ҚАҲАРМАНЛЫҚ ТЫМСАЛЫН КӨРДИК СИЗЛЕРДЕ
Халқымыздың саламатлығы жолында уллы ўәкилимиз Әбиў Әлий ибн Синаның мүнәсип әўладлары сыпатында бар билим ҳәм тәжирийбесин аямай, пидайылық пенен мийнет етип атырған мыңлаған медицина хызметкерлериниң ҳәр бир күни қаҳарманлықтан, саўаплы ислерден десек, әйне ҳақыйқатлықты айтқан боламыз.
Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасы медицина хызметкерлериниң кәсиплик байрамын белгилеў ҳаққында»ғы Нызамына муўапық, ноябрь айының екинши екшембиси усы тараў хызметкерлериниң кәсиплик байрамы ретинде тастыйықланыўы медицина хызметкерлерине көрсетилген айрықша итибардың көриниси.
Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң өткен 2019-жылы денсаўлықты сақлаў хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўында: «Биз сизлердиң тымсалыңызда халқымыз саламатлығы жолында өз тынышынан кешип, күнди түнге уластырып, пидайылық пенен мийнет етип атырған шарапатлы кәсип ийелерин көремиз», деп баҳа бериўи де тосыннан емес.
Кәсиплик байрам бәнесинде бүгинги күнде республикамыз медицинасы тараўындағы жумыслардың барысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Қәллибек ҚУДАЙБЕРГЕНОВ пенен сәўбетлестик.
— Қәллибек Жалалович, айтып өтиў керек, Президентимиздиң тиккелей басламасы менен мәмлекетимизде үлкен өзгерислер жүз бермекте. Бул жаңаланыўлар процеси денсаўлықты сақлаў тараўында қалайынша өз көринисин таппақта?
— Ҳақыйқатында да, мәмлекетимиздеги кең көлемли жаңаланыўлар процесинде денсаўлықты сақлаў тараўында да әҳмийетли илажлар әмелге асырылмақта. Тараў хызметин еле де жақсылаў, халыққа көрсетилип атырған бирлемши медициналық санитария, қыстаўлы ҳәм тез медициналық жәрдем, қәнигелестирилген хызметлер сапасын арттырыў, арзан ҳәм сапалы дәри-дәрмақ ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеў, жеке медицинаны раўажландырыў бойынша бир қатар унамлы жумыслар турмысқа енгизилмекте.
Бунда, ең дәслеп, ҳуқықый тийкарлар беккемленип атырғанлығын айтып өтиў орынлы. Тараўдың раўажланыўына қаратылып атырған итибар, атап айтқанда, мәмлекетимиз бюджетинен денсаўлықты сақлаў тараўын қаржыландырыўға ажыратылып атырған қаржылар да жылдан-жылға көбеймекте.
Ҳәзирги күнде республикамыздың 1,9 миллион халқына 38 стационар емлеўханалар (соннан 22 си республика қарамағындағы медицина мәкемелери, 17 си қала ҳәм район қарамағындағы медицина мәкемелери, 6 диспансер ҳәм 12 орай) ҳәм 146 амбулатория-поликлиника мәкемелери хызмет көрсетип, олардан 35 аўыллық шыпакерлик пункти, 69 аўыллық шаңарақлық поликлиника, 17 көп тармақлы орайлық поликлиника, 9 қалалық шаңарақлық поликлиника ҳәм 16 районлық ҳәм 1 қалалық медицина бирлеспелери (16 орайлық емлеўханалар қурамындағы тез медициналық жәрдем бөлимлери)ниң хызмети де халқымыз саламатлығы жолында айрықша әҳмийетке ийе.
Оларда жәми 4 мың 305 шыпакер ҳәм 17 мың 901 орта буўын медицина хызметкерлери жумыс алып бармақта.
— Адам дени саў болса ғана умтылыс пенен елдиң раўажланыўына өз үлесин қоса алады. Усы мәнисте, әйне пайытта, медициналық хызметтиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаншелли дәрежеде итибар қаратылмақта?
— Бул бағдардағы ўазыйпалардың орынланыўы бәрқулла бақлаўымызда. Ең баслысы, бүгинги күнге келип медициналық хызметтиң сапасы ҳәм нәтийжелилигине баҳа бериўде өлшемлер пүткиллей өзгерди. Ендигиден былай денсаўлықты сақлаў тараўындағы өзгерислердиң нәтийжеси талқыланғанда, статистикалық мағлыўматлар емес, халқымыздың хызметимизге қандай баҳа беретуғынлығы, халық мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған заманагөй медициналық хызметлерден қаншелли дәрежеде кеўли толып атырғанлығына тийкарғы дыққат қаратылмақта.
Елимизде халыққа бирлемши медициналық хызмет көрсетиў тараўын еле де жақсылаў мақсетинде 69 аўыллық шаңарақлық поликлиникалары шөлкемлестирилип, оларда ҳаяллар мәсләҳәт ханасы, қызлар саламатлығы ханасы, тез жәрдем шақапшасы ҳәм социаллық дәрихана ашылды.
Халық ең көп мүрәжат ететуғын тараў — қыстаўлы ҳәм «тез жәрдем» медициналық жәрдемниң хызмети де кейинги жылларда жаңа басқышқа көтерилмекте. Нәтийжеде халықтың тез медициналық жәрдем хызметине болған исеними беккемленип, мүрәжатлар жыл сайын артпақта. Сондай-ақ, 2017-2019-жылларда тез медициналық жәрдем тараўына 84 жаңа «Дамас» маркалы, 18 заманагөй реанимобиллер келтирилип, тез медициналық жәрдем автомашиналардың саны нормативке бола 167 ге жеткизилди.
Дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеў бойынша соңғы үш жыл даўамында бир қанша унамлы ислер әмелге асырылды. Атап айтсақ, 2017-жылы усы мақсетлер ушын мәмлекет бюджетинен 19,7 миллиард сум ажыратылған болса, 2018-жылы 41 миллиард сум, 2019-жылы 48,9 миллиард сумм ажыратылып, 2017-жылға салыстырғанда 3 есеге артқанлығы ҳәм быйылғы 2020-жылы болса 52,2 миллиард сум қаржы ажыратылып, тийисли тәртипте қаржыландырыў жумыслары алып барылмақта.
Қурылыс-оңлаў ислерине тоқталсақ, соңғы 18 жыл ишинде 61 медицина мәкемесинде усы мақсетлер ушын 205,0 миллиард сумға жақын қаржы сарпланған болса, усы көрсеткиш кейинги 3 жыл даўамында 73 объектте 162,7 миллиард сумды қурап, бул халыққа зәрүр шараятлар жаратыў ҳәм медициналық хызмет сапасын жақсылаў жумысларына айрықша итибар қаратылғанлығын көрсетпекте.
Быйылғы жылы инвестиция бағдарламасы есабынан 14 мәкемеде 34,1 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Республикамыздағы салмақлы орны бар медицина мәкемелеринен Республикалық көп тармақлы медицина орайы, хирургия, туберкулёз кеселликлери емлеўханасы, Арал бойы халқын жүрек қан-тамыр кеселликлерин саўалландырыў орайы сыяқлы мәкемелерде алып барылған қурылыс ислери нәтийжесинде халқымызға көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасы жақсыланыўына ерисилди.
Қарақалпақстан медицина институты клиникасын ашыў ҳәм оқыў имаратын реконструкция етиў ислери быйылғы жылы жуўмақланды. Жылдың ақырына шекем үскенелер менен тәмийинлениўи де жуўмақланады.
Соны да айтып өтиў керек, Қарақалпақстан медицина институтында Санкт-Петербург мәмлекетлик педиатрия университети ҳәм Кореяның Корё университети менен биргеликте халықаралық факультеттиң ашылыўы режелестирилип, 2019-2020-оқыў жылынан Санкт Петербург мәмлекетлик педиатрия университети менен биргеликте факультет ашылды.
Ал, медициналық үскенелер менен тәмийинлениўине келсек, быйылғы жылдың өткен 8 айы даўамында жәми қуны 13,3 миллиард сумлық медициналық буйымлар емлеў мәкемелерине келтирилди. Және де быйылғы жылы 58 миллион АҚШ доллары муғдарында медициналық әсбап-үскенелердиң жеткизилиўи режелестирилмекте.
— Жәҳән медицинасы тезлик пенен раўажланып бармақта. Усы тенденция республикамыз медицинасында қайсы тәреплери менен көзге тасланбақта?
— Заманагөй медицинаны жоқары технологияларсыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Егер гүзететуғын болсақ, раўажланыўдың инновациялық жолынан баратырған мәмлекетлерде «ақыллы технологиялар» барлық тараўларда кеңнен енгизилмекте. Себеби, «ақыллы технологиялар»дың тийкарғы мақсети — аз ўақыт ҳәм күш сарплап, жоқары нәтийжеге ерисиў. Мәмлекетимизде де «Ақыллы медицина» мине усы өлшем тийкарында ислеп шығарылмақта. Бул технологиялар кеселликлерди алдын ала анықлаў, оларды аралықтан профилактика етиў имканиятын бериўши ири бир система есапланады.
Елимизде кейинги жылларда жеке медицинаның раўажланыўы ушын кең имканиятлар жаратылды. Нәтийжеде бүгинги күнге келип бул бағдарда усы жылдың август айына шекем жаңадан 26 ҳәм хызмет шеңберин кеңейткен 7 жеке медицина мәкемелери хызмет көрсетпекте.
Сырт ел инвестициялары есабынан өткен жылы «NUKUS-MED» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен «SHENZHEN ANKE HIGH-TECH CO. LTD» (Қытай) менен МРТ 1,5 үскенеси алып келинди ҳәм 442 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизилди. Министрлик балансындағы пайдаланылмай турған имаратлардан мақсетли пайдаланыў мақсетинде «MEDIKAL CENTER» ҳәм «BERUNIY INNOVATION DMClinic» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине «ноль» баҳада берилип, бүгинги күнде олар өз жумысын иске түсирди.
Әлбетте, халыққа қәнигелестирилген хызметти жақынластырыў бойынша жумыслар да жетилистирилмекте. Қурамалы операциялардың нәтийжели шығып атырғанлығын айрықша атап өтиў керек. Республикалық қәнигелестирилген орайлардың Қарақалпақстан филиаллары тәрепинен алдын исленбеген 12 түрдеги жоқары техгологиялы емлеў усыллары енгизилди.
Арал бойы халқын жүрек қан-тамыр кеселликлерин саўалландырыў орайында 113 пуқараға коронарография ҳәм 52 пуқараға жүрек таж артериясын стендлеў, 8 пуқараға кардиостимулятор орнатыў хирургиялық әмелияты исленди.
Районлық, қалалық медицина бирлеспелеринде 25 қәнигелестирилген бөлимлер ашылды.
Халыққа бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўдиң мәлимлеме-коммуникация системаларына жалғанған үлгили системасын республикамыздың Қанлыкөл районы ҳәм Нөкис қаласында жылдың ақырына шекем орнатыў илажлары көрилмекте.
— Бәршемиз хабардармыз, быйылғы жылы жүзеге келген коронавирус пандемиясы ўақтында медицина хызметкерлерине талап та, зәрүрлик те қатаң болды. Медицина хызметкерлери берген антына садықлығын ис жүзинде көрсетип, кәсибин пидайылық пенен атқарып атырғанларына гүўамыз. Әсиресе, халқымыздың усы тараў ўәкиллерине болған ҳүрмети бурынғыдан да бетер артып, көзқарасы өзгерди.
Пандемияға қарсы гүресиўдеги илажларға да тоқтап өтпесек болмас...
— Пүткил дүнья жүзин ләрзеге келтирген пандемия бизиң мәмлекетимизге де жетип келип, карантин қағыйдалары орнатылғаннан баслап, биз медицина хызметкерлери «бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарысып» жумысларды шөлкемлестириўге туўра келди. Тез пәтлер менен бир нешше инсанлардың өмирине қәўип туўдырған бул коронавирустан пуқараларды қорғаў, наўқасланғанларды саўалландырыў, халық арасында алдын алыў илажлары қатаң талап тийкарында алып барылды ҳәм еле де даўам етпекте.
Өткен айлар ишинде республикалық емлеў мәкемелериниң дерлик барлығы коронавирус пенен наўқасланған пуқараларды емлеў орнына айланған еди. Ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей өзиниң қадағалаўы ҳәм басшылығы астында мәмлекетимиз тәрепинен кеселлик белгилери анықланған пуқаралардың медициналық ҳәм социаллық жақтан бийпул тәмийинлениўи, барлық қолайлы имканиятлардың жаратылыўы, соның менен бирге пидайы ҳәм жанкүйер медицина хызметкерлеримиздиң үлкен мийнетлериниң арқасында пуқараларымыздың саўалыўына ериспектемиз. Нәтийжеде, сол емлеў мәкемелери өз хызмет түрлерине қайтты.
Медицина тараўында енгизилип атырған заманагөй шараятлар нәтийжесинде Ташкент қаласындағы клиникаларда ислеп атырған қәнигели шыпакерлер республикамызға келип, эпидемияға қарсы гүресиў бойынша жергиликли шыпакерлерге шеберлик сабағын өтиўи де медицинамыздың жетискенлиги.
Бүгинги күнге келип, елимизде эпидемиологиялық жағдайдың турақласыўына ерисилмекте.
Мағлыўмат ушын емлеў-профилактика бағдарына тоқталсақ, бүгинги күнде кеселлениў жағдайына бола, биринши орында дем алыў ағзалары кеселликлери 35,9, екинши орында қан ҳәм қан ислеп шығарыў ағзалары кеселликлери 15,5, үшинши орында ас сиңириў ағзалары кеселликлери 11,0, төртинши орында сидик-тери системасы кеселликлери 9,4, бесинши орында қан айланыў системасы кеселликлери 4,7 процентти қурайды.
— Тараў хызметкерлерине айтарыңыз...
— Жоқарыда айтып өткенимдей, мәмлекетимизде медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасы ҳәм жоқары технологиялы емлеў усыллары еле де раўажланып, шыпакерлердиң халқымыз саламатлығы жолында және де нәтийжелирек жумыс ислеўине тийкар жаратылмақта. Негизги мақсетимиз — Ҳүрметли Президентимиздиң сөзи менен айтқанда «Медицина хызметкери саламатлық сақшылары. Оларға халық исениўи, олар болса халықты исендире алыўы керек».
Усындай уллы мақсетлерге қарай умтылып атырған денсаўлықты сақлаў тараўының пидайы ўәкиллери буннан кейинги ўақытларда да күш-жигер ҳәм пидайылық пенен мийнет етиўине исенимимиз кәмил.
— Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет. Сизди ҳәм Сиз арқалы тараў хызметкерлерин кәсиплик байрамыңыз бенен қутлықлаймыз. Инсан саламатлығын беккемлеў жолындағы жумысларыңызда табыслар болсын!
СӘЎБЕТЛЕСКЕН:
Гүлнара ЖҮГИНИСОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери.