ЗАМАННАН ИЗДЕ ҚАЛЫЎҒА ҲАҚЫМЫЗ ЖОҚ
Усы жылдың 19-январь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўин күшейтиў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимизде руўхый-ағартыўшылық тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, Республикалық Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайының жумысларын жетилистириў бойынша кең түрде сөз етилип, тараў жумыслары сын көзқарастан қайта көрип шығылды.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тәрепинен дүньяда жүз берип атырған глобалласыў процесслери инсаният ушын үлкен имканиятлар менен бирге машқалаларды, қәўетерли жағдайларды келтирип шығарып атырғаны, миллий өзлик ҳәм мәнаўий қәдириятларға қарсы қәўип артып баратырғаны атап өтилди.
Ҳақыйқатында да, халықаралық майданда идеологиялық, информациялық гүреслер күшейип баратырған ҳәзирги қурамалы ҳәм қәўетерли дәўирде руўхый-ағартыўшылық жумысларды заман талаплары тийкарында шөлкемлестириў, жасларымызды ҳәр түрли идеологиялық топылыслардан қорғаў, пуқараларымыздың өмирге саналы мүнәсибетин қәлиплестириў, әтирапымызда жүз берип атырған ўақыяларға тийислилик сезимин асырыў, мәмлекетимиз ғәрезсизлиги, тыныш-татыў турмысымызға қәўип туўдырыў мүмкин болған қәўиплерге қарсы избе-излик пенен гүрес алып барыў ўазыйпасы тараўдағы жумысларды соның ишинде, Республикалық Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайының жумысларын қайта көрип шығыўды талап етпекте.
Соған муўапық Президентимиз тәрепинен бул орайдың жумысларын жетилистириў бойынша бир қатар усыныслар билдирилди. Атап айтқанда, Республикалық Руўхый ҳәм ағартыўшылық орайының барлық аймақлық кеңеслериниң, министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң руўхый-ағартыўшылық тараўдағы жумысларын муўапықластырып барыўы белгиленди. Демек буннан былай мәнаўиятты үгит-нәсиятлаў системалы түрде алып барылады ҳәм барлық шөлкемлер биргеликте жумыс алып барады.
Сондай-ақ, жыйналыста Президентимиз жасларды Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларға тарийхты жақсы үйретиў, уллы алымларымыздың мийрасын терең үйрениў, жасларды билимли етип тәрбиялаў ушын бәрше шараятларды жаратыў кереклигин айрықша атап өтип, — миллий тарийхты миллий руўх пенен жаратыў керек. Болмаса оның тәрбиялық тәсири болмайды. Биз жасларымызды тарийхтан сабақ алыў, жуўмақ шығарыўға үйретиўимиз, оларды тарийх илими, тарийхый ой менен менен қуралландырыўымыз зәрүр, - деди.
Бул ис-ҳәрекетлер мәнаўият тараўындағы реформалар, мәдениятымыз, көркем-өнеримиз, әдебиятымызды раўажландырыў, тарийхымызды тиклеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар жасларымызда жаңаша дүнья қарастың ҳәм де мәнаўий иммунитеттиң қәлиплесиўине тийкар болады. Соның менен бирге, ғәрезсизлик жылларында бой тиклеген имаратлар, оңланған зиярат орынлары, музейлерге барыў, мәнаўий мийрас ҳәм руўхый турмыс пенен байланыслы орынларға жасларымыздың саяхатларын шөлкемлестириў мақсетке муўапық болар еди.
Бир сөз бенен айтқанда, жыйналыста атап өтилгениндей жәмийет турмысын түптен жаңалаў бойынша реформалар әмелге асырылып атырған ҳәзирги пайытта руўхый-ағартыўшылық жумысларын әмелге асырыў, миллий, улыўма инсаный қәдириятларды жаслар санасына сиңдириў ҳәм нәтийжеде мәнаўий жетик, кәмил инсанды, еркин шахсты тәрбиялаў мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдарлары болып қалмақта.
Солай екен, бүгинги тез пәтлер менен раўажланып баратырған дәўир менен теңдей қәдем таслаўымыз тийис. Заманнан изде қалыўға ҳеш қандай ҳақымыз жоқ.
Т.Романов.
ӨзМТДП ҚР Кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзМТДП фракциясы баслығы.