Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:33:50, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СЕНАТОРЛАР АЙМАҚЛАРДЫ КОМПЛЕКСЛИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ЖОЙБАРЛАРЫ МЕНЕН ТАНЫСПАҚТА

Усы жылдың 2-октябрь күни болып өткен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев  ҳәр бир қала ҳәм районды комплексли раўажландырыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берген еди.

Соның менен бирге, усы жылдың 11-ноябрь күни  мәмлекетимиз басшысының «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.  Усы қарар менен, барлық тараўлардың мақсетли көрсеткишлери белгиленип, келеси үш жылда әмелге асырылатуғын  жойбарлар ҳәм илажлар бағдарламасы тастыйықланды.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында турақлы ислеўши сенаторлар республикамызда болып, усы қарардың мазмун-мәнисин халқымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барып, әмелге асырылыўы белгиленген жойбарлар, олардың орынланыў механизмлери менен жақыннан таныспақта.

Атап айтқанда, Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң баслығы Б.Тажиев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймовалар өзлерине бириктирилген Әмиўдәрья районында болып, дәслеп халық депутатлары районлық Кеңестиң турақлы комиссияларының баслықлары менен ушырасты. Онда атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарары менен Парламентлик қадағалаўды әмелге асырыўда, Президент қарарларының мазмун-мәнисин халықтың арасында түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаўда Сенат ағзаларына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары менен үзликсиз байланысты жолға қойыў тапсырылған. Усы мақсетте аймақларға бириктирилген сенаторлардың ҳәр айда бир мәрте  жергиликли Кеңеслердиң депутатлары ҳәм турақлы комиссия­лары менен биргеликте ушырасыў өткерип, Президент қарарындағы белгиленген тапсырмаларды орынларда додалап барыў белгиленген. Сенаттың аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң баслығы Б.Тә­жиев халық депутатлары Әмиўдәрья районлық Кеңесиниң турақлы комиссияларына Президент қарарының  мазмун-мәнисин халыққа кеңирек жеткериў ушын орынларда ушырасыўлар өткерип, үгит-нәсият илажларын күшейтиў зәрүрлигин айрықша атап өтти.

Буннан кейин Президентимиздиң «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын қадағалаў ҳәм бул бағдарда әмелий жәрдем бериў  бойынша штабтың мәжилиси болып өтти. Онда районнан сайланған  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары районлық Кеңестиң депутатлары, район ҳәкимлигиниң жуўаплы хызметкерлери, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары  қатнасты.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң қарары менен районда тоқымашылық санаатын ҳәм бағшылықты раўажландырыў «өсиў ноқаты» деп белгиленип, бул бойынша жумыслар баслап жиберилди. Соның менен бирге, жаңадан шөлкемлестирилген исбилерменлик субъектлерине 2024-жылдың 1-январына шекем жер салығы, мүлк салығы, киши кәрханалардың айланысынан алынатуғын  салық, жеке тәртиптеги исбилерменлер қатаң муғдардағы дәрамат салығынан азат етилди. 2020-2022-жылларда әмелге асырылатуғын инвести­циялық жойбарлардың мәнзилли дизимине Әмиўдәрья районы бойынша 77 жойбар киргизилген болып, оларды қаржыландырыў дәреклери анық белгилеп қойылған.

Мәжилисте коммер­циялық банклерге бул жойбарларды өз ўақтында қаржыландырыў, ўәкилликли уйымлардың басшыларына жойбарды ти­йисли инфраструктура  менен тәмийинлеў, депутатларға болса, бул бағдарда жүзеге келетуғын машқалаларды шешиўде әмелий жәрдем бериў ўазыйпасы тапсырылды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң баслығы Б.Тажиев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, район ҳәкими С.Йулдашев социаллық-экономикалық тараўлардағы жойбарлардың барысы, үйме-үй жүриў арқалы машқалалар менен танысты. Бунда қарардың мазмун-мәнисин кеңнен түсиндириў менен бирге, шешилмеген маш­қалалардың дизимин қәлиплестириў, «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери»не кирген шаңарақлар менен системалы ислесиў механизмине айрықша итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, жумысшы топар «Ақ алтын» аўылындағы Орынбай Шамуратовтың шаңарағында болып, жағдайы менен танысты. Бул пуқара материаллық жетиспеўшилик себепли үйин ремонтлап бериўде әмелий жәрдем сорап район ҳәкимлигине мүрәжат еткен еди. Сенаттың комитет баслығы басшылығындағы жумысшы топар бул шаңарақтың жағдайын үйренип, жәр­дем берилетуғынын билдирди. Буннан кейин инвести­циялық жойбарлардың мәнзили дизимине киргизилген «Амударё соҳили» фермер хожалығында шар­ўашылықты раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын жойбар менен танысты. Бул фермер хожалығына Нидерландия мәмлекетинен 95 бас нәсилли қарамал алып келинди. Жыл ақырына шекем және 251 бас қарамал келинеди. Улыўма баҳасы 9 миллиард сум болған жойбар исбилерменниң 1 миллиард сум қаржысы ҳәм 8 миллиард сум банк кредити есабынан әмелге асырылмақта. Жойбар иске түсиўи менен 10 жумыс орны жаратылады.

Бул фермер хожалығы шарўашылықта айтарлықтай тәжирийбеге ийе. Бир ғана быйылғы жылдың өзинде қара маллардың нәсилин жақсылаў мақсетинде Қазақстаннан 40 бас нәсилли қарамал алып келинип, жергиликли ықлым шараятымызға бейимлестирилмекте.

Буннан кейин жумысшы топар ағзалары инвестициялық жойбарлардың мәнзилли дизимине киргизилген және бир «Эркин Расулов асалчи» фермер хожалығы тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбар менен танысты.  Бул жерде қусшылықты раўажландырыў ҳәм музлатқыш қурыў жойбары алып барылмақта. Бул музлатқыш усы жылдың ақырына иске түсириледи ҳәм  10 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.

Район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Файзулла Садуллаевтың атап өткениндей, жерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде Әмир Темур аўылы  аймағынан улыўма майданы 18,5 гектар болған жети бағшылық бағдарындағы 18 жойбар, майданы 22,9 гектар жерге ыссыхана қурыў мақсетинде 2 жойбар сыпатында исбилерменлерге бериў реже­лес­тирилген. Сондай-ақ, 7 фермер хожалығы тәрепинен жәми 71 гектар майданда Түркия технологиясы тийкарында бағ шөлкемлестириў, майданы 21,7 гектар болған көллерде балықшылықты раўажландырыў бойынша 4 жойбар әмелге асырылады.

Жумысшы топар районда гүзги-қысқы мәўсимге таярлық, халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў ҳәм басқа да жумыслардың барысын көзден өткерди.

Сенаторлардың республикамыздың қала ҳәм ра­йонларын комплексли раўажландырыў бойынша жумыслар менен танысыўы даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF