МӘМЛЕКЕТЛИК СЫЙЛЫҚЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ
Президентимиздиң пәрманлары менен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 29 жыллық байрамы алдынан өзиниң жарқын таланты, көп қырлы дөретиўшилиги, илимий-инновациялық жумысы менен елимиздиң илим, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын раўажландырыў, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында ҳәр тәреплеме бәркамал етип тәрбиялаў жолындағы нәтийжели хызметлери және жәмийетлик жумысларға белсене қатнасқаны ушын бир топар жерлеслеримиз ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар, сондай-ақ, республикамыздың социаллық-экономикалық раўажланыўына өзлериниң мүнәсип үлесин қосып киятырған бир қатар мийнет алдынғылары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен ҳүрметли атақлар, көкирек нышанлары менен сыйлықланған еди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов жыйналғанларды сыйлықлары менен қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиздиң республикамызға болған айрықша итибары және ғамқорлығының нәтийжесинде Нөкис қаласында, барлық районларда кең көлемли қурылыс және абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Елимиз басшысының усы жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында үш жыллық бағдарлама ислеп шығылды ҳәм бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.
Илажда мәмлекетлик сыйлықлар — ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Сыйлықланғанлар атынан Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы вирусология лабораториясының баслығы, II дәрежели «Саломатлик» ордениниң ийеси О.Миронец, Шоманай районының ҳәкими, «Содиқ хизматлари учун» медалы ийеси Б.Янгибаев, Кегейли районы Ишки ислер бөлиминиң аға оператив ўәкили, «Содиқ хизматлари учун» медалы ийеси Г.Матқурбанов, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги әскерий бөлим топар аға инструкторы, «Жасорат» медалы ийеси Ж.Абдираманов, шайыр, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Г.Дәўлетова, «Қорақалпоғистон тонги» газетасының Бас редакторы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Н.Матякубова сөзге шығып, мийнетлерин жоқары баҳалағаны ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди. Келешекте елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы жолында буннан былай да пидайылық көрсететуғынлығын атап өтти.
— Бул азы-кем мийнетиме берилген жоқары баҳа деп билемен ҳәм оны шын мәнисинде ақлаўға ҳәрекет етемен,-дейди «Қорақалпоғистон тонги» газетасының Бас редакторы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Назира Матякубова. — Мен журналист сыпатында Қарақалпақстанның раўажланыўы жолында әмелге асырылып атырған жумысларды кең ракурста сәўлелендириўимиз керек, деп есаплайман. Бул ең дәслеп халықтың жақсы жасаўы ушын алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттан хабардарлығын арттырса, екиншиден, Өзбекстанның халықаралық майдандағы имиджин қалыс ҳәм исенимли жарытыўға хызмет етеди...
Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўдағы пидәкерлик мийнетлери, тараўлардағы жоқары нәтийжелери менен табыслары, аймақта экологиялық турақлылықты тәмийинлеўдеги хызметлери, көпшиликке өрнек ислери ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын бир топар жерлеслеримизге «Ардақлы нураный», «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» көкирек нышанларын тапсырыў мәресими болды.
Илажларға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.