-жыл елимизде «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп жәрияланды. 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 3-февральдағы «2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Усы жыл 10-февраль күни Президентимиздиң басшылығында «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди. Усы мәжилисте мәмлекетимиз басшысы раўажланыўдан артта қалған район ҳәм аўыр жағдайдағы пуқаралар жыйынларында жолларды, ишимлик суўы ҳәм электр тәмийнаты, ирригация тармағын жақсылаў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўындағы реформаларды ең шетки аўылларға жеткериў, жаслар ҳәм ҳаялларды жумыс пенен тәмийинлеў,  халықты кәмбағаллықтан шығарыў, дийқаншылық пенен шуғылланыў тилегин билдирген жасларға 1 гектарға шекем жер ажыратыў ҳәм аймақлардағы белгили зыярат объектлериниң әтирапын абаданластырыў ҳәм инфраструктурасын жақсылаў бойынша ўазыйпаларды атап өтти.

Соның менен бирге, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын орынлардағы «өсиў ноқатлары»нан келип шығып, қәлиплестириў ҳәм жергиликли Кеңеслерге киргизиў, мәденият орайлары, музейлер ҳәм театр имаратларын оңлаў және үскенелеў, коммуналлық хызметлер системасын буннан былай да жақсылаў, көп қабатлы турақ жай фондын ҳәм лифтлерди оңлаў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти және орынланыўын тәмийинлеў бойынша анық  илажларды белгилеп берди.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша сиясий партиялардың республикалық Кеңеслериниң Жоқарғы Кеңестеги фракцияларының басшылары шығып сөйледи ҳәм бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2020-жыл 8-октябрь күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийеттеги орнын арттырыў, кәсип-өнерге оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық, ҳуқықый және психологиялық жәрдем бериў мақсетинде жаңа система енгизиў, атап айтқанда, ҳәр бир мәҳәлле, район ҳәм қала кесиминде «ҳаял-қызлар дәптерин» қәлиплестириў ўазыйпасы белгиленди. Усы жылдың 10-январына шекем «ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилиўи усыныс етилгенлердиң дизими қала ҳәм район Кеңеслериниң сессияларында додаланып, тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан тысқары, 21-январь күни Жоқарғы Кеңесте Олий Мажлис Сенатының Баслығы Т.Нарбаеваның қатнасында өткерилген мәжилисте де бул бойынша анық ўазыйпалар белгиленди. Әлбетте, бул ўазыйпалардың орынланыўы Жоқарғы Кеңестиң ҳәм халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери депутатларының дыққат орайында болыўы лазымлығы айырықша атап өтилди. Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша «Жол картасы» ислеп шығылды.

Күн тәртибинде «Ҳаял-қызлар дәптери» бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң есабаты ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Ахмедова баянат жасады. Депутатлар бул мәселе  бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда «Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 28-январьдағы «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды 2020-жылы әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың Қарақалпақстан Республикасында орынланыўы бойынша Аўыл хожалығы министриниң есабаты ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Аўыл хожалығы министри А.Якубовтың мәлимлемеси тыңланды. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Депутатлар Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлады.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF