Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:44:33, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДЕПУТАТ МӘСЕЛЕНИ КЕСКИН ҚОЙДЫ

Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң депутаты Азат Мәтмуратовқа өзи сайланған аймақ «Марказий» МПЖдағы  сайлаўшылардан мүрәжат келип түсти.

Мүрәжатта МПЖдағы «Маманбий» көшесинде көп қабатлы турақ жай қурылысы алып барылып атыр­ғанлығы, бирақ қурылыс жумысларында қәўипсизлик қағыйдаларына,  санитариялық нормаларға  ҳәм  қағыйдаларға  әмел етилмей атыр­ғанлығы атап өтилген.

 Депутат  мүрәжат бойынша  қурылыс жумысларын өз көзи менен көрип,  машқаланы үйренип шықты.

Ҳақыйқаттан да «Строй Сити Ком» ЖШЖ тәрепинен алып барылып атырған қурылыс майданының әтирапы қоршалмаған,  қоршаған  орталық  қәўипсизлиги де тәми­йинленбеген екен. 

Халық  ўәкили  мүрәжат  бо­йынша мәкеме баслығына депутатлық сораўнама жиберди. Онда хызметкерлерди  белгиленген нормалар бойынша арнаўлы кийимлер менен тәмийинлеў, жумыс орынлары ҳәм қурылып атырған объектлер ҳәм оған жақын жерлер қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде тосық пенен қоршалған болыўы зәрүр екенлиги көрсетип өтилген. 

Қурылыс объектиндеги усындай қатар кемшиликлерди тез күн ишинде сапластырыў керек, деген мазмундағы усыныс берилген.

— Бирақ, кәрхана баслығы депутаттың сораўына жуўап қайтармады,-дейди ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баспасөз хызмети қәнигеси А.Сырымбетова. — Халық ўәкили екинши мәрте және депутатлық сораўын жиберди. Белгиленген мүддет ишинде жуўап хаты келмегеннен соң депутат Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңеси менен биргеликте исти Тақыятас районы  прокуратурасына өткерди.   

«Строй Сити Ком» ЖШЖ баслығы М.Алламбергенов белгиленген мүддетлерде  депутат сораўын көрип шықпай оған жуўап берместен өз исине  немқурайдылық пенен қарағанлығы ушын Тақыятас районы прокуратурасы исти көрип шығып,  қурылыс шөлкеми баслығы М.Алламбергеновқа  Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 193-статьясы менен ҳәкимшилик ис қоз­ғап, исти көрип шығыў ушын Хожели районы  ҳәкимшилик судына жиберди ҳәм судтың қарарына тийкарланып кәрхана  баслығына базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында  жәрийма салынды.

Сондай-ақ, «Строй Сити Ком» ЖШЖ тәрепинен Тақыятас районы  «Марказий» МПЖда алып барылып атырған көп қабатлы жайдың әтирапы қурылыс жумысларында қәўипсизлик қағыйдаларына әмел еткен ҳалда тосық пенен қоршалды.

Итибарлысы депутаттың жәрдеми менен машқала сапластырылды.

 

 

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF