Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:30:51, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ МЕНЕН МИНИСТРЛЕР КЕҢЕСИНИҢ МЕДИЦИНА ТАРАЎЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНЕ БАЙРАМ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ

Ҳүрметли шыпакерлер ҳәм медицина тараўы хызмет­керлери!

Ең дәслеп, өз өмирин халқымыздың саламатлығын қорғаўға бағышлап, бул жолда садықлық ҳәм пидайылық үлгилерин көрсетип атыр­ған Сизлерди кәсиплик байрамыңыз — «Медицина хызметкерлери күни» менен қызғын қутлықлаймыз!

Елимизде халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў ҳәм емлеў орынларын көбейтиў, тараўда жеке секторды раўажландырыў, медициналық мәкемелерди зәрүрли дәри өнимлери ҳәм әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, бирлемши медициналық санита­риялық жәрдем көрсетиў мәкемелериниң жумысларын түп-тийкарынан жақсылаў бағдарында кең көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Бунда әлбетте, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар Пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилиўи, тараўда жүргизилип атырған реформалардың және де тереңлесиўи турмысымызда әҳмийетли орын тутпақта.

Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, бүгинги байрам алдынан ҳүрметли Президентимиздиң тараў хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўында ҳәм де жақында ғана болып өткен видеоселектор мәжилисинде медицина хызметкерлерине жоқары исеним билдирилиўи менен бирге, халықтың саламатлығын қорғаў хызметлерин түп-тийкарынан жаңалаў, аўыллық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың жумысларын раўажландырыў, бирлемши медициналық хызмет көрсетиў шыпакерлерине мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, тараўдың кадрлар потенциалын күшейтиў менен байланыслы бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Қәдирли дослар!

Быйылғы жылы дүнья жүзинде кең тарқалған коронавирус инфекциясы бәршемизге инсан саламатлығын ҳәм өмирин сақлаўда медицина хызметкерлериниң мийнетлери қаншелли дәрежеде бийбаҳа екенлигин және бир мәрте дәлиллемекте.

Өз өмирин ҳәм денсаўлығын қәўип астына қойып, бар билим ҳәм тәжирийбесин халқымыздың саламатлығын қорғаўға, қәстелерге шыпа бағышлаўға сарыплап, мәртлик үлгилерин көрсетип атырған медицина хызметкерлериниң оғада машақатлы ҳәм ийгиликли ислерин жоқары баҳалаймыз.

Өзлериңизге белгили, елимизде ҳәр жыл сайын медицина тараўының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў системасын жедел раўажландырыў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, социаллық жәрдемге мүтәж инсанларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине жоқары итибар қаратылып келмекте.

Быйылғы жылда инвестиция бағдарламасына муўапық ҳәм де жергиликли бюджет қаржылары есабынан 18 денсаўлықты сақлаў объектинде 38 миллиард сумға жақын қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылған болса, медициналық мәкемелерди зәрүрли әсбап-үскенелер ҳәм дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў мақсетинде 23 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылды.

Әсиресе, коронавирус панде­миясы халқымыздың саламатлығына қәўип салған быйылғы жылда медициналық мәкемелерге жаңадан жасалма дем ҳәм кислород бериў аппаратлары, кислород концентраторлары менен кислород баллонларын сатып алыўға айрықша итибар қаратылды. Бул ийгиликли иске хал­қымыз пидайылары менен исбилерменлеримиз де бийғәрез үлес қосқанын қанаатланыўшылық пенен атап өтемиз.

Әлбетте, булардың барлығы елимизде ең жоқары байлық болған инсан саламатлығын қорғаў, коронавирус инфекциясынан қысқа ўақыт ишинде қутылыў, халқымыздың турмыс абаданлығын турақлы услап турыў сыяқлы ийгиликли мақсетлерди өзинде жәмлейди.

 

Ҳүрметли медицина тараўы хызметкерлери!

Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, халық ийгилиги жолындағы оғада жуўапкершиликли, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда табыслар тилеймиз!

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF