ЖАҢА НЫЗАМ: ОНЫҢ ӨЗИНЕ ТӘН ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ
Бүгинги күнде билимлендириў тараўын түптен жетилистириў дәўир талабына айланған. Усы талаптан келип шығып, билимлендириў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилмекте.
Өзбекстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамы 2020-жыл 23-сентябрь күни қабыл етилип, оның мақсети билимлендириў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.
Бул нызам дүнья жүзилик стандартлары талапларынан келип шығып тараўдағы қатнасықларды тәртипке салыўдың қамтыўы кеңлиги ҳәм өзине тән өзгешеликлерине ийе екенлиги менен 1997-жыл 29-августта қабыл етилген «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамнан түпкиликли парық етеди. Нызамда билимлендириўдиң мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия, улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, профессионаллық билимлендириў; жоқары билимлендириў, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын асырыў ҳәм мектептен тысқары билимлендириў киби түрлери белгиленген.
Нызамның 11-статьясы жоқары билимлендириўге арналған болып, бунда бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша жоқары маман кадрлар таярланыўы белгиленген. Бундағы тийкарғы өзгерислерден бакалавриат басқышында оқыў даўамлығы кеминде үш жыл, магистратура басқышында оқыў даўамлығы кеминде бир жыл етип белгиленгенлигин айрықша атап өтиў зәрүр.
Нызамда белгиленген аралықтан билимлендириў ҳаққындағы қағыйда оқыў режелери ҳәм оқыў бағдарламаларына муўапық билим алыўшылар тәрепинен зәрүр билим, маманлық ҳәм көнликпелерди хабар-коммуникация технологияларынан ҳәм де Интернет дүнья жүзилик хабар тармағынан пайдаланған ҳалда аралықтан турып алыўға қаратылған.
Нызамда дуал билимлендириўге тийисли қағыйдалар белгиленип, ол билим алыўшылар тәрепинен зәрүр билим, маманлық ҳәм көнликпелерди алыўға қаратылған, олардың теориялық бөлими оқыў орны негизинде, әмелий бөлими болса билим алыўшының жумыс орнында әмелге асырылады.
Соның менен бирге, үлкен жастағыларды оқытыў ҳәм оларға билим бериў ҳаққында қағыйдаларға үлкен жастағыларды оқытыў ҳәм оларға билим бериў — бул пүткил өмир даўамында оқытыўдың орайлық қурам бөлеги болып, билим бериў ҳәм де оқытыўдың жәмийет турмысында ҳәм мийнет искерлигинде үлкен жастағылардың қатнасыўын тәмийинлеўге қаратылған барлық формаларын өз ишине алған, сондай-ақ, рәсмий, рәсмий емес ҳәм информал оқытыў процесслериниң пүткил жыйындысын қамтып алыўы баян етилген.
Буннан тысқары, нызамға инклюзив билимлендириў ҳаққындағы қағыйдалар киргизилип, оған муўапық, инклюзив билимлендириў айрықша билимлендириў итияжлери ҳәм индивидуал имканиятлардың түрлилигин есапқа алып барлық билим алыўшылар ушын оқыў орынларында билим алыўшыға болған тең имканиятларды тәмийинлеўге қаратылған. Физикалық, ақлый, сенсорлық (сезиў) яки руўхый нуқсанлары болған балалар (шахслар) ушын оқыў орынларында инклюзив билимлендириўди қурайды.
Жуўмақластырып айтқанда, «Билимлендириў ҳаққында»ғы усы нызам билимлендириў тараўындағы қатнасықларды және де жетилистириўге өзиниң мүнәсип үлесин қосады.
З.Аметова,
Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Нөкис филиалы юрисконсульти.