Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:58:52, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАР КАМАЛАТЫНА ХЫЗМЕТ ЕТЕТУҒЫН ЖАҢАЛАНЫЎЛАР БОЛАДЫ

Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң 2020-жыл 29-декабрь күнги Олий Мажлиске Мүрәжаты мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң сиясий турмысында ең әҳмийетли ўақыя сыпатында түпкиликли бурылыс жасады.

Ҳеш бир тараў мәмлекетимиз басшысының итибарынан шетте қалмады; жетискенлик ҳәм кемшиликлер анық-рәўшан көрсетип берилди. Сол нәрсеге исенимимиз кәмил, мәмлекетимиз өз раўажланыўында және бир жаңа басқышқа қәдем қоймақта. Мүрәжатта алға қойылған идеялар, көрсетпелер, режелер Ўатанымыздың және де абат, халқымыздың буннан да пәраўан болыўына хызмет етеди. Буны елимизде жасайтуғын ҳәр бир инсан бүгин шын кеўилден сезинбекте.

Бундай терең талқылаў ҳәм анық бақлаўларға тийкарланған мазмунлы ҳәм оғада әҳмийетли болған хүжжет, әсиресе, елимиздиң ертеңги  ийелери болған жасларымыз турмысында айрықша орын тутатуғынлығы анық. Өйткени, олар мәмлекетимиздиң және де гүллеп раўажланыўында өзлериниң жаңаша ой-пикир ҳәм басламалары менен түрли тараўлардағы реформаларда белсене қатнасатуғын ең әҳмийетли күш есапланады. Өз мазмунында усындай ийгиликли мақсетлерди жәмлеген Президент Мүрәжатында 2021-жылға «Жасларды қоллап-қуўатлаў хәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп атама бериў усыныс етилип, жаслар камалаты ушын хызмет ететуғын жаңаланыўлар тийкарында оларға бәрше зәрүр шараятлар ҳәм жаңа имканиятлар жаратылыўы нәзерде тутылған. Жас әўладтың ҳәр тәреплеме бәркамал болып өсиўи, ылайықлы билим ҳәм  илим ийелеўи ушын барлық мүмкиншиликлер қаратылған. Әсиресе, 2021-жылда физика ҳәм инглис, басқа да шет ел тиллерин терең оқытыўға баслы итибар берилгени, қәбилетли ҳәм талантлы жасларды тәрбиялаў зәрүрлиги атап қөрсетилгени бизлерге және де күш-қуўат ҳәм илҳам бағышлады. Билимлендириў системасында, соның ишинде, жоқары билимлендириўде бул пәнлерди терең үйрениў, оны оқытыў методларын жетилистириў және де күшейтиледи. Бул мәселеге тосыннан дыққат қаратылып атырған жоқ, әлбетте. Мәселен, өткен жылы геология, математика, биология ҳәм химия пәнлерин раўажландырыў, оларды оқытыўдың принцип ҳәм методларын түп-тийкарынан реформа етиўге арналған Президент пәрманы, тийисли қарарлар қабыл етилди, арнаўлы мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм жол карталары тастыйықланды. Усы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер тийкарында бул бағдардағы илажлар турмысымызда әсте-ақырын өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте.

Ҳаслында, биз дүнья илим-пәни, инсаният цивилизациясы раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан уллы бабалар әўлады екенимизди ҳеш қашан умытпаўымыз лазым. Бар күш ҳәм имканиятларымызды, илимий потенциалымызды ана-журтымыз раўажына, халқымыз пәраўанлығын тәмийинлеўге жумсаўымыз шәрт. Өткен жылдың 25-декабрь күни Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстан жаслар форумында Президентимиз жасларға қарата: «Сизлерди Өзбекстанның ең үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси, деп билемен. Сизлер үшинши Ренессанс дәўириниң тийкаршысы саналасыз», деп атап өткен болса, Журтбасшымыздың бул  пикири усы Мүрәжатта өзиниң әмелий тастыйығын тапты. Онда: «Биз өз алдымызға мәмлекетимизде үшинши Ренессанс тырнағын қалар екенбиз, буның ушын жаңа Хорезмийлер, Берунийлер, Ибн Синолар, Улуғбеклер, Наўайы ҳәм Бабурларды тәрбиялап беретуғын орталық ҳәм шараятларды жаратыўымыз керек», деп атап көрсетиледи.

Айтып өтиў керек, парла­ментке усыныс етилген Президент Мурәжатының мазмунын ҳәр тәреплеме терең үйрениў, онда белгилеп берилген турақлы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәр биримиздиң миннетимиз есапланады. Онда усы ўақытқа шекем әмелге асырыл­ған унамлы ислердиң логикалық даўамы ретинде 2021-жылда орынланыўы нәзерде тутылған ўазыйпаларға үлкен итибар каратылды. Әсиресе, жоқары билимлендириў тараўында жаңаланыўларға тийкар салатуғын реформаларға айрықша тоқтап өтилди. Бул бағдарда, ең әўеле, тәлим-тәрбия, илим-пән ҳәм инновацияларды раўажландырыў миллий идеямыздың тийкар­ғы бағанасы болып хызмет етиўи лазым екенлиги белгиленди. «Усы мақсет жолында жасларымыз өз алдына үлкен шеклерди қойып, оларға ерисиў ушын кең имканиятлар жаратыў ҳәм ҳәр тәреплеме көмек бериў-бәршемиз ушын ең баслы ўазыйпа болыўы зәрүр. Сонда ғана перзентлеримиз халқымыздың әсирлик арзыў-үмитлерин жүзеге шығаратуғын уллы ҳәм қүдиретли күшге айланады» деп, Президентимиз бүгинги жаслар келешегине исенген ҳалда халқымызға, ҳүкиметимизге, әсиресе, педагог-устазларға оғада уллы ҳәм жуўапкерли ўазыйпа жүклейди. Усы көзқарастан, бул Мүрәжат тек ғана бир жыллық ўазыйпалар менен шекленбей, бәлким, жарқын келешекти гөзлеген ҳәм өзинде уллы мақсетлерди кең қамтыған десек асыра айтқан болмаймыз. Себеби, онда, мәмлекетимизди келешекте және де раўажландырыў мақсетинде халық хожалығының ҳәр бир тараўын жетик, маман кадрлар менен тәмийинлеў ушын жоқары билимлендириўдиң қамтыўын арттырыўға итибар қаратылған. Жоқары билимлендириўге ажыратылатуғын мәмлекетлик грантлар саны кеминде 25 процентке арттырылады. Жоқары оқыў орынларына социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақтың қызлары ушын мәмлекетлик грантлар саны еки жыл ишинде 2 мыңға жеткизиледи. Ал, айрықша баҳаларға оқып атырған мүтәж шаңарақтың қызлары ушын болса арнаўлы стипендиялар енгизиледи. Әлбетте, булардын бәри де  жаслардың  ертеңги жақсы қәнигелер болып жетилисиўи ушын мәмлекетимиз тәрепинен исленип атырған үлкен ғамқорлық болып есапланады.

Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысы ҳәзирги ўақытта жасларымыздың ең абырайлы жоқары оқыў орынларына кириўге умтылыўының күшли екенлигин есапқа алған ҳалда, жеке  меншик  жоқары оқыў орынларына да зәрүр қәнигелерди таярлаў бойынша мәмлекетлик бу­йыртпа бериў системасының жол­ға қойылатуғынлығын белгилеп береди. Бул өз гезегинде жоқары оқыў орынлары арасындағы саламат бәсекиниң нәтийжесинде оқыў сапасының жақсыланыўына ҳәм илимниң раўажланыўына түртки болады. Сондай-ақ, абырайлы шет ел университетлери, илимий ҳәм инновациялық орайлар менен байланысларды күшейтиў, олар менен кадрлар таярлаў бойынша бирге ислесиўди және де кеңейтиў нәзерде тутылады. Усы мүнәсибет пенен «Эл-юрт умиди» фонды  арқалы жетекши жоқары оқыў орынларының магистратура ҳәм докторантурасында оқыўға жиберилетуғын жаслардың саны 5 есеге көбейтиледи. Бул бағдарлама арқалы биринши мәрте бакалавр бағдарында шет еллерге 100 ул-қызларымыз оқыўға жибериледи. Ал, кейинги жыллардан олардың саны 2-3 есеге көбейтиледи. Усы жылдан елимиздеги 30 жетекши жоқары оқыў орынларына оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў, қабыллаў квоталары ҳәм  қаржы мәселелерин  бийғәрез өзлери шешиў ҳуқықы бериледи. Бул жағдай олардың рейтинги ҳәм оқытыў сапасы дәрежесиниң көтерилиўине өзиниң тәсирин тийгизеди.

Соның менен бирге, Мүрәжатта жоқары  оқыў орынларының рейтингин және де жоқарылатыў мақсетинде олардың илимий дәрежелигин асырыўға айрықша итибар қаратылып, 2021-жылы докторантлар саны 4,5 мыңға жеткизиледи, яки 2017-жылға салыс­тырғанда 3 есеге арттырылады ҳәм усы мақсетлер ушын бюджеттен қосымша 240 миллиард сум ажыратылады, деп көрсетиледи.

 Президентимиздиң халықаралық стандартларға ҳәм катего­рияларға сай билим берилетуғын жаңа университет шөлкемлестириў бойынша усынысы да елимиз жаслары ушын үлкен имканиятлар есигин  ашады. Демек, жоқары оқыў орынлары енди жәҳән талапларына жуўап беретуғын  маман кадрларды таярлайды, жасларымызға заманагөй билим сырларын ийелеўи ушын кең мүмкиншиликлер жаратылады ҳәм олар дүньяның қәлеген мәмлекетинде жумыс ислей алатуғын қәнигелер болып жетилиседи. Бул бизлерге және де үлкен жуўапкершилик жүклейди. Мәмлекетимиз раўажланыўының тийкары илим-пән ҳәм инновациялар екен, алдағы ўазыйпамыз — бәршемиз бир мақсет жолында бирлесип, ҳәр биримиз Журтбасшымыздың басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформаларға ылайықлы үлес қосыўымыз тийис. Мине усындай уллы ҳәм ийгиликли ислерге хызмет етиў ең баслы миннетимиз болып қалады.

 А.РЕЙМОВ,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF