Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:40:29, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘРТЛИК ИСЛЕРИ МҮНӘСИП БАҲАЛАНДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Президентимиздиң пәрманларына муўапық, «Жасорат» медалы менен сыйлықланған Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы неврология бөлиминиң үлкен мийирбийкеси, марҳум Зульфия Джуманиязова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының бөлим баслығы, марҳум Есемурат Қайыпназаровтың шаңарағында болып, жақынларының ҳалынан хабар алды.

Онда марҳум З.Джуманиязова ҳәм Е.Қайыпназаровтың коронавирус пандемиясы себепли жүзеге келген қыйын ҳәм сынақлы күнлерде өз өмири менен денсаўлығын қәўипке қойып, инфек­цияның кеңнен тарқалыўының алдын алыў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, өзиниң ерлиги, билими ҳәм потенциалы, профессионаллық шеберлигин көрсетип, халықтың саламатлығын қорғаў, наў­қаслардың өмирин сақлаў, оларға үлкен итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў бағдарындағы айрықша хызметлери, тынышлықты тәми­йинлеў, турақлылық және жәмийетлик тәртипти беккемлеў бағдарындағы хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында көрсеткен мәртлиги ҳәм пида­йылығы жоқары баҳаланып, олардың естелиги хал­қымыздың жүрегинде мәңги сақланып қалатуғыны атап өтилди.

Марҳумлардың шаңарағына медальлар ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

— Өмирлик жолдасым Зульфия Джуманиязова усы тараўда 1996-жылдан берли ислеп келди,-дейди оның өмирлик жолдасы Қыдырбай Атабаев. — Оның апа-сиңлилери де усы тараўларда жумыс ислеп келмекте. Мен де О.Халмуратов атындағы республикалық көп тармақлы медицина орайында уролог шыпакер болып ислеймен.

Зульфия туўралы бәрқулла жақсы гәплерди еситип келдим. Ол кәсибине пидайы инсан еди. Күни-түни демей наўқасларға қарап, олар саўалып кетемен дегенше, тынып-тыншымайтуғын еди.

Президентимиз ҳәм республикамыз басшылары тәрепинен усындай пидайы инсанлар қатарында оның да мийнетлерин есапқа алып, «Жасорат» медалы менен сыйлықлан­ғаны ушын шексиз миннетдармыз...

***

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов Әмиў­дәрья районы аймағында жасаўшы, 100 жастан ас­қан инсан, «Шуҳрат» медалы менен сыйлықлан­ған Қатша Беканованы да қызғын қутлықлап, сыйлықты ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырды. Өз гезегинде теберик анамыз да жыллы тилеклерин ҳәм миннетдаршылығын билдирди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF