Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:37:32, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИЙИС ГАЗИНЕН САҚЛАНАЙЫҚ

 Ҳәр жылы қыс мәўсими басланыўы менен өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына муўапық жылытыў тармақларынан пайдаланбаған тутыныўшылар арасында, ийис газинен жәбир көриўшилер ушырасып турады.

Негизинде, ийис гази адам организмине дем алыў жоллары, аўқат сиңдириў тракти, тери арқалы киреди. Егерде, оның тәсири кемеймесе, орташа дәрежедеги зәҳәрлениў раўажланады. Бундай жағдай жүз берсе, дәрҳал тез жәрдем шақырыў керек.

Тез жәрдем жетип келемен дегенше биринши жәрдем көрсетиў ушын ең дәслеп, ийис газиниң организмге кириўин тоқтатыў керек. Буның ушын, зәҳәрленген адамды тез таза ҳаўаға алып шығыў зәрүр. Егер буның илажы болмаса, есик ҳәм айналарды ашып, хананы самаллатқан мақсетке муўапық.

Жәбирленгенниң дем алыўы тоқтап қалса, жасалма түрде дем алдырыў керек. Ал, наўқастың ақыл-еси жайында болса, денениң жоқары бөлими яғный қысып турыўшы кийимлердиң жағалары босатылады, ыссы чай ҳәм кофе ишкизиледи.

Жоқарыда атап өткенимиздей, қыс мәўсиминде тәбийғый газге болған мүтәжлик ҳәр қашанғыдан да жоқары болады. Усындай пайытларда, ең дәслеп тәбийғый газден қәўипсиз ҳәм ақылға уғрас пайдаланыўға итибарды күшейтиў талап етиледи. Сонлықтанда, билимлендириў мәкемелеринде, кәрхана, мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары турғынлары арасында ийис  газинен зәҳәрлениў, газ-ҳаўа араласпасынан келип шығатуғын   бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў бойынша үгит-нәсият, түсиндириў жумыслары турақлы алып барылғанда ғана, нәтийжеге ерисемиз.

 

Т. АЛЛАМБЕРГЕНОВ,

 «Uz-Kor Gas Chemical» ЖШЖ қоспа кәрханасы ҳәм оның қурамындағы обьектлери имаратларында өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўди шөлкемлестириў бөлими профилактика аға инспекторы, лейтенант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF