«ЕРТЕК ОҚЫП, АЛЫМ БОЛАЛМАЙСАҢ» ЛЕКИН...
«Садақаның абзалы мөмин кисиниң илим үйренип, соң басқа бирәдарларына да үйретиўинде», деп келтирилген ҳәдисте. Замахшарий бабамыз болса: «Балам, дүнья сени бир тийинсыз қалдырғанда да илим үйрениў талабында бол. Себеби, илимди сүйген инсанды жақсы пазыйлетлер қоршап алады», деп нәсият етеди. Илим – бизди кәмилликке жетеклеўши күш. Илим ғана инсанға шексиз имканиятлар есигин ашады. Қаншелли алда болыў – өз қолымызда.
Мақаламыз қаҳраманы да өзин аңлаўға талпынып, дүнья ҳәм ақырет саўабынан үмит етип, илим жолына түскен инсанлардан бири – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасы үлкен оқытыўшысы, философия илимлери бойынша философия докторы Сапарова Гүлбаҳар Айтбаевна болады.
– Гулбаҳар Айтбаевна, ең дәслеп Сизди «ийне менен қудық қазғандай» машақатлы илим жолында ерискен табысыңыз – философия илимлери бойынша философия докторы (РhD) дәрежесин алғанлығыңыз бенен шын жүректен қутлықлаймыз! Келиң, сәўбетимизди дәстүрий сораўлардан шетлескен ҳалда «ийне менен қудық қазғандай» деген илимге берилген тәрийипке сизиң мүнәсибетиңизден басласақ. Шынында да илим «шыдағанға шығарған машақат» па?
– Биринши орында қутлықлаўыңыз ушын рахмет. Бул мениң илимге енди кирисиўим, туңғыш қәдемим десем болады. Сораўыңызға қайтсақ, қай жерде инсанлар өзлигин аңлаўға талпынып, илим-пәнге, сәниятқа, әдебиятқа, көркем өнерге муҳаббат сезинип, қызығыўшылық пенен қараса, сөзсиз сол жерде алға илгерилеў, раўажланыў болады. Лекин, «ҳеш нәрсе аңсатлық пенен қолға киргизилмейди» деген өмирдиң алтын заңы бар. Сол қатары илим де. «Илимге өзиңди пүткил бағышламағаныңша, ол саған ҳеш нәрсе бермейди» дейди Әбиў Ҳамид “аззалий. Өзин бағышлаў. Мине логика. Дийқан жерге, шайыр сөзге, сазенде сазға өмирин, кеўил қорын бағышлайды. Нәтийжеде ҳасыл алады. Бир ой жуўыртып көриң: жерге таслаған бир бийдай дәни өсип, тәрбия көрип, қаншаға көбейеди?!
Екиншиден, илим ийне менен қудық қазғандай, машақатлы болыўы менен бирге инсанға таўсылмас күш-ғайрат бағышлаўшы, заўықлы мийнет. Тийкарғысы, илим инсан турмысын еле де пәраўан етеди. Бул жолға өзин бағышлаған алым, данышпанлар мысалында алып қарайтуғын болсақ, олар ҳеш қашан налымаған, қыйын екен деп илимнен түңилип те кетпеген, қайтама зор заўық пенен ислеген ҳәм бийтәкирар жаңалықлар жаратқан, дүньяны өзгерткен. Узақ жыллар еткен мийнетиниң жемисин көргенинде бәрше қыйыншылықларды бир демде умытқан. Мысал арқалы сезгениңиздей, машақатлар өткинши, лекин сол машақатлар арқасынан ерисилетуғын шадлық бир өмирге татыйды. Бизден келешек әўладларға умытылмас мийрас қалыўы ҳақыйқый бахыт! Биз болса бахтымызды қорқыныш, үмитсизлик артына жерлеп таслағанбыз. Нәзеримде илимди буншелли қыйын санап, кеўиллерде қорқыныш сезимин уялатыў дурыс емес. Буның орнына илимге деген муҳаббат оятыў керек. Жасларды қыйыншылықтан қаймықпайтуғын, өр көкирек, ғайбар етип тәрбиялаў зәрүр. Жасларда ҳәзир батыллық жетиспейди. Бир иске қол урыўға айбынып, өзине исенбей турады. Дүньяның ең әўметли ойлап табыўшыларынан бири Томос Эдисон биринши электр лампочканы жаратыў ушын он мыңнан артық мәрте урынып көрген. «Биз жол қойған қәте-кемшиликлеримиз арқалы үйренемиз. Тийкарғысы, және бир мәрте урынып көриўде» дейди алым. Биз болса перзентлеримизди «қәте ислемеў керек» руўхында тәрбиялаймыз. Балаларымыз әпиўайы үйге тапсырмасын надурыс орынласа бақырамыз. Кейин бала өз пикирин айтыўға да айбынып, қәте айтсам және бақырады деп ойлап, «билмеймен» деп қутылады. Биз өзлестирмеген илим ғана бизге қыйыншылық туўдырады. Бир ҳақыйқатты умытпаў керек: қыйыншылық, машқаладан қашып емес, оны шешип қутылыў мүмкин. Үйрениўлерим нәтийжесинде аңлағаным инсан өзин шеклемеўи дәркар. Себеби, ақылын, күш-қуўатын толық ислетпегенше нелерге қәбилетли екенлигин билмейди. Өзимизди өзимиз бир сынақтан өткерейик! Бәлким бизде уллы гений жасырынған шығар!
– Әжайып пикирлер! Инсанды ҳәрекетлендириўши күш – мотивация саналады. Лекин бизде әне сол мотивацияны бере алатуғын устазлар жетиспейди. Сиз Қарақалпақстанда бириншилерден болып, дин философиясы бойынша илимий ис жақладыңыз. Биринши болыў әжайып. Сизге түртки берген, қоллап-қуўатлаған устазларыңыз ҳаққында да айтып өтсеңиз?
– Дурыс айтасыз. Инсан өмиринде ата-ана қатары жақсы устаздың орны гиреўли. Устаз бизиң өзимизден озыўымызға, бир күн келип, «мен буны әмелге асыра алдым» деп өзимиз бенен мақтаныўымызға себепши инсан. Мениң де ерискен бул табысымда устазларым мийнети салмақлы. Институтымыздың «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасы доценти, философия илимлери кандидаты Сапардурды Абаев, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры, философия илимлери докторы Әлима Бердимуратова, Мирзо Улуғбек атындағы Өзбекстан Миллий университети профессоры, философия илимлери докторы (марҳум) Анвар Абдусамедовлардан шексиз миннетдарман. Олардың исенимин ақлаўым керек, халқыма берерим көп деп тынымсыз изленистемен.
– Илимий стил – белгили бир топарға ғана түсиникли болған, көпшиликке түсиниксиз ҳәм қайсыдур мәниде зеригерли тил. Газета болса, кең жәмийетшилик оқыўына ҳәм уғыўына мас тилде жазады. Сол ушын да «Қарақалпақ халқы руўхый-диний мәденияты раўажланыўында миллий өзликти аңлаўдың тәсири» атлы илимий изертлеў жумысыңыз ҳаққында улыўмаластырып, ықшамластырып түсиник берсеңиз.
– Ғәрезсизликке ерискеннен кейин қарақалпақ халқының миллий өзлигин аңлаў процесслери жәмийетлик, руўхый-мәдений турмыста актуал мәселелердиң бирине айланды, оны теориялық-философиялық жақтан изертлеў зәрүрлиги туўылды. Бул ушын ең дәслеп қарақалпақлардың халық сыпатында раўажланыўы ҳәм миллет сыпатында қәлиплесиўи тарийхына тоқтап өтиўди мақул таптым. Халқымыздың келип шығысы узақ дәўирлерге барып тақалады. Сол себепли, оларда миллий өзликти аңлаў процеси миллеттиң қәлиплесиўи менен тиккелей байланыслы ҳалда әмелге асқан. Илимий изленислерим шеңберинде алымларымыз М.Нурмуҳаммедов, С.Камалов, К.Мәмбетов, Ж.Орынбаев, Ж.Базарбаевлардың, сондай-ақ, қарақалпақ халқының тарийхы, руўхый мәденияты, миллий мийрасы, диний қәдириятлары, өзлигин аңлаўы, олардың халық сыпатында қәлиплесиўи ҳаққында илимий изертлеў жумысларын алып барған алымлар Т.А.Жданко, П.П.Ивановлар, қарақалпақ халқының әдебиятын ҳәм фольклорын раўажландырыўға үлес қосқан алым, шайыр-жазыўшылар Қ.Айымбетов, Қ.Мақсетов, Т.Қайыпбергенов, И.Юсупов, К.Алламбергеновлардың илимий мийнетлери менен танысып ҳәм олардан керекли жеринде утымлы пайдаландым.
– Инсанның туўылыўы, өмир сүриўиндеги тийкарғы мақсети, өз умтылыслары болады. Лекин, «Инсан өмиринде ҳәммесинен көре ең керекли билим – өзин аңлап жетиўдур» деген данышпанларымыз. Өзликти қалай аңлаймыз?
– Адамзат саналы турмыс кеширер екен, әлбетте, өзине «мен киммен!», «Өмир сүриўдеги мақсетим не!» киби сораўларды берери анық. Өзликти аңлаў әне сондай саналы ой жуўыртыўдан басланады. Бул ушын инсанға тәлим-тәрбия суў менен ҳаўадай зәрүр. Саўатсызлық болса бәрше кеўилсизликлер себепкери. Тарийхқа нәзер салсақ түрли дәўирлерде, әсиресе патша ҳүкимети, кейин ала совет ҳүкимети дәўиринде улама-ийшан, саўатлы адамлар қуўдаланған, наҳақ жазаланған, керек болса өлимге ҳүким етилген. Олар миллетти оятыўы, халықтың көзин ашыўы мүмкин еди. Оянған халық – үлкен күш. Саўатсыз адамларды болса басқарыў, бойсындырыў, айтқаныңа жүргизиў ҳәмийше аңсат кешкен.
Ҳүрметли Президентимиз «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни»не бағышланған салтанатлы мәресимде шығып сөйлеўинде мынадай пикирлерди келтирген едиF «Көпшилик зыялылар қатарында мен де бир пикирди ҳәмийше үлкен әрман менен ойлайман: мәмлекетимизде үшинши Ренессансты жигирмаланшы әсирде ағартыўшы жадид бабаларымыз әмелге асырыўы мүмкин еди. Неге дегенде, бул пидайы ҳәм жанкүйер инсанлар пүткил өмирин миллий ояныў идеясына бағышлап, үлкени саўатсызлық ҳәм қалақлықтан алып шығыў, миллетимизди ғәплет батпағынан қутқарыў ушын бар күш ҳәм имканиятларын жумсады. Бул жолда олар өзлериниң әзиз жанларын да қурбан етти. Олар «Илимнен басқа қутылыў жоқ ҳәм болыўы да мүмкин емес» деген ҳәдиси шәрипти турмыслық исеним деп билди. Миллий ғәрезсизлик, раўажланыў ҳәм абаданшылыққа, бәринен бурын, ағартыўшылық арқалы, дүньялық ҳәм диний билим, заманагөй илим-өнерлерди терең ийелеў арқалы ерисиў мүмкин, деп есаплады».
Көрип турғаныңыздай, сондай қыйын, қурамалы дәўирде де бабаларымыз кәмилликке ерисиў жолында гүрескен, артқа шегинбеген. Олар жаңа усыл мектеплерин, адамлардың дүньяқарасы ҳәм турмыс тәризин өзгертиўге қаратылған газета-журналлар, китапханалар, театрлар шөлкемлестирген. «Миллетти оятыў оянғанлардың ўазыйпасы» билип, бул уллы мақсет жолында пидайылық көрсеткен. Мың шүкир, бүгин тыныш-пәраўан заманда жасамақтамыз. Жаратылған кең имканиятлардан пайдаланбаў, оқып, изленбеслик оғыры уят. Мәмлекетимиздиң ертеңги тәғдири жаслар қолында екен оларға жақсы тәлим-тәрбия бериў парыз ҳәм қарыз. Бул ийгиликли исте устаз-оқытыўшылардың хызмети өз алдына. Лекин биринши орында бул уллы кәсип ийелери өз жуўапкершилигин тереңнен сезинип, биреўдиң ҳақына қыянат етпей (ата-аналар сизге исеним менен тапсырған перзентине кеўилдегидей тәлим-тәрбия бере алмаслық та биреўдиң ҳақына қыянет саналады), өз кәсибине кеўил қорын бағышлап, пидайылық көрсетиўи лазым.
– Лекин, бүгинги күнде инсанлар, халқымыз өзлигин толық аңлап жетти, оянды деп айта аласыз ба?
– Инсан жүдә қурамалы жаратылған жан. Ҳәтте бир инсан организмин, характерин, психологиясын, дөретиўшилигин илим еле толық үйрениўге миясар бола алған жоқ. Жәмийет, халық туўралы пикир айтыў болса аңсат емес. Лекин халқымыз бүгин кимлигин таныды, ата-бабалары ким болғанлығын, қандай уллы инсанлардың әўлады екенлигин билип, соларға ылайық болыўға талпынбақта. Президентимиз Үшинши Ренессансқа тийкар салыў бойынша үлкен басламаны илгери сүрди. Бул жүдә әжайып. Илим-пәнге қаратылған итибар сөзсиз бийкар кетпейди, өзиниң әжайып нәтийжесин беретуғынлығына исенемиз. Тийкарғысы, кеўилде умтылыс болыўы керек. Ояныў дегенде мен – бәҳәрде тәбияттың гүллеп-жаснағанындай, инсан дөретиўшилигиниң гүллеп-жаснаўын түсинемен. Меҳир, итибар атлы отлы сезимлер бар екен инсан дарақ мысал терең тамыр атып, көкке өрлей береди.
– Және бир мәрте «лекин» сөзин ислетиўге мәжбүрмен. Ҳәзир адамлар арасында меҳир-мүриўбет, адамгершилик, сиз-бизлик жоғалып баратырғандай сезиледи. Буның себеби неде деп ойлайсыз?
– Жеңил-желпиге, алды-қаштыға үйрениўинде, туўрырағы, көнлигип баратырғанлығында деп ойлайман. Адам характери «уры»ғо. Ким менендур көп сәўбетлес болсаңыз қәле-қәлеме ол қолланылатуғын айрым сөзлерди өзлестирип, айрым унамсыз қылықларын да қайталайтуғын болып қаласыз. Тәлим-тәрбияда жәмийеттиң атқаратуғын хызмети оғада үлкен екенлигин көрсетеди бул. Егер сен жақсы, талантлы инсанлар орталығында дүньяға келсең, сөзсиз олардан ибрат алып, шын инсан болыўға талпынасаң. Ең бәлент шоққыны гөзлеген альпинист киби алға умтылып, бир күни өзиңди өзиңниң ең бәлент шоққыңда көресең.
Бүгин ше! Бүгин жаўызлық, қыянет, ақыбетсизлик ҳаққында көп айтылмақта. Интернет қатары телевидениеде де инсан санасына кери тәсир көрсетиўши ўақыялар сәўлелеген видеолар тез-тез бериледи. Адамлар психологиясы буны туўры қабыллап, дурыс жуўмақ шығарыўға еле таяр емес. Кинофильмлердиң де дәрежеси жүдә пәс, инсанға ибрат боларлық ҳеш нәрсе жоқ. Эстрада тараўындағы атқарылып атырған қосықлар туўралы айтпасақ та болады. Мәденият тараўындағы бундай «мәдениятсызлықлар»ға бийпарўалық пенен қарар екенбиз, перзентлеримиз тәрбиясына бийпарўамыз дегени бул. Тәлим-тәрбия тек ата-ана, устазлар мойнындағы жуўапкершилик емес, бул пүткил халық мәжбүрияты. Ҳеш кимниң бул мәселеге бийпарық қараўына ҳақы жоқ. «Бир халықты жоқ етиў ушын оның мәдениятын жоқ етиў жеткиликли» деген. Биз бай мәдений байлықларға ийе халықпыз. Оларды еле де терең үйрениў, байытыў зәрүр. Сол қатары «Аталар сөзи» киби тәрбиялық әҳмийетке ийе көрсетиўлерди көбейтиў, балалар үйде оқыўы ушын әдеп-икрамлылық мәселелерин үйретиўши, ибратлы ўақыя, ҳикметлерге бай әдебиятларды жаратыў керек.
Екиншиден, технологияның жедел раўажланыўы, инсанлардың жансыз техникаға күтә берилип кеткенлиги де инсаный сезимлерди өтпеслестирип қоймақта. Жасларды интернет, телефоннан ақылға уғрас пайдаланыўға үйретиў зәрүр. Билл Гейтс, Стив Жобс киби техниканың ең жетик усталары өз перзентлерин «өрмекши торына» илажы барынша жақынластырмаўға ҳәрекет етер, балаларын әпиўайы мектеплерге оқыўға берер, телефоннан болса күнине ярым саат пайдаланыўға рухсат етер екен. Ал, бизде бул жансыз буйым қымбатлы ўақтымызды биймәлел өзлестирмекте. Оның организмге зыяны туўралы билсек те, «заманнан арқада қалмайын» деп жарыспаққа күн-түн телефонға үңилемиз. Не ислеп, не излеп отырғанын аңлайтуғынлар санаўлы ғана.
– Интернет ҳәммени бир глобал тармаққа бирлестирди ҳәм сол жол арқалы ҳәммени өз қабығына орап қойды. «Не керек болса ал», «басты ислетиўдиң қәжети жоқ» деп шексиз имканиятлар есигин ашты. Биз таярға ҳайяр болдық. Излениў, саналы ой жуўыртыў ақсады. Ҳәтте аналарымыз перзентлерине ҳәййиў айтпайтуғын, ақшамлары ертек оқып уйқылатпайтуғын болды. Телефонда барлығы бар. Бала қыңырлық етсе, ойын қойып береди я телефонды қолына услатады. Кишкене нәрестеге бул қаншелли зыян екенлигин ойлап та көрмейди. Усылай тәрбияланып атырған әўлад келешеги Сизди де қәўетерге салады ма?
– Әлбетте, қәўетерлендиреди. Ҳәзир түрли кеўилашар, информациялық сайтлар, телеграмм каналлары өршиди. Бәри бизиң ўақтымыз ҳәм пулымызға өш. Лекин әзелден бүгинги күнимизге шекем бизди алдамайтуғын, бизди ойлайтуғын, жақсылыққа жоллайтуғын бир пидайы дос бар. Китап. Қашан биз китапқа қайтсақ меҳир-мүриўбет, инсаныйлық, әдалат қайтады. Қашан биз өмир жолында китапты жолдас етсек – өз мәнзилимизге жарық жүз бенен жетип барамыз. Перзентлеримизге ҳәййиў айтайық! Бул илаҳый қосық бир өмир инсанды тербетип, меҳир толқынларын тастырады. «Перзентлериңиздиң ақыллы болыўын қәлесеңиз оларға ертек оқып бериң. Егер және де ақыллырақ болыўын қәлесеңиз және де көбирек ертек оқып бериң» деген даналарымыз. Туўры, «ертек оқып алым болалмайсаң» лекин, ертеклер жақсылыққа жетелейди, мәрт болыўға шарлайды, инсан қәлбине сөнбес үмит шоғын жайлайды. Балаңыз бул жумбақлы өмирде өз жолын тапсын, тапқыр болсын, қыйыншылықларды писент етпесин, тек жеңиске ериссин, ҳеш жеңилмесин десеңиз ертек оқып бериң! Бала сана-сезими, дүньяқарасы, өзликти аңлаўы сол ертеклер арқалы қәлиплеседи. Ертеклер соңы жақсылық пенен тамамланыўының өзи онда үлкен логика, ибрат барлығын көрсетеди.
– Бизге ажыратқан ўақтыңыз ушын миннетдармыз. Мақаламыз арқалы «...сөзде сыйқыр бар» дегениндей, кеўиллерге аз да болса жыллылық бере алған болсақ, алдымызға қойған мақсетимизге жетистик деп есаплаймыз.
Н.МАМБЕТИРЗАЕВА.