Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:54:13, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАСЛАМАЛАР, ИМКАНИЯТЛАР,  НӘТИЙЖЕЛЕР

Жаслар ­ мәмлекеттиң шешиўши күши. Келешек ийелери болған жасларымыз саўатлы, талапшаң, зийрек болар екен, ол журт­тан қүдиретли ел қәлиплеседи.

Олардың идеялары, пикирлери үлкен басламаларға тийкар бола алады. Бирақ, жаслардың жаслыққа салып, исениўшең болып келиўи базы кимселер ушын қол келеди. Сонлықтан, олардың жумыссызлығын сапластырыў, бәнтлигин тәмийинлеў күн тәртибиндеги баслы ўазыйпаға айланбақта. Дүнья жүзилик мағлыўматларға қарағанда, адам саўдасының қуллық кисенине түскенлер санының көпшилигин ҳаял-қызлар қурайды екен. Олардың ҳуқықый саўатлылығын асырыў, жумыс пенен тәмийинлеў баслы мақсетимиз.

Президентимиз Ш.Мирзиёев усы жылдың 8-октябрь күни жәмийетте жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың тутқан орнын арт­тырыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў илажларын додалаў бо­йынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде барлық мәҳәлле, район, қала ҳәм ўәлаят кесиминде «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»н қәлиплестириўге көрсетпе белгиленген еди.

«Жаслар дәптери»н жүргизиў бойынша тапсырмасынан кейин Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер менен биргеликте мәҳәллелер кесиминде жумыссыз жаслардың дизимин қәлиплес­тириў, олардың ҳәр бири менен жаңа система тийкарында мәнзилли жумыс алып барыў механизмлери белгилеп алынды. Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм районларында «Жаслар дәптери»н жүргизиў бойынша арнаўлы штаб жумысы жолға қойы­лып, бул бағдардағы әмелий илажлар даўам етпекте. 

«Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»ниң қәлиплестирилиўи ҳаққында социаллық тармақларда, ғалаба хабар қуралларында тез-тез мағлыўматлар берилип барылмақта. Бизиң редак­циямызға қоңыраўлар келип, усы бойынша кеңнен түсиниклер, мағлыўматлар берилиўин сорап мүрәжат етпекте.

Биз Жаслар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының «Хабар ҳәм медиа» бөлиминиң қәнигеси Индира Мәмбетназарова менен усы бағдардағы жумыслар бойынша сәўбетлестик.

­ Дүзилип атырған «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»ниң  мақсети, ўазыйпасы нелерден ибарат?

­ Бул бойынша Нөкис қаласында «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»н қәлиплестириў бойынша арнаўлы штабтың дүзилиўи үлкен жетискенлик. Штабтың тийкарғы мақсети ­ жасларды жумыссызлықтан сапластырыў, оларды қәнигелиги бойынша жумысларға орналастырыўда мағлыўматларды турақлы түрде берип барыў, жойбарлар дүзиў, электрон сораўнамаларды дүзиў, мәкан пуқаралар жыйыны менен тығыз қатнаста болыў, семинарлар өткериўден ибарат. Бул бо­йынша штаб ағзаларының мағлыўматын ҳәм жеделлигин асырыў, жаслар арасына кирип барыў, оларды ойландырып жүрген мәселелерине шешим табыў, жумыс орнын ашыўда жәрдемлесиў, ең тийкарғысы, бәнтлигин тәмийинлеў баслы ўазыйпамызға айланған.

Қыз бала бой жетсе, өз теңлеси менен турмыс қурыўды нийет етеди. Бәрше арзыў-нийет еткендей, берекетли шаңарақ ийеси болыўды қәлейди. Бирақ, бул нийет қурғақ сөзлер менен әмелге аспайды. Айырым шаңарақларда базы бир түсинбеўшиликлер себебинен ажырасыўлар болмақта. Бундай жағдайда көбирек, қызларымыз қыйын аўҳалға түсип, үйлеринде отырып, жумыссыз болып қалмақта. Усы мақсетте биз олар­ға шаңарақ қурыўда ең биринши гезекте ақыл-парасат пенен биргеликте өнерге ийе болса ямаса жумыслы болса артықша машқалаларға дус келмеслиги ҳаққында семинарлар өткерип турамыз. Ҳаял-қызлар шаңарақ уйыт­қысы. Сол айтылғанындай, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, пайдалы өнер менен шуғылланыў қәбилетин асырыў жүдә утымлы.

­ Бул бағдардағы жумысларды жолға қойыўда қандай әмелий жумыслар әмелге асырылмақта?

­  Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген бул еки бағдар бо­йынша арнаўлы штаб пайтахтымызда шөлкемлестирилди. Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Да­ния­ров ҳәр күни Нөкис қаласы ҳәм районлардағы штабларда болып, штаб ағзаларына «Жаслар дәптери»ниң қәлиплестирилиўи бойынша өзгерис ҳәм дүзилислери бойынша кеңнен түсиник бермекте.  Усы агентликтиң жасларға тийисли бағдарламалар ҳәм жойбарларды әмелге асырыў басқармасының баслығы, Республикалық Жумысшы топар ағзасы Ф.Баҳромов Нөкис қаласы ҳәм Беруний районындағы штабта алып барылып атырған жумыслар ҳәм жаратылған имка­ниятлар менен жақыннан танысып, оның  ағзалары ушын арнаўлы семинарлар өткермекте.

Штабтың мәҳәллелердеги жумысшы топар ағзалары үйме-үй кирип, 39 сораўдан ибарат арнаўлы анкета сораўларына жуўаплар толтырылмақта. Ҳәр бир жастың, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың социаллық жағдайы, қызығыўшылығы, бәнтлиги мәселесинде толтырылған сораўнамалар ҳәр күни штаб­қа жеткерилип бериледи.

Арнаўлы штабта хызмет көрсетип атырған 30дан аслам жетекши жаслар сораўнамаларды электрон тәризде қәлиплестирмекте. Атап айтқанда, «Қутлы қоныс» мәкан пуқарарлар жыйыны аймағында жумысшы топар ағзалары үйме-үй кирип, ҳәр бир жастың ҳәм ҳаял-қызлардың машқалаларын үйренип, сораўнамалар алынбақта.

Усы аймақ турғыны Шарапат Пердебаев колледжди питкерген жас қәниге. Бирақ, ол ҳәзир жумыссыз. Өзиниң киши бизнесин жолға қойыў мақсетинде кредит алып, ыссыхана қурып, палыз өнимлерин жетилистириў нийети бар екенлигин аймақ басшыларына билдирип, «Жаслар дәптери»не дизимге киргизилди. Биз усындай мақсети, умтылысы бар жасларды қоллап-қуўатлап дизимге алдық.

«Сәрбиназ» МПЖда да жумысшы топар ағзалары үйме-үй кирип, ҳәр бир жастың ҳәм ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў барысында аймақтағы «Таң жулдызы» көшеси турғыны Алия Таңжар­баева жумыссыз болып, ең аянышлысы, перзентиниң наўқаслығы себепли жумысқа араласа алмай жүргенлиги мәлим болды. Себеби, оның 4 жасар балалығынан майып перзенти бар болғанлығы ушын үй шараятында жумыс ислеў нийетин билдирди. Жумысшы топар тәрепинен үйренилгенде А.Таңжарбаева тигиўшилик өнерин жақсы меңгергенлиги, тигиў машинасына мүтәжлиги бар екенлиги итибарға алынып, жәрдем көрсетилетуғын болды.

Усындай тақылеттеги машқалалар аймақларда сораўнамаларға киргизилип, үйренилмекте ҳәм тийисли шешимин таппақта. Барлық районларда усы тәризде жумыслар избе-из әмелге асырылып, тийисли нәтийжелерге ерисилмекте. Ең баслысы, ҳаял-қызларымыз, жасларымыз бундай имканияттан үнем­ли пайдаланса, артықша машқалаға дус келмейтуғыны анық.

Т.ЖӘРИМБЕТОВА.

СҮЎРЕТТЕ: Аймақларда «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәп­тери»

бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF