КЕЎИЛЛЕРДИ БИРЛЕСТИРГЕН ИЛАЖ
Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапхана орайында «Жаңа жылда — жаңа китаплар» атамасындағы жаңа китапларды таныстырыў кешеси шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, белгили журналист Саъдулла Ҳәкимниң «Дебдиў», «Қорақалпоғистон тонги» газетасы бас редакторы, шайыра Назира Матякубованың «Жанымдағы жақсылар» китаплары китапқумарларға жақыннан таныстырылды. Бул еки китапты Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист, белгили дилмаш Кеңесбай Реймов қарақалпақ тилине сәтли аўдарған.
Әдебий сәўбет шеңберинде өткерилген кешеде «Қарақалпақ әдебияты» газетасы бас редакторы, Қарақалпақстан халық шайыры, сенатор Гүлистан Аннақлычева, Қарақалпақстан Республикасы Журналистлер дөретиўшилик аўқамы баслығы Кеңесбай Реймов, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы хызметкери Шарапатдин Аяповлар сөзге шығып, бул еки шайыр өмири ҳәм дөретиўшилигине тоқтап, китаптағы қосықларға шолыў жасады.
— Назира Матякубованың «Ёнимдаги яхшилар» китабы өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде жарық көриўи китапқумарлар ушын үлкен саўға болды, - дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика қәнигелигиниң биринши курс студенти Арайлым Кемалова. — Кешеде шайыр өз қосықларын тәсирли етип, көркемлеп оқып берди, поэзия ықласбентлери болса қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Ал, «Дебдиў» китабы авторы Саъдулла Ҳәкимди биз журналист сыпатында жақсы таныйтуғын едик. Енди оның қарақалпақ тилиндеги қосықлар топламы менен де жақыннан танысыў имканиятына ийе болдық.
Сарпланған ўақыт инсанға руўхый азық бағышлағаны менен де өз қунына ийе. Бундай әдебий кешелер жаслар дүньяқарасын және де байытып, китапқа муҳаббат, мөлдир сезимлерге толы поэзияға қызығыўшылық оятары сөзсиз.
З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.