БАСПАСӨЗ КОНФЕРЕНЦИЯСЫ
14-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясының басламасы менен гендер теңликти тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар, машқалалар ҳәм усынысларға бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.
Баспасөз конференциясына мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жоқары оқыў орынларының басшылары ҳәм де ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы — Гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясының баслығы Т.Нарбаева елимизде бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти.
Сондай-ақ, гендер теңликти тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған жумыслар кеңнен додаланды. Соның менен бирге, ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқықларды, имканиятларды тәмийинлеў, әсиресе, ҳаяллар арасында жынаятшылықты кемейтиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, ҳуқықый саўатын арттырыў мәселелери ҳаққында да сөз етилди.
Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўлары менен мүрәжат етип, пикир-усынысларын да билдирип өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети.