Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:13:23, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«АРАЛҒА ӨМИР БАҒЫШЛА!»

Хабарыңыз болса керек, Президентимиздиң 2020-жыл 23-сентябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-юбилей сессиясында қатнасып, Арал теңизи ҳәм оның әтирапында әмелге асырылып атырған унамлы жумыслар туўралы айта келип, «Арал теңизи регионы ­ эколо­гиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» деп жәриялаў ҳәм БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыллаўды, усы әҳмийетли ҳүжжет тастыйықлан­ған сәнени болса, «Халық­аралық экологиялық системаларды қорғаў ҳәм тиклеў күни» сыпатында усынысын ортаға қойғаны журтымыз пәраўанлығын көтериўге, региондағы экологиялық жағдайды жақсылаўда әҳмийетли болмақта.

Бүгинги күни Арал машқаласы тек ғана Өзбекстанда емес, ал,  жәҳән итибарында болыўы, Арал регионында жасаўшы көплеген халықлардың келешегине бол­ған үлкен дыққат-итибардың айқын көриниси.

Бүгинги күни Арал маш­қаласы ақыбетлерин жумсартыў бағдарындағы басламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўге кең жол ашыл­ған. Усы мүнәсибет пенен «Аралға өмир бағышла!» атамасында Өзбекстан Республикасы Президенти администрациясы жанындағы мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агент­лиги тәрепинен БМШтың Өзбекстандағы ўәкилханалары менен биргеликте шөлкемлестирилген онлайн конференция өткерилди. Тийкарынан қоршаған орталықты тиклеў тараўындағы инновациялық қураллар ҳәм меха­низм­лерди ислеп шығыў ҳәм турмысқа енгизиўге бағдарланған бул конференцияда дүньяның бир қатар шөлкемлери, жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, эколог ҳәм блогерлер қатнасты.

Карантин талапларына әмел еткен ҳалда ZOOM платформасы тийкарында өткерилген илажда Арал теңизи регионында денсаўлықты сақлаў машқалаларын сапластырыў меха­низм­лери, жергиликли халықтың бәнтлигин тәми­йинлеў ҳәм турмыс дәрежесин жақсылаў, сондай-ақ, экологиялық апатшылықтың тәсирлерин жумсартыў бойынша қосымша илажлар сыпатында ре­гионда социаллық исбилерменликти раўажландырыў бойынша халықаралық тәжирийбени енгизиў перспективалары да додалаўда болды.

­ Әлбетте, Арал маш­қаласы бул бүгинги күнниң ең актуаль мәселеси. Бул конференцияның тий­карғы мақсети де сол, Арал теңизи қурыўы ақыбетлеринен пайда болған машқалаларды бирге ислесиўши шериклеслер менен биргеликте шешиў, жумсартыў ҳәм оған дүнья жүзиниң итибарын қаратыў болып, конференцияға бир қатар министрлик ҳәм шөлкемлер қатарында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы халықаралық инновация орайы да тиккелей өзиниң басламасы менен қатнасып, орай тәрепинен әмелге асырылып атырған инновациялар, технологияларды сол жерде ен жайдырыў ҳәм солар қатары бизлер дүнья жүзинде болып атырған жаңалықлардан хабардар болып, биргеликте жумыс алып барыў бүгинги күнниң баслы ўазыйпасына айланбақта, - дейди Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы халықаралық инновация орайы лаборатория баслығы К.Идирисов.

Конференция даўамында жергиликли тийисли шөлкем басшылары, халық­аралық шөлкемлердиң ўәкиллери бул бағдардағы әҳмийетли мәселелерди өзинде жәмлеген баянатлары менен қатнасты.

Айтып өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында шығып сөйлеген сөзиндеF Арал бойы аймағы экологиялық апатшылық ора­йына айланды. Биз ҳәзирги жағдайды жақсылаў ушын бул жерде 2 миллион гектар жаңа өсимлик атызларын ҳәм тоғайлар жаратыў, топырақ қатламын қәлиплестириў бо­йынша үлкен жумысларды әмелге асырмақтамыз, деп атап өткениндей, Президентимиздиң пүткил дүнья жүзи халықлары итибарын тарт­қан бул үлкен әҳми­йетке ийе усыныс ҳәм басламалары Арал бойы регионында, әлбетте, күтилген нәтийжени берери, экосис­тема­лардың жақсыланыўына, сондай-ақ, халқымыздың саламатлығының беккемлениўине унамлы тәсирин тийгизери сөзсиз.

Бул конференцияның өткерилиўи Аралға және өмир бағышлаўда әмелий көринис болары анық.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: конференциядан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF