Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:35:02, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«БИР МИЛЛИОН ТҮП ТЕРЕК» АКЦИЯСЫ: ЖАҚСЫ НИЙЕТТЕ ТИГИЛГЕН НӘЛШЕЛЕР

Жердиң көрки терек, бағ-бақша. Арал бойының бозыққан, ҳасылдар топырағына кесеў тасласаң да көгереди. Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң өткир нәзери, қутлы қәдемлери тийген Мойнақта ғәрезсизлигимиз шарапаты менен мисли көрилмеген дәрежеде жаңаланыўлар жүз берип, мәденият, қурылыс, санаат, халық хожалығының барлық тараўларында ири өзгерислер жүз берди.

Район турмысы ҳәр күни жаңалықларға толы десек, асыра айтқан болмаймыз. Арал регионында жүз берген экологиялық машқалаларды жумсартыўдың бирден-бир, дурыс жолларын таңлап алған халқымыз ағын суў әкелиў, өсимлик, ҳайўанатлар дүньяларын избе-излик пенен тәбийғый ҳалына келтириў бағдарында исенимли қәдемлер атылмақта.

«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети басламасы менен «Бир миллион түп терек» акциясы өткен жылы биринши мәрте 24-октябрь күни пайтахтымыздағы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы инновация орайының жерлеринде, ўәлаятларда биринши болып баслан­ған еди.

«Бир миллион түп терек» акциясын өткериўдеги тийкарғы мақсет — адамларды ықтыярлы түрде жәмлестириў арқалы жасап атырған орталықларына терек нәлшелерин егип, бағ-бақшалар жаратыў, «жасыл қаплама»лар пайда етиў арқалы саў-саламат турмыс тәризин өз қолларымыз бенен қәлиплестирген боламыз.

Ийгиликли истиң қоллап-қуўатлаўшылары көплеп табылып, акцияның «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы инновация орайы, «Миллий тикланиш» ҳәм «Экология» партиялары, Мойнақ районы ҳәкимлиги менен бирликте «Тикөзек» АПЖ аймағында өткериўге ҳәр тәреплеме пуқта таярлықлар көрилди. Көлеми жағынан дүньяда төртинши орында туратуғын Арал теңизи суўының күннен-күнге қурып, ықлым шараятына кери тәсирин тийгизгени себепли кескинлескен экологиялық жағдай пүткил дүньялық глобаллық машқалаға айланды.

Қурыған теңиздиң адам денсаўлығы ушын оғада зыянлы дуз аралас көшпели қумлы ултанына шөлге шыдамлы өсимликлер егиў арқалы тоғайзарлықлар, «жасыл қаплама»лар пайда етиў бағдарында режели жумыслар әмелге асырылмақта.

Акция қатнасыўшылары «Аралдағы мениң бағым» жойбары бойынша декоратив ҳәм мийўе тереклери нәлханасы менен бағқа ажыратылған 20 гектар жерге таң азаннан келисти. Бир ярым жыл ишинде жерлери сүрип тегисленген, жап-салмаларын қазыў, жоллар ҳәм электр тармақларын апарыў жумыслары орынланады. Майда қыйтақларға бөлинип, «гүлше»ленген жерлерине өскен жергиликли, дүньяның көплеген еллерине айрықша сән берип турған 19 түрли декоратив ағашлардың нәллери жетилисип қал­ғанларына кеўиллери толысты. Японлардың еки қурылмасы, топырақтағы мелиоратив аўҳал, дузлылық дәрежеси, жер асты суўлары терең яки жоқары жайласыўы, самалдың тезлигин анықлайтуғын үскенеси, туқымнан көгеретуғын терек нәлшелери, овощ-палыз егинлеринен толық нәл алыныўы ҳәм өсип-раўажланыўы ушын унамлы тәсирин тийгизетуғын, қый ҳәм минерал төгинлер, топырақ араласпасынан өзлери таярлаған «блок инкубаторлар» акция қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятты.

Германияның «GIZ» халық­аралық бирге ислесиў жәмийетиниң қаржылай жәрдем бериўи менен бул жерге 6,5 мың түп декоратив ағашлардың нәллерин бүгинги күни тигиў режелестирилген еди. Аўысық нәллерин райондағы мийнет жәмәәтлерине, аўыл тур­ғынларына ўақты келгенде нәтийжеси соралатуғын шәрти менен бийпул тарқатылмақта.

­ Акцияға пайтахтымыздағы 1-санлы академиялық лицейден устазларымыздың басшылығында жети оқыўшы қатнасып атырмыз. Атақлы немец шайыры Гётениң атына қойылған шет тиллер институтының Ташкенттеги филиа­лы менен жақыннан ислесетуғын лицейимиз «Аралдағы мениң бағым» жойбарын таярлаўға қатнасқанына қуўанышлымыз.  Мойнаққа биринши келиўим, «Арал теңизи қаяқта?» деп сорап жүрсем, әллеқашан жағысын таслап кеткенин айтысты. Аўыл турғыны Шымбергендей бағман атамыздың көмеги менен 5 түп ясен ағашының нәллерин тиктим. Бәҳәрде нәлшелеримниң көгергенин ҳәм теңизди көриўге келемен, - дейди лицей оқыўшысы Нурсултан Алланиязов.

Акция қатнасыўшыларына қәнигелер шет елдиң «Сумах» терегиниң тамыры, шақалары терини қайта ислеў санаатында қолланатуғынын сөз еткенде ҳәммеде қызығыўшылық пайда етти.

Терек егиў жумыслары усылайынша узақ күн бойы қызғын түс алып, акция қатнасыўшылары менен бирге район ҳәкими Е.Еденбаев, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары Т.Романов, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы инновация орайының баслығы Н.Мырзамуратов, Илим ҳәм өндирис бойынша баслықтың орынбасары М.Ғаниев, «ҚҚ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийети баслығы З.Керимзатов,  Өзбекстан Экология партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңеси баслығы А.Бегимова, сондай-ақ, районлық Кеңес депутатлары, партия белсендилери, инновация орайының хызметкерлери, аўыл жаслары, нураный аталарымыз бенен апаларымыз табанлы мийнет етип, басқаларға үлги болды.

Акцияның әҳмийетли тәрепи, барлық илажлар халықтың пуқаралық позициясын көрсетиў ушын шараят жаратқан ҳалда ықтыярлық түринде өткизилгенин көремиз. Әлбетте, ҳақ нийет пенен нәл тиксең, көгермей қалмайды. Акцияны жылына еки мәрте ­ гүз ҳәм бәҳәр айларында өткериў режелестирилип, республикамыздың барлық район ҳәм қалаларында ен жайдырып, ҳеш кимниң де өзлерин шетке алмайтуғынына исенемиз.

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз. Мойнақ районы.

СҮЎРЕТTЕ: Акция қатнасыўшыларының терек егиў барысынан көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF