Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:52:34, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАРАТЫЛҒАН ЖАҢА ҚОЛАЙЛЫҚ

Пандемия дәўиринде нотариаллық кеңселер тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыл етиўде нотариуслерге зәрүрлик болмаса, мүрәжат етпеўи усыныс етилди.

Мәмлекетимизде орнатылған карантин тәртиби себепли нотариуслар басқаша жумыс алып барыўға өтти. Бунда пуқаралар үйде болыўы ҳәм де карантин жағдайына байланыслы тәртиплерге әмел етиўди сорай отырып, нотариусларға онлайн мүрәжат етиўи усыныс етилди.

Кешиктирип болмайтуғын зәрүр нотариаллық ҳәрекетлер (ўәсиятнама, исеним хат ҳ.т.б.) рәсмийлестириўге келгенде, әўелден автоматластырылған е-notarius.uz  сайтында дизимнен өтип, ҳүжжетлердиң электрон көширмесин жибериў ҳәм нотариустан телефон арқалы мағлыўматлар алыў жолға қойылды. Пандемия дәўиринде нотариус хызметинен пайдаланыў ушын е-notarius.uz сайты арқалы үйден шықпай турып, нотариус қабыллаўына онлайн тәртипте нәўбетке жазылыў, сондай-ақ,  усы сайт арқалы бәрше нотариаллық ҳәрекетлер ҳаққында толық мағлыўмат алыў ҳәм нотариус калькуляторы хызметинен пайдаланып, мәмлекетлик бажы ҳәм басқа төлемлерди ғәрезсиз есаплаў имка­нияты жарытылды. Бундай нотариаллық ҳәрекетлер бойынша мәсләҳәт ҳәм сораўларға жуўап алыў ушын @notariusmaslahati bot каналы турақлы искерлик жүргизип келмекте. Бул ҳәммеге қолайлы жағдай жаратты.

Н.УТЕШОВА,

Нөкис қаласында жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF