ҮСТИРТ, АРАЛДАҒЫ МИНАРА ҚУРЫЎШЫЛАР...
Өмиримниң тең жартысын дүзде өткерип, күш-қуўатым толысқан шақта ҳүрметли демалысқа шыққалы үйге сыймай атырман. Үстиртти, Аралымды сағындым, дейди мийнетине жараса ғәрезсизлигимиздиң 29 жыллық байрамы ҳүрметине «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери» ҳүрметли атағына миясар болған, «Үстирт қыдырыў-бурғылаў басқармасы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң минара қурыўшы бригадири Алламберген Нәжиматдинов.
Үстирттиң қубылмалы тәбияты, қыстағы қақаман суўықлар, таў теңселдиретуғын күшли самалының епкини менен еки есеге күшейер еди. 1990-жылы «Үрге»деги қалың қарда от-шөплер аўзына илинбей ашырқаған кийиклер азанға шекем вагонларымызды ықлаўға келисти. «Абадан» разъези тусында қарды омбалаған, көкшил реңли қасқырдың таяқ таслам жерде мүләйимсип турғанларын көрдим...
1979-жылы Қоңыраттағы Орджоникидзе атындағы мектепти тамамлаған Алламберген хожалықларға суў тармақларын тартыў, жолларға асфальт төсейтуғын мәкемелерде бираз жыллар ислеп, қара мийнетте шынығады. Адамды турмыс бийлегениндей, халық тили менен айтқанда, мийнет ҳақысы көплеў «буровой»ға жумысқа киреди. Газ-нефть тараўы бойынша оқыған белгили-баслы қәнигелиги болмағаны ушын әпиўайы жумысшы болғанда, мың да бир бөлектен туратуғын «Уралмаш» деп аталыўшы өзимизде ислеп шығарылатуғын газди бурғылап алатуғын минара-вышканы көширип-қондырыўдан жумысын баслайды. Қәнигелер нешше мың метр тереңликтеги тәбийғый газдиң запасын анықлап бергеннен соң бураўлап алыў ушын трубалар жиберетуғын вышкаларды көширип әкелиў ҳәм басқа орынларға көшириў машақатлы ис еди. Бийиклиги 53 метр, салмағы 75-80 тонналық вышканы белгиленген ўақытта басқа кәнлерге көширип, қайта тиклеўде Радик Хайруллин, Ринат Сайфуллин, Азат Алламбергеновтай өз исиниң маманлары атанған устазларына шәкирт түседи. Вышкаларды турған жеринде жүк көтериўши кранлар арқалы көтерип, дөңгелекли «Калбаум» механизми үстине орнатыўдан үш-төрт шынжырлы, қуўатлы тракторларға трост пенен сүйретип, күнине 20 километр жол басқан. Оның ушын жүретуғын жолы мәйек жумалатқандай тегис болмаса аўып, қулап кетиў итималлығы күшли болғанлықтан техникалық қәўипсизлик қағыйдаларына қатты итибар бермесе болмайтуғын еди. Ойлы-бәлентли, түсерлик-минерлиги көп жерлерге тап келсе, майда бөлеклерге бөлип көшириў ушын бир ҳәпте ўақыт жумсап, және бир ҳәпте қурастырып жүрди. Аўыр жүк машиналарына жүз рейслик жүк болып, ислеп атырған басқармасына илажы болғанынша пайдалы жолын таңласты. Усылайынша, Үстиртиң үсти менен бүгинги күнде Арал теңизи ултанында табаны тиймеген жерлер қалмаған есабы. «Үрге», «Шағырлы», «Сүргил», «1-2-3-Бердақ», «Түслик Қуўаныш», «Барсакелмес», «Хаджинский», «Абадан» сыяқлы газ кәнлерине вышкаларды қурыўға белсене қатнасады. Бир жерде турақлап турмастан, ўақыт пенен есапласпай ислегенде көшпели темир вагонларындағы тиришиликке көнлигиўге мәжбүр болады.
Жыллар жылдырымдай жылжып өтиўи менен өзи де устазлық дәрежесине жетискен. Азамат Пирназаров, Асан Тәңирбергенов, Қәдир Қудайбергеновтай шәкиртлер таярлап үлгереди.
Кәсипке садықлығын әўладтан-әўладына өткерип, жалғастырыўынан көриўге болады. Жумысқа сиңисиўден инилери Емберген менен Убайдуллаларға да «буровой»дың нанын жегизеди. Өзи ҳүрметли демалысқа шығарда үлкен баласы Камалатдин орнында ислеп қалса, генжетайы Ахунжан да Қоңырат санаат кәсип-өнер колледжиниң нефть-газ қәнигелигин ийелеў ушын оқыўға түседи.
Ықласланып ислеген тынымсыз мийнетлери өз ўақтында ылайықлы баҳаланып, 2011-жылы «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланады, ғәрезсизлигимиздиң 25 жыллық байрамында көкирек нышанын алған. Өмирлик жолдасы Марьям менен жети ул-қызды өсирип камалға келтирген, ақлық сүйген бахытлы ата-ана.
Бурынлары бул жумыслар көлемин басқармамызда бир бригада атқаратуғын болса, ендиликте екинши бригаданы ашыўға туўра келди. Сонша машақатлы мийнетлеримиз бенен көширип әкелген вышкаларымызда тәбийғый газ көбирек шықса қандай қуўанатуғынымызды билсеңиз еди, дейди Алламберген кеўилли түрде.
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,
өз хабаршымыз.
Қоңырат районы.