ЖЫНАЯТШЫЛЫҚ ҲӘМ КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎГЕ ҲӘМ ӘДИЛ СУДЛАЎДЫ ТӘМИЙИНЛЕЎГЕ БАҒЫШЛАНДЫ
Бәршемизге белгили, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында әдил судлаўды тәмийинлеў, жынаятшылық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы илажлар жаңа басқышларға көтерилип бармақта.
Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары елимизде суд ҳәм басқа тараўларда алып барылып атырған түпкиликли реформалар, нызамшылыққа киргизилип атырған қосымша ҳәм өзгерислер өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.
Усы жылдың 30-июнь күни ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы ўазыйпаларды додалаўға арналған видеоселектор мәжилисинде бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды және де жеделлестириў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Мине усы мәжилис протоколында белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Олий Мажлис Сенатында дүзилген жумысшы топар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды жылаўлаў, жынаятшылық профилактикасын және де жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциядан жырақ аймаққа айландырыў бойынша 70 бәнттен ибарат, 13 жөнелис бойынша «Жол карта»сының жойбары ислеп шығылған.
12-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы «Жол карта»сын додалаўға бағышланған мәжилис болып өтти.
Илажда Олий Мажлис Сенаты ҳәм жумысшы топар ағзалары, Жоқарғы Кеңес депутатлары, ҳүкимет ағзалары, ҳуқық қорғаў уйымлары, тийисли министрлик, шөлкемлердиң басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева сөзге шығып, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықты қыйнап киятырған машқалаларды шешиў, турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша алып барылып атырған ийгиликли ислерди, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасын 2020-2023-жылларда комплексли раўажландырыў бағдарламасы ислеп шығылғанлығын айрықша атап өтти. Соның менен бирге, елимизде әдил судлаўды тәмийинлеў, коррупцияға қарсы гүресиў, жынаятшылықтың алдын алыў бағдарында алып барылып атырған илажларға тоқтап өтип, жынаятшылықтың ерте алдын алыў бойынша ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте басқа да мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў, системада жүзеге келген машқалаларды сапластырыў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берди.
Буннан кейин сөзге шыққан исши топар ағзалары «Жол карта»сында белгиленген ўазыйпалар бойынша толық түсиник берип, өзлериниң пикир-усынысларын билдирип өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети.