РЕСПУБЛИКА ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР ФОРУМЫ ӨТКЕРИЛДИ
Усы жылдың 9-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Ҳаял-қызлардың социаллық-сиясий белсендилигин асырыўда ҳаял-қызлар мәселелери бойынша басланғыш шөлкемлер тәжирийбеси» атамасында форум өткерилди.
Форумды өткериўден мақсет — республикамыздағы барлық мектеплер, академиялық лицей ҳәм жоқары оқыў орынларындағы ҳаял-қызлар мәселелери бойынша басланғыш шөлкемлердиң тәжирийбесин үйрениў ҳәм кең ең жайдырыў болып есапланады.
Форумда Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Ахмедова, Нөкис қалалық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы орынбасары Г.Абибуллаева, Республикамыздағы барлық мектеплер, академиялық лицей ҳәм жоқары оқыў орынларындағы ҳаял-қызлар мәселелери бойынша басланғыш шөлкем жетекшилери ҳәм усы оқыў орынларында билим алып атырған зийрек, дөретиўши қызлар қатнасты.
Дәслеп мийманлар университеттиң «Қызларжан» клубының искерлиги, бүгинги күнде дөгереклердиң алып барып атырған жумыслары, усы дөгереклерге ағза болып, өнер сырларын үйренип атырған қызлардың ислеп атырған қол мийнетлери менен жақыннан танысты. Мийманлар университеттиң қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистикасы факультетиниң 4-курс студенти Д.Адильчаеваның тигиў цехында да болып, оның ислеген қол мийнетлери ҳәм кийимлер коллекциясына жоқары баҳа берип, жыллы пикирлерин билдирди.
Соң мийманлар университеттиң мәденият сарайында көтериңки кейпиятта күтип алынды ҳәм ол жердеги көргизбелер менен де жақыннан танысты. Форумның ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Ахмедова шығып сөйлеп, усы форумды шөлкемлестириўде белсендилик көрсеткен барлық ҳаял-қызлар мәселелери бойынша басланғыш шөлкем жетекшилери ҳәм қатнасыўшы қызларға өз миннетдаршылығын билдирип, форум исине табыслар тиледи.
«Биз бул форумды не ушын усы дәргайдан басладық! Себеби, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети республикамыздағы ең абырайлы, ең көп қызлар оқыйтуғын ҳәм ҳаял-қызлар басланғыш шөлкем жетекшилери ислейтуғын жүдә үлкен тәжирийбеге ийе билим дәргайы. Бүгинги күнде барлық тараўларда түпкиликли өзгерислер, жаңа реформалар әмелге асырылмақта. Тиккелей Ҳүрметли Журтбасшымыздың басшылығында итибар берилмеген бирде-бир тараў қалмады деп айтсақ, асыра айтқан болмаймыз. Усы реформалардың баслы екеўи — бириншиси ҳаяллардың жәмийеттеги абырайын асырыў, олардың өмирден разы болып жасаўы ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, гендер теңлигин тәмийинлеў болса, екиншиси — жаслар мәселеси. Усы еки баслы мәселе бир-бири менен уйғын тәризде алып барылып атырғанлығы нәтийжесинде бүгин биз усы нәтийжелерди көрип отырмыз», - дейди ол өз сөзинде.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, Нөкис қаласы 31-санлы мектеп директоры В.Қаленова ҳәм университеттиң ҳаял-қызлар мәселеси бойынша ректор мәсләҳәтшиси И.Сейтназаровалар сөзге шығып, бүгинги күнде ҳаял-қызлардың жәмийетте тутқан орны ҳәм олардың искерлиги ҳаққында пикирлерин билдирди.
Форумда Республикамыздағы барлық ЖООлары ҳәм филиалларында билим алып атырған дөретиўши, дизайнер қызлар өзлериниң миллий ҳәм заманагөй кийимлер коллекциясын жыйналғанлар нәзерине усынды. Илажда жас атқарыўшылардың қосық ҳәм аяқ ойынлары жыйналғанларға байрам кейпиятын үлести.
Форум соңында Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Ахмедова тәрепинен барлық шөлкемлестириўшилер ҳәм илажда белсене қатнасқан қызларға МИННЕТДАРШЫЛЫҚ хатлары салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Г.Жалгасова.
ҚМУ, Санаат технологиясы факультетиниң 3-курс студенти.