Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:50:55, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАС ИСБИЛЕРМЕНЛЕР УШЫН ОҚЫЎ-СЕМИНАРЫ

Нөкис қаласындағы Жаслар орайында республикамыздағы өз исбилерменлигин баслаў нийетиндеги жаслар ушын  «Исбилерменлик тийкарлары» атамасындағы үш күнлик оқыў-семинары өз жумысын баслады.

Илаждың ашылыў салтанатында Өзбекстан жаслар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы, сенатор А.Данияров, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ф.Алламбергенов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды исбилерменликке тартыў ҳәм бәнтлигин тәмийнлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, 2021-жылға елимизде «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы», деп атама берилиўи ҳәр биримизге үлкен жуўапкершилик жүклейди. Өткен жылдың декабрь айында болып өткен Өзбекстан жаслары форумында жаслардың бизнес басламаларын, стартаплары, идеяларын жүзеге шығарыўын  қоллап-қуўатлаў ўазыйпасы белгиленген еди. Сондай-ақ, Саўда-санаат палатасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте «Жаслар: 1+1» бағдарламасы шеңберинде палатаның аймақлық оқыў орайларында жәмлеспеген ҳәм жумыссыз жасларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыўды шөлкемлестириў, «Ҳәр бир исбилермен ­ жасларға мәдаткар» принципи тийкарында 1 исбилерменге 1 жумыссыз жасты бириктириў бойынша қайырлы баслама жәрияланды.

Өзбекстан жаслар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген оқыў-семинардың мақсети,  ҳәр бир қала ҳәм районнан бес  бәнт болмаған жасты мийнет базарында талап жоқары болған қәнигеликлерге ҳәм бизнес жүргизиў көнликпелерине оқытыў, сондай-ақ, жаслардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў, өз исбилерменлигин жолға қойыўға жақыннан жәрдем бериў болып табылады.

Усы күнниң өзинде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы, Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы басқармалары, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги аймақлық басқармасы, Жер дүзиў ҳәм көшпес мүлк кадастры мәмлекетлик кәрханасы қәнигелери тәрепинен «Исбилерменликке дәслепки қәдем», «Бизнес идея деген не?», «Кредит бул не?», «Исбилерменлик пенен шуғылланыўда бос имарат ҳәм жер ажыратыўдың нызамлы талаплары» сыяқлы темалар бойынша тренинглер өткерилди. Сондай-ақ, «Исбилерменлик субъектлерин дизимге алыў тәртиби», «Салық ҳәм салыққа тартыў түсиниклери, «Исбилерменлик психологиясы» бойынша семинарлар өткерилип,  тараўда жетискенликке ерисип киятырған исбилерменлер тәрепинен шеберлик сабақлары өткериледи.

Оқыў-семинары жуўмағында ҳәр бир қатнасыўшы өзлериниң бизнес режелерин таныстырады ҳәм оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен сертификат тапсырылады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түчсирген сүўретлер

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF