Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:17:48, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЙДАНАНЫҢ ТАБЫСЛАРЫ

Дене тәрбиясы инсаният тарийхының барлық басқышларында халық мәдениятының әҳмийетли бөлими болып келген. Мәмлекетимизде «Саламат әўлад» мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы бағдарламаға муўапық дене тәрбия ҳәм спорт тараўына және де үлкен дыққат-итибар қаратылды. Миллий ойын ҳәм спорт түрлери бойынша ҳәр жылы жарыслар өткериў дәстүрге айланбақта.

Нөкис қаласы 35-санлы мектепте де спортқа қызығыўшы жаслардың саны көпшиликти қурайды. Мектебимизде дене тәрбия пәни муғаллимлери тәрепинен бир қанша спорт дөгереклери, атап айтқанда, футбол, волейбол, жеңил атлетика, шахмат-шашка дөгереклери турақлы ислеп тур.

Жақында Нөкис қалалық улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары арасында спорттың жеңил атлетика түри бо­йынша Өзбекстан «Ёш­лик» дене тәрбия ҳәм спорт жәмийети орайлық Кеңеси тәрепинен өткерилген жарыста мектебимизден де оқыўшылар белсене қат­нас­ты. Олардан Руслан Низаматдинов, Расул Муратбаев, Айдана Пирлепесова, Гүлназ Ражаповаларды атап өтсек болады. Булардың арасынан 9-класс оқыўшымыз Айдана Пирлепесова спорттың жеңил атлетика түринен сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды жеңип алды ҳәм Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Мектебимиз оқыўшыларын өзлери қызыққан спорт дөгереклерине тартып, шынықтырып, алдағы болатуғын жарысларда буннан да жоқары  табысларға ерисе береди, деп исенемиз.

 

Қ.САПАРОВ,

Нөкис қаласы 35-санлы мектептиң дене тәрбия пәни муғаллими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF