Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:44:10, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАҚЫЯТАС РАЙОНЫ СЕКТОР ЖУМЫСЛАРЫНАН

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мир­зиёевтиң  2019-жыл 8-январьдағы «Аймақларды комплексли социал-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар искерлигин жәнеде жетилистириўге қаратылған ис-илажлар ҳаққында»ғы 4102-санлы қарарын орынлаў мақсетинде бүгинги коронавирус пандемиясы мүнәсибети менен жәрияланған карантин шараятында  жәрдемге мүтәж шаңарақларды, соның ишинде, бул шараятта дәраматынан айрыл­ған шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, орынларда халықты қыйнап атырған машқалаларды өз ўақтында шешиў, жаслар, ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеў, мүтәжларды мәнзилли анықлаў ҳәм оларға зәрүр материаллық жәрдемлерди жеткериў бойынша Тақыя­тас районы прокурорына бекитилген  2-секторында бул бағдарларда бир қанша жумыслар алып барылмақта.

 Районның 2-секторы аймағында бүгинги күнде 18 мың 156 халық ҳәм 4232 шаңарақ жасап келип, солардың 198 кем тәмийинленген жәрдемге мүтәж, 156 кәмбағал ҳәм 42 карантин себепли дәраматынан айрылған болып, солардан 517 шаңарақ мийнетке жарамсыз шаңарақлар есапланады.

Бүгинги күнде жәрдемге мүтәж шаңарақларда жасаўшы 173 пуқара жумыс пенен тәмийинленип, солардан  1 шаңарақлық исбилерменлик, 2 өнерментшилик, 28 жәмәәтлик жумыслар,  20 агросанаат жойбарларында, 2 кооперация тийкарында жер ажыратыў,  2 қурылыс жумысларында, 111 өзин-өзи бәнт етиў ҳәм  2 басқа искерлик бойынша жумыс­қа жайластырылыўы тәмийинленди. 

Бул секторда «темир дәптер»лер жүргизилип, исленген ҳәр бир ис-илажлар дәптерлерге жазып барылады.  «Сақаўат ҳәм көмек» улыўма халықлық ҳәрекети шеңберинде  бул аймақта жасаўшы мүтәж шаңарақ­ларға 111,5 млн. сумнан артық 11 түрдеги азық-аўқат өнимлери тарқатылды.  Буннан басқа да, 20 шаңараққа 2,4 млн. сумлық дәри-дармақ,  1 бас қарамал, 14 майда шақлы маллар, 9 шаңараққа 72 таўық, 4 шаңараққа дийқаншылық пенен шуғылланыў ушын жер орынлары ажыратылды,  9 шаңараққа теплицалар қурып берилди, 3 шаңараққа тигиў машинасы, 76 шаңараққа 75,5 млн. сум пул қаржылары берилди ҳәм 3 шаңарақтың 250,0 мың сумлық коммуналлық қарызлары төлеп берилип, бул илажлар еле де даўам етпекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПФ-6038-санлы  Пәрманы тийкарында 209 шаңараққа 210,3 млн. сум, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-4815-санлы қарары тийкарында 267 шаңараққа 289 млн. сум,  Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң  бийлиги менен 129 шаңараққа 120,1 млн. сум муғдарында бир мәртелик мате­риаллық жәрдем пуллары төлеп берилиўи тәмийинленди.

Райондағы қайырқомлық ислерин әмелге асырып атырған исбилерменлер ҳәм жуўапкер шөлкемлер тәрепинен алып барыл­ған ислер нәтийжесинде жәми болып 85 шаңарақ «темир дәптер»ден шығарылды.

Сектор аймағында прокурор басламасы ҳәм жәрдеми менен исбилерменлик субъектлерине олардың искерлигин кеңейттириў  ҳәм раўажландырыў бойынша бир қатар ислер әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, «Тақыя­тас» мәкан пуқаралар жы­йыны аймағында жасаўшы пуқара Диларам Сабироваға  тигиўшилик пенен шуғылланыў ушын прокурор тәрепинен көрсетилген жәрдем нәтийжесинде оның «Текс­тил Диларам» шаңарақлық кәрханасына 150 млн. сумлық жеңиллетилген кредит алып берилип, 10 дана тигиў машинасы ҳәм 1 дана кестешилик машинасы алынды, нәтийжеде 15 ҳаял-қызлар турақлы жумыс пенен тәмийинленди.

Сондай-ақ, «Замирбек Тахиаташ» жеке меншик кәрханасы «Кенегес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 5 гектар жер майданында балықшылық көлин ашып, балықшылықты раўажландырыў мақсетинде 650 млн. сум муғдарында кредит қаржысы алынып, шабақларды көбейтиўши қурылма сатып алынды ҳәм де балық жеми ушын 2,5 млрд. сум му­ғдарында кредит алыныўына жәрдем берилди.

Усы аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқара Сайёра Аллаярованың «Интизар Динара» шаңарақлық кәрханасына 250 млн. сум муғдарында кредит қаржыларын алыўда жәрдем көрсетилди. Ҳәзир бул кәрханада 15 турақлы жумысшы ислеп атырған болып, 1,5 мыңнан аслам қоян бағылмақта. Қояншылықты раўажландырыў мақсетинде кәрхананың Нөкис районында 2 филиалын ашыў режелестирилген, ҳәзирде бул филиалларды ашыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Сектор тәрепинен көрсетилип атырған бул жәрдемлер, өз нәўбетинде, пүткил халқымыз ушын қыйын есапланған пандемия дәўиринде жәрдемге мүтәж шаңарақларды және де социаллық-экономикалық тәрептен қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс шараятын жақсылаў ушын хызмет етеди десек, алжаспаған боламыз. Бүгинги күни ҳаял-қызлар ҳәм жаслар дәптерлери дүзилип, оларды жумыс пенен тәми­йинлеў бойынша илажлар көрип шығылмақта.

А.Джумамуратов,

Тақыятас районы прокуроры, әдиллик киши кеңесшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF