«ЖОЛ КАРТАСЫ»Н ДОДАЛАДЫ
Усы жыл 12-ноябрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасында жынаятшылықтың алдын алыў, жынаятшылық профилактикасын буннан былай да жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциядан жырақ аймаққа айландырыў бойынша ислеп шығылған «жол картасы»н додалаўға бағышланған жумысшы топардың мәжилиси болып өтти.
Онда Олий Мажлис Сенаты ҳәм жумысшы топар ағзалары, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, тийисли министрликлердиң басшылары, ҳуқық қорғаў ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов басқарып барды.
Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Норбоева нызам үстинлигин тәмийинлеў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жумысшы топар ағзаларының ўазыйпаларына тоқтап өтти.
Сенаттың суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети баслығының орынбасары, жумысшы топардың басшысы Ш.Чўллиев, Қарақалпақстан Республикаси Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары, жумысшы топар басшысының орынбасары А.Давлетов, Олий суд баслығының биринши орынбасары Р.Махмудова, Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының баслығы Г.Базарбаева ҳәм басқа да жумысшы топар ағзалары шығып сөйлеп, судлардың бийғәрезлигине ҳәм әдил судлаўға ерисиў, коррупцияға қарсы гүресиў, жынаятшылық профилактикасын буннан былай да жетилистириў бойынша пикир-усынысларын билдирди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 30-июнь күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында ўазыйпалар белгилеп берилди. Усы мәжилис протоколы тапсырмаларын орынлаў бойынша шөлкемлестирилген жумысшы топар ағзалары тәрепинен республикамызда жынаятшылықтың алдын алыў, жынаятшылық профилактикасын буннан былай да жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциядан жырақ аймаққа айландырыў бойынша 70 бәнттен ибарат, 13 бағдар бойынша «жол картасы» жойбары ислеп шығылды. Сондай-ақ, барлық илажлардың әмелге асырылыў мүддетлери белгиленип, ҳәр бир бәнтке тийисли министрлик ҳәм мәкеме басшылары жуўапкер етип бириктирилди.
Президентимиздиң усы жыл 2-октябрь күнги Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында белгилеп берилген тапсырмалар тийкарында пуқаралар жыйынларында жынаят ислеўге бейим болған шахслар менен арнаўлы профилактикалық илажлар өткерилип, ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Жумыссызлардың бәнтлигин тәмийинлеўде кем тәмийинленген пуқараларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетилип келинбекте. Бунда әсиресе, жәрдемге мүтәж шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў, олардың мийнетке жарамлы ағзаларын жумысқа орналастырыў, сектор басшыларының жуўапкершилигин арттырыў арқалы жынаятшылықты азайтыўға айрықша итибар қаратылмақта. Жынаят саны артқан пуқаралар жыйынларында патруллик бағдарлар көбейтилип, кримонеген жағдай турақлы аймақларда мәнзилли профилактикалық илажлар күшейтилмекте.
Усы жылдың январь-октябрь айларында 201 мәкан пуқаралар жыйынында улыўма жынаят жүз бермеген болса, 18 пуқаралар жыйынында жынаятшылықтың саны азайған. Жас өспиримлер тәрепинен 9 районда, ҳаял-қызлар тәрепинен 2 районда улыўма жынаят болмаған. Жол-транспорт ҳәдийселери усы дәўирде 50 ге азайған. Тонаўшылық ҳәм басқыншылық жынаятларына жол қойылмаған.
Соның менен бирге, январь-октябрь айларында жүз берген жынаятлардың саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 411 ге, яғный 39,6 процентке өскенлиги атап өтилди. Бул жынаятлар таллап көрилгенде, онша аўыр болмаған, аўыр, оғада аўыр, жас өспиримлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында жынаятлар өскен.
Өткен дәўирде Жынаят, Пуқаралық, Ҳәкимшилик ҳәм Экономикалық судлар тәрепинен жәми 23 мыңнан аслам ис көрилип, соннан 17,5 мың ис бойынша тийисли қарар қабыл етилген. Буннан тысқары, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәкемелер аралық комиссия баслығының есабаты сессияларда тыңланып, илажлар ҳәм қарарлар қабыл етилмекте. Сондай-ақ, тийисли тараў ҳәм атқарыўшы уйымлар басшыларына анық ўазыйпалар белгилеп берилмекте.
Январь-октябрь айларында прокуратура уйымлары тәрепинен өткерилген илажлар нәтийжесинде коррупция ҳалатлары бойынша 43 жынаят қозғатылып, соннан 42 ис бойынша 58 шахс жынайый жуўапкершиликке тартылған. Соннан жеткерилген 9 миллиард 530 миллион сум муғдарындағы материаллық зыянның тергеў процесинде өндирилиўи тәмийинленди.
Жумысшы топар ағзалары тәрепинен пуқаралар жыйынларында тынышсыз шаңарақлар, жәмлеспеген жаслар ҳәм аўыр шараятқа түсип қалған ҳаял-қызлар менен тиккелей ислесиў, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын арттырыў, жынаятшылықтың ерте алдын алыў, «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни»нде жынаятшылықтың себеплерин анықлаў бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Судлар ҳәм тергеў уйымларының жумысларының ашық-айдынлығын арттырыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, суд уйымларының Халық қабыллаўханалары, халық депутатлары жергиликли Кеңеслери менен бирге ислесиўин күшейтиў, жынаят жүз берип атырған пуқаралар жыйынларында көшпели суд мәжилислерин өткериўди даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәжилисте «Жол картасы»нда белгиленген ўазыйпалардың ўақтында орынланыўын тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.