Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:27:55, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АГЕНТЛИК ХАЛЫҚ ХЫЗМЕТИНДЕ

Соңғы жыллары республикамызда пуқаралардың, исбилерменлердиң мүрәжатлары нызам тийкарында әмелге асырылып, унамлы шешилмекте ҳәм бул жағдай олардың жәмийетке болған исенимин арттырмақта.

Бундай нызамлы ҳәрекетлердиң әмелге асырылыўында әлбетте, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң атқарып атырған жумыслары айрықша орын тутады.

Усы мақсетте агентликтиң шөлкемлестирилгенине 3 жыл толыўы ҳәм алдағы ўазыйпаларға белгиленген стратегиялық ис-илажларды белгилеў мүнәсибети менен Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен ғалаба хабар  қураллары ўәкиллери, журналистлер ҳәм блогерлер ушын Шымбай районында медиа-тур ҳәм баспасаөз конференциясы өткерилди.

Дәслеп журналист, блогерлер Шымбай районының кирер жериндеги «Маҳбара мәресими»нде күтип алынды ҳәм қарақалпақ халық шайырлары Күнхожа Ибрайым улы, Бердақ Ғарғабай улының руўхларына дуўалар оқылды. Буннан соң Ташкент мәмлекетлик Аграр университети Нөкис филиалының академиялық лицейинде жайласқан қарақалпақ поэзиясының байтереги есапланған Ибрайым Юсупов музейине жол алды.  Онда шайырдың китаплары, қол жазбалары, Ҳүрмет жарлықлары, мирәтнамалары, берилген саўғалары ҳәм жеке бу­йымлары орын алған. Усы орында  мағлыўмат ретинде айтып өтпекшимиз, музей дүзилгенинде 45, ҳәзирги күнде болса 2000 ға жақын экспонатлар музейден орын алған.

Соң Шымбай районы Мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имаратында орай жумыслары, пуқараларға көрсетилип атыр­ған хызметлер менен жақыннан таныстырылды. Ол жерде агентлик хызметкерлери  жергиликли пуқаралар менен ислесип билиў шеберлиги, тыңлап билиўи, түсиниўи, жуўапкершилиги, әлпайымлығы, шын кеўилден жәрдем бериў принциплерине әмел ететуғыны көзге тасланды. Орайда пуқара­ларға қолайлылық жаратыў мақсетинде балалар майданшасы ҳәм жаслар ушын арналған китапхана мүйеши бар болып, онда қарақалпақ, өзбек, туўысқан халықлардың шығармаларынан тыс­қары жәҳән классиклериниң шығармалары да орын алған.

Жаңа имараттың конференц залында агентликтиң республикалық басқармасы тәрепинен 2020-жыл даўамында әмелге асырыл­ған жумыслар, усы агентликтиң бас­қа мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен интеграцияласыўы, жаңа хызмет түрлери,  көрсетилип атырған хызметлер, қала ҳәм районлардағы пуқаралық ҳалатлары актлерин жазыў (ПҲАЖ) бөлимлериндеги жетискенликлер, машқалалар, алдағы жобалар ҳаққында сораў-жуўаплар болып өтти.

Атап айтқанда, 2020-жыл даўамында жумыс алып барып атыр­ған 17 қала ҳәм районлар мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм олардың 6 филиалы тәрепинен 140 тан аслам хызмет түриндеги мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде жәми 820 мыңнан аслам мүрәжат келип түскен. Сондай-ақ, 2020-жыл даўамында Мәмлекетлик хызметлер агентлиги тәрепинен жәми 13139 исбилерменлик субъектлер, соннан юридикалық шахс сыпатындағы 5051 ҳәм 8088 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъекти сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилген. Бундай хызмет тек қала ҳәм район орайларында емес, ал, шетки аўыллардың халқына еле де қолайлылық жаратыў мақсетинде өткен жыл даўамында турақлы түрде көшпели хызмет көрсетилген. Сондай-ақ, басқарма тәрепинен халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўин бақлаў ретинде мониторинг алып барылып, мүрәжатларды көрип шыққанда 1828 жағдайда нызам бузылыўына жол қойыл­ғанлығы көрсетилген. Мүддеттиң бузылыўы, артықша ҳүжжеттиң талап етилиўи, тийкарсыз бас тартыў ҳәм тағы да басқа жағдайлар анықланған. Ең көп нызам бузылыў жағдайлары бул суў ҳәм газ тәмийнаты, жер ресурс­лары ҳәм мәмлекетлик кадастр хызмети кәрханаларында ушырасқан. Бундай жағдайларда агентлик тәрепинен олар ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, жумысларына еле де дыққатлы болыўы ескертилди.

­ Республикамызда ең көп ҳүжжет сақланатуғын орын бул ПҲАЖ есапланады, онда 3 миллион 550 мыңнан зыят акт жазыўы болып, ҳәзирги күнде «ПҲАЖ бирден-бир электрон архиви» базасына толығы менен акт жазыўы киргизилип, электрон формаға өткерилди. Мақсетимиз пуқараларымыз электрон формалардан туўры пайдаланып билиўин жолға қойыўды тәмийинлеў. Бунда хызметкерлеримиздиң де, пуқараларымыздың да ўақты тежеледи ҳәм тийкарсыз түсинбеўшиликлердиң алды алынады. Орайларымызда жумыс ҳәмийше қызғын, пуқараларымыз ушын қолайлы усындай электрон формаға өтиўимизде жаңа бағдарламалар жаратыўда мектеплерде информатика пәни оқытыўшылары менен де бирге ислесип атырмыз, -дейди республикалық басқарма баслығы Казбек Артықов.

Бүгинге шекем Мойнақ, Шымбай, Әмиўдәрья, Қанлыкөл, Қоңырат, Беруний, Тахтакөпир ҳәм Бозатаў районларында Мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имаратлары пайдаланыўға тапсырылды. Ал, Нөкис қаласы, Хожели, Нөкис, Кегейли, Елликқала районларында жаңа имаратлардың қурылыс жумыслары усы жылдың ақырына шекем  жуўмақланыўы режелестирилген.

Т.ЖӘРИМБЕТОВА.

СҮЎРЕТТЕ: Шымбай ра­йонлық Мәмлекетлик хызметлер орайының жумысынан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF