ЖАС ИСБИЛЕРМЕНЛЕРГЕ СЕРТИФИКАТЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ
Нөкис қаласындағы Жаслар орайында «Исбилерменлик тийкарлары» атамасындағы үш күнлик оқыў-семинары өз жумысын жуўмақлады.
Өзбекстан жаслар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте өткерилген илажда бәнт болмаған жаслар мийнет базарында талап жоқары болған қәнигеликлер, жас исбилерменлер бизнес жүргизиў көнликпелери бойынша оқытылды. -Үш күнлик семинар бизлерде жақсы тәсир қалдырды ҳәм көп нәрселерди үйрендик,-дейди Қоңырат районынан Шүкиржан Қуўанышбаева.-Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Мәмлекетлик салық басқармасының қәнигелери тәрепинен түрли темаларда семинарлар, белгили исбилерменлер тәрепинен шеберлик сабақлары өткерилди. Мениң бизнес режем қәнигелер тәрепинен жоқары баҳаланды. Келешекте ярым таяр өнимлер ислеп шығарыў цехын ашып, онлаған жасты жумыс пенен тәмийинлемекшимен.
-Елликқала районындағы Думанқала аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан балықшылық хожалығын шөлкемлестирдим,-дейди оқыў-семинары қатнасыўшысы Тимур Тангирбергенов.-Өткен жылы 3 тонна балық жетистирип, халыққа арзан баҳаларда жеткерип бердик. Алдағы ўақытлары хожалығымызды кеңейтип, қосымша жумыс орынларын ашпақшыман.
Илажда республикамыздың қала ҳәм районларынан келген жаслар өзлериниң бизнес режелери менен таныстырды.
Оқыў-семинарының жуўмағында Өзбекстан жаслар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы, сенатор А.Данияров, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ф.Алламбергенов жас исбилерменлерди табысы менен қатлықлап, оларға сертификатлар тапсырды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўрети