Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:42:25, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДЕПУТАТЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Бәршеңизге белгили, ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен усы жылдың 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында республикамыздың ҳәр бир қала ҳәм районын раўажландырыўға, халықтың турмысын жақсылаўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

Мине усы мақсетте республикамызды жаңаша раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыў ушын хожалық ҳәм исбилерменлик субъектлери үйренилип, әҳмийетли мәселелер анықланды.

Усы таллаўлар тийкарында 11-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Республикамызды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыўдың әҳмийетли жөнелислери белгиленип, Қарақалпақстанды раўажландырыў бойынша 3 жыллық бағдарлама ислеп шығылды.

Республикамызда хызмет сапары менен болып турған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Т.Нарбаева ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыў барысы менен таныспақта.

14-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жо­қар­ғы Кеңесинде депутатлар менен өткерилген ушырасыў да мине усы бағдарда болды.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Т.Нарбаева ҳүрметли Президентимиз басшылығында Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге тоқтап өтип, 3 жылға гөзленген бағдарламаның ислеп шығылыўы ҳәм әмелиятқа енгизилиўи де елимиз басшысының Қарақалпақстанға деген айрықша итибары ҳәм ғамқорлығының және бир әмелдеги көриниси екенлигин айрықша атап өтти ҳәм бул бағдарда кешиктирип болмайтуғын ўазыйпаларды белгилеп берди.

Қабыл етилген қарардың толық мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйледи.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслықлары Д.Қурбаниязов, Ш.Атаниязов, А.Данияров ҳәм З.Реймовалар белгиленген ўазыйпалардың өз мүддетлеринде сапалы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде депутатлардың ҳәр бир қала, районға бириктирилгенлигин ҳәм бул ийгиликли ислерде депутатлар да белсендилик көрсететуғынлығын айтып өтти.

Сондай-ақ, бул бағдарда исленетуғын әҳмийетли жумыслар ҳәм олардың орынланыўы ҳаққында сенаторлар менен депутатлар да өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF