ИНТЕРНАТ ҮЙИНЕ БАЙРАМ САЎҒАСЫ
Усы жыл 30-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Нөкис «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ҳаяллар интернат үйинде болып, жәмәәтти жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.
Республикамыз басшысы бул жерде емлениўшилер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси атынан баҳалы саўғалар тапсырылды.
Интернат үйинде бүгинги күни өзгелер тәрбиясына, медициналық ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж, руўхыятында сезилерли нуқсаны бар 18 жастан жоқары I ҳәм II топар майыплығы болған 250 шахс жасап келмекте. Интернат имараты 2017-2018-жыллар даўамында Инвестиция бағдарламасына муўапық, жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Бул жерде жасаўшылар ушын барлық шараятлар жаратылған. Олар қәнигели шыпакерлер тәрепинен жылына еки мәрте тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилип турады. Ҳаял-қызлар керекли протез-ортопедия буйымлары, реабилитация техникалық қураллары менен жетерли дәрежеде тәмийинленген. Бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын китапхана, спорт ойынлары бөлмелери болып, керекли инвентарьлар менен тәмийинленген. Сондай-ақ, ашық ҳаўада баскетбол, волейбол ҳәм жуўырыў майданшаларында шуғылланыў имканиятына ийе. Буннан тысқары, тигиў, пишиў, қосық ҳәм аяқ ойын ҳәм басқа да дөгереклер шөлкемлестирилген. Бул жерде ҳәр бир байрам күнлери түрли илажлар өткерилип турады.
Мийманларға жаңа жыл байрамы менен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы қойып берилди.
Илаж соңында Нөкис «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ҳаяллар интернат үйиниң директоры Лидия Романовна Ким шығып сөйлеп, бундай итибары ҳәм ғамқорлығы ушын Президентимизге, республикамыз басшыларына миннетдаршылық билдирди.
***
Сондай-ақ, М.Камалов Хожелидеги «Меҳрибанлық үйи»нде де болып, тәрбияланыўшыларға байрам саўғаларын тапсырды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.