ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ МАШҚАЛАЛАРЫ ӨЗ ШЕШИМИН ТАППАҚТА
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Қанлыкөл районындағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы ҳәм ӨзЛиДеП Қанлыкөл районлық Кеңеси биргеликте көшпели қабыллаў өткерди.
Исбилерменлер менен сәўбетлесиў өткерилип, Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында белгиленген ўазыйпалар, әсиресе, исбилерменлерге жаратылған қолайлықлар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.
Көшпели қабыллаўда исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланды. Билдирилген машқалалардың көпшилиги салық ҳәм кредит мәселелери бойынша болды.
Атап айтқанда, пуқара З.Пуқарбаева қәйниси 2-топар майыбы екенин, исбилерменлик субъектин шөлкемлестириўи ушын салық жеңилликлери бойынша мағлыўмат бериўин, пуқара Т.Сатуллаева ҳәм Ж.Есбоғановалар саўда дүканын ашыўы ушын кредит алыўына, С.Базарбаева өзин-өзин бәнт етиў мақсетинде үйде тигиўшилик пенен шуғылланыўы ушын тигиў машинасын сатып алыўына жәрдем көрсетиўин сорады. Бул мәселелер тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылып, унамлы шешимин тапты.
Айырым мүрәжатларда көрсетилген мәселелердиң орынланыўы бойынша тийисли тараў басшыларына ўазыйпалар белгиленди ҳәм орынланыўы қадағалаўға алынды.
Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги