САЛАМАТ ТУРМЫС ТӘРИЗИН КЕҢНЕН ҮГИТ-НӘСИЯТЛАЎ ҲӘМ ҒАЛАБАЛЫҚ СПОРТТЫ БУННАН БЫЛАЙ ДА РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Дүньяда COVID-19 коронавирус пандемиясының жүзеге келиўи дүнья мәмлекетлери қатарында Өзбекстанда да халықтың денсаўлығы, физикалық саламатлығы, саламат турмыс кешириў дәрежеси әззи екенлигин көрсетти.
COVID-19 коронавирус инфекциясы бәринен бурын жүрек-қан тамыр ҳәм дем алыў жоллары және семизлик (артықша салмақ) кеселлигине шалынған пуқараларымыздың денсаўлығына унамсыз тәсир көрсетти. Нәтийжеде, бүгинги пандемия арамыздан көплеген пуқараларымыздың мезгилсиз қайтыс болыўына себеп болды.
Ҳәммемиз буннан қатаң жуўмақ шығарған ҳалда зыянлы әдетлерден ўаз кешип, ғалабалық спорт пенен турақлы шуғылланыў, дурыс аўқатланыў принциплерине әмел етиў, атап айтқанда, қурамында дуз, қант ҳәм май муғдары көп болған және қамырлы аўқат ҳәм кондитер, нан өнимлерин нормасынан артық пайдаланбаў, бир сөз бенен айтқанда, саламат турмыс тәризин күнделикли турмысымызға айландырыўымыз зәрүр екенлигин бүгинги дәўирдиң өзи талап етпекте.
Денетәрбия ҳәм ғалабалық спорт пенен турақлы шуғылланыў және саламат турмыс тәризи бойынша турмыслық көнликпелерди қәлиплестириў арқалы ҳәр бир пуқарада кеселликке қарсы күшли иммун системасы пайда болыўын тәмийинлеў, зыянлы әдетлерден ўаз кешиў, дурыс аўқатланыў принциплерине әмел етиў, тиклеў ҳәм реабилитация жумыслары және ғалаба физикалық белсендилик илажларын системалы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў, бул бағдарда тийисли инфраструктура ҳәм басқа да зәрүр шараятларды жаратыў мақсетинде:
- Төмендегилер Саламат турмыс тәризин турмысқа кеңнен енгизиў ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
ҳәр бир шаңарақ, мәҳәлле ҳәм район (қала)да, мектепке шекемги, улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билим бериў мәкемелеринде және басқа да шөлкемлерде денетәрбия ҳәм ғалабалық спорт пенен шуғылланыўға шараятлар жаратыў;
ғалабалық спортты раўажландырыў бойынша шаңарақлар, класлар, мийнет жәмәәтлери ҳәм аймақлар арасында спорт жарысларын турақлы түрде өткериў;
халықтың түрли топарларының саламат аўқатланыўға болған мүтәжликлерин қанаатландырыўды тәмийинлейтуғын шараятлар жаратыў, қурамында дуз, қант ҳәм май муғдары көп болған және қамырлы аўқат ҳәм кондитер, нан өнимлерин қолланыўды қысқартыў, зыянлы әдетлерден, атап айтқанда, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин пайдаланыўдан ўаз кешиў жолы менен кеселликке шалыныў, артықша салмақ жағдайларын (семизлик) ҳәм мезгилсиз қайтыс болыўды азайтыў;
халық арасында саламат аўқатланыў мәдениятын кеңнен енгизиў, соның ишинде, тәртипсиз ҳәм кешки уйқы алдынан аўқатланыў әдетлеринен ўаз кешиў;
санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел етилиўин шаңарақлар, мәҳәллелер, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм улыўма билим бериў мәкемелери дәрежесинде саламат турмыс тәризиниң ажыралмас бөлеги сыпатында үгит-нәсиятлаў;
мектепке шекемги билимлендириў, улыўма билим бериў, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде, кәрхана, шөлкем ҳәм басқа түрдеги барлық мәкемелерде денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыў ушын заманагөй материаллық-техника базасын қәлиплестириў.
- Республикада халық арасында ғалабалық спортты раўажландырыў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўда — жүриў, жуўырыў, мини-футбол, велоспорт, бадминтон, стритбол, «Workоut» (мәҳәлле ҳәм көше фитнеси) спорттың тийкарғы түрлери етип белгиленсин.
- Жүриў, жуўырыў, мини-футбол, велоспорт, бадминтон, стритбол ҳәм «Workоut» спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 2021-жылдан баслап бағдарламалар толық орынланғанға шекем ҳәр жылы 104 миллиард сумнан;
физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларды денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўға тартыўға қаратылған бағдарламаларды қаржыландырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 2021-жылдан баслап бағдарламалар толық орынланғанға шекем ҳәр жылы 10 миллиард сумнан қаржылар ажыратылатуғынлығы белгилеп қойылсын.
- Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Әдиллик министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң халықты күнделикли жүриў ҳәм жуўырыўға үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Саламат турмыс тәризи» (www.1hls.uz) платформасын жаратыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин. Онда:
Өзбекстан аймағында бир сутка даўамында он мың ҳәм оннан аслам қәдем жүрген 18 ҳәм оннан жоқары жастағы Өзбекстан Республикасы пуқарасының платформадағы электрон қалтасына 3 мың сумнан;
ҳәр айда ҳәр бир район (қала) бойынша ең көп жүрген шахсқа 300 мың сумнан, ҳәр бир аймақ бойынша ең көп жүрген шахсқа 500 мың сум, республика бойынша ең көп жүрген шахсқа 1 миллион сум қосымша түрде платформадағы электрон қалтасына өткериледи.
«Саламат турмыс тәризи» платформасын ислеп шығыў ҳәм оған хызмет көрсетиў ҳәм соңынан модернизациялаў бойынша буйыртпашының функциялары Денетәрбия ҳәм спорт министрлигине жүкленетуғынлығы;
«Саламат турмыс тәризи» платформасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен 85-парк дирекциясы резидентлери менен биргеликте 2021-жыл 1-мартқа шекем Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қоры қаржылары есабынан ислеп шығылатуғынлығы ҳәм турақлы түрде техникалық қоллап-қуўатланатуғынлығы белгиленсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қурылыс министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 15-ноябрьге шекем ҳәр бир район орайы ҳәм қалаларда пияда ҳәм велосипедте жүриў ушын «Саламатлық жолларын» шөлкемлестириў бойынша тийисли жойбарларды ислеп шығып, кең жәмийетшиликтиң додалаўына жайластырсын, 2021-жыл 1-январьдан баслап қурылыс жумысларын басласын ҳәм 2021-жыл 1-майға шекем жуўмақласын.
Онда, төмендегилер:
пиядалар ҳәм велосипед жолларының улыўма узынлығы 3-5 километрди қураўы және өз-ара тығыз байланыслы болыўы;
заманагөй, энергия үнемлеўши (ҳәрекет сенсорлары менен үскенеленген) жақтыландырыў системалары ҳәм жақтылық қайтарыўшы, жоллардың басланыўы, аралығы ҳәм жуўмағын көрсететуғын жол белгилери менен толық тәмийинлениўи;
пиядалар ҳәм велосипед жолларын қурыўда айрықша ҳәрекетлениў имканиятларының жаратылыўы және майыплығы болған шахслар ушын «тосқынлықсыз орталық» шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылсын.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте 2021-жыл ушын инвестициялық бағдарлама шеңберинде орайласқан капитал қойылмалар есабынан орайлық көшелерди модернизациялаў ушын улыўма 1,4 триллион сум қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Ташкент қаласы ҳәкимлиги 2021-жыл даўамында басқышпа-басқыш барлық районларда халық ушын қолайлы болған көшелерде улыўма узынлығы 50 километр болған пияда ҳәм велосипедте жүриў ушын «Саламатлық жолларын» шөлкемлестирсин.
Усы мақсетлер ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры Ташкент қаласы ҳәкимлигине 2023-2024-жылларда қайтарыў шәрти менен 20 миллион АҚШ доллары муғдарында процентсиз ссуда ажыратсын.
Усы тәжирийбеден келип шығып, 2022-жылдан баслап Нөкис, Бухара, Нурафшан, Самарқанд, Термиз, Хийўа, Шаҳрисабз ҳәм Қоқанд қалаларында және 2023-жылдан баслап республиканың барлық ири қалаларында пияда ҳәм велосипедте жүриў ушын «Саламатлық жоллары» шөлкемлестирилиўи тәмийинленсин.
- Министрлер Кабинети 2021-жыл 1-июньге шекем жүриў, жуўырыў, мини-футбол, велоспорт, бадминтон, стритбол ҳәм «Workоut» спорт түрлерин және паралимпия ҳәрекетин раўажландырыў, физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларды денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўға тартыў, «Саламат ҳаял — уллы келешек» идеясын өзинде жәмлеген ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин беккемлеў, оларды денетәрбия ҳәм спорт пенен ғалаба түрде шуғылланыўға тартыўға қаратылған илажлар бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында Ҳүкимет қарарларын қабыл етсин.
- Қурылыс министрлиги 2021-жыл 1-январьға шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте аймақларда жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайларды қурыў бойынша тастыйықланған әмелдеги қала қурылысы нормаларына төмендегилерди нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизсин:
халықтың саны ҳәм турақ жайлардың жайласыўын инабатқа алған ҳалда, сондай-ақ, шөлкемлер ҳәм уйымлардың тийисли аймақларында велосипед туратуғын орынлар ҳәм заманагөй спорт (соның ишинде, Workout) майданшаларын шөлкемлестириў;
мәҳәллелер, аўыллар, районлар ҳәм қалаларды байланыстыратуғын автомобиль жоллары, пияда және велосипед жүриўи ушын мөлшерленген «Саламатлық жолларын» қурыў;
автомобиль ҳәрекети жоқары болған ҳәм үлкен жол кесилиспелеринде халыққа қолайлы өтиў орынларын қурыў.
- Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги:
ҳәр шеректе ҳәр бир район (қала)да «Саламат турмыс тәризи раўажланған мәҳәлле» таңлаўын шөлкемлестирсин;
бир ай мүддетте таңлаўды өткериў тәртибин ҳәм баҳалаў нормаларын ислеп шығып, тастыйықласын. Онда, мәҳәлле халқы турақлы түрде денетәрбия шынығыўларына тартылыўы, саламат аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризине әмел етиўи, мәҳәлледе зәрүр спорт инфраструктурасы бар екенлиги, өткерилген жарыслардың саны, мәҳәлле халқының кеселлениў дәрежеси азайып барыў көрсеткишлери нәзерде тутылсын;
«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды қаржылары есабынан таңлаўда биринши орынды ийелеген мәҳәллеге 10 миллион сум, екинши орын ушын 5 миллион сум ҳәм үшинши орынға 3 миллион сум муғдарында ақшалай сыйлық пенен хошаметлениўин тәмийинлесин.
Ақшалай сыйлық қаржылары мәкан пуқаралар жыйынларының коммерциялық банкте ашылған есап бетине өткерилетуғыны және мәҳәлледе спорт майданшаларын шөлкемлестириў ҳәм оларды үскенелеў, спорт илажларын өткериў мақсетлерине бурынғысынан басқаша тәризде тендер саўдаларысыз сарпланатуғынлығы белгилеп қойылсын.
- Бас министрдиң орынбасарлары Ж.Қўчқоров ҳәм А.Абдухакимов 2020-жыл 1-ноябрьге шекем Халық билимлендириў министрлиги және Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң усынысларына тийкарланып 2021-жылы:
улыўма билим бериў мектеплерине 50 спорт залы қурылысы ушын 100 миллиард сум;
спорт билимлендириў мәкемелерине 48 спорт объекти қурылысы ушын 400 миллиард сум ажыратылыўын тәмийинлесин ҳәм тармақ кестелерин тастыйықласын.
- Халық билимлендириў министрлиги, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги 2021-жыл 10-апрельге шекем 2022-2023-жылларға мөлшерленген улыўма билим бериў мектеплерин спорт заллары менен толық тәмийинлеў, ҳәр бир район (қала)да материаллық-техникалық базасына ийе болған балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплерин және басқа да денетәрбия ҳәм спорт мәкемелериниң спорт объектлерин қурыў ҳәм үскенелеў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
Онда, келеси жылларда улыўма билим бериў мектеплериниң спорт заллары, балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери ҳәм спорт билимлендириў мәкемелериниң спорт комплекслерин қурыў параметрлерин сезилерли арттырып барсын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң кәсиплик аўқамлары ҳәм жумыс бериўшилер арасындағы жәмәәт шәртнамаларында:
жумыс күни даўамында өндирис гимнастикасы шынығыўлары;
технология, өндирис ҳәм жумыс шараятларынан келип шығып, хызметкерлерге өндирис гимнастикасының шынығыўларын орынлаўы ушын жумыс ўақтына киргизилетуғын арнаўлы тәнепислер белгиленеди.
- 2021-жыл 1-январьдан барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде:
саламат турмыс тәризи ҳәм ғалабалық спортты раўажландырыў мақсетинде мийнет жәмәәтлеринде жумыс ислеп атырған хызметкерге «Спортты үгит-нәсиятлаўшы» қосымша ўазыйпасын жүклеў ҳәм оның базалық лаўазым мийнет ҳақысына 20 процент муғдарында үстеме белгилеў жолға қойылсын;
жумыс ўақтынан соң таңлап алынған күнлерде (ҳәптеде кеминде бир мәрте) басшы ҳәм барлық хызметкерлердиң денетәрбия ҳәм спорт шынығыўлары (жуўырыў, стритбол, футбол, бадминтон, волейбол, баскетбол, стол тенниси, жүзиў ҳәм басқалар) менен шуғылланыўы тәмийинленсин;
ҳәр шемби саат 14:00 тен кейин хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары арасында жуўырыў, стритбол, футбол, бадминтон, волейбол, баскетбол, стол тенниси, жүзиў ҳәм басқа да спорт түрлери бойынша ғалабалық спорт жарыслары шөлкемлестирилсин. Онда, жарыслар байрам кейпиятында, «шоу» көринисинде өткерилиўине, жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелериниң мүнәсип хошаметлениўине айрықша итибар қаратылсын;
мийнет жәмәәтиниң саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилиги дәрежесин арттырыў ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыўды (тренажёр залы, «Workоut» майданшасы, спорт майданшалары ҳәм ханалары, спорт шынығыўлары ҳәм жарыслары) қаржыландырыў мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң бюджеттен тысқары қаржылары және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылсын;
биринши басшылар «Жеке үлги» принципи тийкарында өзлериниң атропометрикалық көрсеткишлерин (семизлик дәрежесин, салмақ индексин азайтыў, саламатлықты беккемлеў) жақсылаў арқалы хызметкерлердиң антропометрикалық көрсеткишлери жақсыланыўына қаратылған илажларды әмелге асырсын;
веб-сайтлар, социаллық тармақлар, ғалаба хабар қураллары (телевидение, радио, газета, Интернет тармағы) арқалы бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, саламат турмыс тәризине әмел етиўдиң әҳмийети турақлы түрде жарытып барылыўын тәмийинлесин.
- Бас министрдиң орынбасары А.Абдухакимов Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-июльден баслап:
министрликлер, уйымлар, кәрханалар, шөлкемлер, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларында жумыс ислеп атырған басшы ҳәм хызметкерлердиң антропометрикалық көрсеткишлерин (семизлик дәрежесин, салмақ индексин), басқа да аўыр кеселликлерди кескин азайтыў, саламатлықты беккемлеў баҳалаў нормаларын ислеп шығып, рейтинг тийкарында таллаў және нәтийжелерди онлайн бақлап барыў системасын;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерин тийисли аймақта ғалабалық спорт пенен шуғылланыўшылар санының артыўына, саламат аўқатланыўға, атап айтқанда, қурамында дуз, қант ҳәм май муғдары көп болған және қамырлы аўқат ҳәм кондитер, нан өнимлерин пайдаланыўды қысқартыўға, зыянлы әдетлерден, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин пайдаланыўдан ўаз кешиў жолы менен кеселликке шалыныў, артықша салмақ жағдайлары (семизлик) ҳәм ерте қайтыс болыў көрсеткишлериниң азайыўына қарап жумысына баҳа бериў бойынша рейтингин санластырылған бағдарлама жәрдеминде мониторинг етиў системасын енгизсин және «Саламат турмыс тәризи» платформасы менен интеграцияланыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасының Олий Мажлиси палаталарына Бас министрдиң орынбасары А.Абдухакимов тәрепинен усынылған рейтинг көрсеткишлери тийкарында:
рейтинг көрсеткишлери ең төмен болған мәмлекетлик уйымлар басшыларының жумысын ҳәр ярым жыллықта сын көзқарастан додалаў;
рейтинг көрсеткишлери жоқары болған мәмлекетлик уйымлардың басшыларын хошаметлеў системасын енгизиў усыныс етилсин.
- Халық билимлендириў министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте:
еки ай мүддетте улыўма билим бериў, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде сабақлар аралығында (үлкен тәнепис ўақтында) «Спорт минуты» дене тәрбия шынығыўларын, сабақлар басланыўынан алдын 2 минут дем алыў шынығыўларын өткериўди әмелиятқа енгизсин;
2021-2022-оқыў жылынан баслап оқыўшылар, студентлердиң жас категориясына қарап олардың физикалық көрсеткишлерин (жуўырыў, ылақтырыў, секириў, тартылыў) баҳалаў өлшемлерин ислеп шығып, «Күнделик» рейтинг дәптерине өз алдына бетке киргизсин және ҳәр шерек таллаўлары ҳәм нәтийжелериниң көрсетилиўин тәмийинлесин.
- Бас министрдиң орынбасары Б.Мусаев Халық билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги менен биргеликте улыўма билим бериў мектеплеринде 2021-2022-оқыў жылынан баслап улыўма оқыў саатлары шеңберинде денетәрбия пәнин барлық классларда ҳәптеде еки сааттан оқытыўды шөлкемлестирсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
а) бир ай мүддетте Медицина хызметкерлериниң кәсиплик маманлығын раўажландырыў орайы менен биргеликте аўыллық врачлық пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың врач ҳәм орта медицина хызметкерлерин диетология бойынша таярлаў, соның ишинде, әмелий көнликпелерин қәлиплестириў бойынша қысқа мүддетли курсларды шөлкемлестирсин;
б) 2021-жыл 1-мартқа шекем Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте артықша салмаққа ийе болған шахслар ушын орташа күнлик аўқатланыў нормасын ҳәм рационын және физикалық шынығыўлар комплексин ислеп шықсын ҳәм оны халық арасында турақлы үгит-нәсиятлап барсын;
в) төмендегилерди:
мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң медицина хызметкерлери және район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникаларынан улыўма билим бериў мектеплеринен бириктирилген медицина хызметкерлери тәрепинен тәрбияланыўшылар ҳәм оқыўшылардың денсаўлығы ҳәм физикалық жақтан жетилисиўин турақлы түрде қадағалаўға алыныўын, олардың санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел етиўин, денетәрбия шынығыўларын өткериўин ҳәм турақлы түрде спорт пенен шуғылланыўын, саламат турмыс тәризи үгит-нәсиятланыўын, емлеў-профилактика илажларының өткерилиўин, аўқатланыў режимине ҳәм сапасына әмел етилиўин;
усы Пәрман талапларынан келип шығып, қурамында дуз, қант ҳәм май муғдары нормадан артық болған және қамырлы аўқат ҳәм кондитер, нан өнимлеринен пайдаланыўды азайтыў бойынша шаңарақлар арасында үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыўды;
2021-жыл 1-мартқа шекем медицина хызметкерлери тәрепинен балалардың денсаўлығын есапқа алған ҳалда, денетәрбия менен шуғылланыўы үстинен қадағалаў орнатылыўын ҳәм балалардың саламатлығы тийкарында медициналық, саламатландырыў топарларына ажыратылыўын және соған қарап физикалық шынықтырыў муғдарының белгиленилиўин тәмийинлесин;
г) Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте балалардың физикалық жақтан раўажланыўын баҳалаў ушын санластырылған бағдарлама жәрдеминде мониторинг етиў системасын ислеп шықсын.
- Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2025-жылға шекем аймақлық ҳәм тийисли тармақ бағдарламалары шеңберинде билимлендириў мәкемелерин, соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириў, улыўма билим бериў ҳәм спорт мәкемелерин таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Қаржы министрлиги:
Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте тастыйықланған дизим тийкарында мектепке шекемги билимлендириў ҳәм улыўма билим бериў мәкемелерин бирлемши спорт қураллары ҳәм әсбап-үскенелери менен тәмийинлеў қәрежетлери ушын Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын, онда усы мақсетлер ушын 2021-жылы ҳәр бир мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине 2 миллион сумнан, улыўма билим бериў мәкемесине 5 миллион сумнан ажыратсын;
2021-жыл 1-январьға шекем халықтың саламатлығы ушын зыянлы болған өнимлерди ислеп шығарыўшыларға арнаўлы жыйым енгизиў ҳәм бул түсимлердиң бир бөлегин «Саламат турмыс тәризи» платформасын сақлаў қәрежетлерин және усы Пәрманның 4-бәнтинде нәзерде тутылған төлемлерди қаржыландырыўға бағдарлаў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин;
денетәрбия ҳәм спорт мәкемелеринде орайласқан тәртипте санлы технологияларды енгизиў, сондай-ақ, барлық система шөлкемлерине бирден-бир электрон программалық тәмийнатты жаратыў бойынша техникалық талапларды ислеп шығыў ушын қаржы ажыратсын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021-жылдан баслап Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен «Саламат турмыс тәризи» платформасында дизимнен өткен ҳәм оннан пайдаланған физикалық тәреплердиң санына ҳәм олардың спорт нәтийжелерине қарап министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша рейтинги дүзиледи ҳәм олардың жумысына Министрлер Кабинети тәрепинен баҳа бериледи.
- Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги аймақларда жеке меншик исбилерменлер тәрепинен қурылған спорт имаратларының базасында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында спорт мәкемелериниң жумысын жолға қойыў ямаса мәмлекетлик спорт мәкемелериниң жумыс түрин өзгертпеў шәрти менен оларды меншиклестириў бойынша бағдарлама ислеп шығып, 2021-жыл 1-мартқа шекем Министрлер Кабинетине киргизсин.
Онда, талап жоқары болған спорт түрин таңлап алып, усы бағдардағы мәкемелерди Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан шөлкемлестириў, сақлаў ҳәм қаржыландырыўды басқышпа-басқыш қысқартыў, мәмлекетлик спорт мәкемелериниң бос жер майданларында спорт майданшалары ҳәм имаратлары, мийманханалар, спорт кийимлери ҳәм қуралларын сатыўға мөлшерленген дүканлар, саламат аўқатланыў ҳәм хызмет көрсетиў шақапшалары, фитобарлар, фитнес орайлары ушын имаратлар қурылыўына рухсат берилиўин нәзерде тутсын.
- Инновациялық раўажланыў министрлиги 2021-жылдан баслап ҳәр жылы:
денетәрбия ҳәм спорт тараўындағы фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық жойбарлар ушын 10 миллиард сумнан аз болмаған муғдарда грант қаржылары;
денетәрбия ҳәм спорт тараўында илимий потенциалға ийе болған кадрлардың үлесин арттырыў мақсетинде Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги системасындағы жоқары билимлендириў мәкемелерине таяныш докторантура ҳәм докторантура ушын кеминде 10 орын ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги Илимлер академиясы ҳәм Өзбекстан Палўанлар миллий орайы менен биргеликте 2021-жыл 1-сентябрьге шекем республика аймақларында экспедиция шөлкемлестирген ҳалда миллий спорт түрлери және халық ойынларының тарийхын үйрениў тийкарында «Өзбекстан Республикасы миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынлары энциклопедиясы»н таярласын ҳәм басып шығарсын.
«Өзбекстан Республикасы миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынлары энциклопедиясы»н таярлаў ҳәм басып шығарыў менен байланыслы қәрежетлер Министрлер Кабинетиниң резерв қоры қаржылары есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
- Министрлер Кабинети үш ай мүддетте дуз, қант ҳәм май муғдары нормадан артық болған азық-аўқат өнимлериниң рекламасына төмендеги шеклеўлер орнатыўды нәзерде тутатуғын нызам жойбарын ислеп шықсын:
билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт мәкемелериниң аймағында және жәмәәт транспортында реклама етиў;
балалар, анимациялық персонажлар ҳәм балалар көрсетиўлериниң қаҳарманлары қатнасыўында реклама етиў;
ғалаба хабар қуралларында балалар ушын мөлшерленген көрсетиўлерден 30 минут алдын ҳәм кейин көрсетиў.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте:
а) турақлы түрде:
жаслар, атап айтқанда, бақша жасындағы балаларда денетәрбия ҳәм спорт түсинигин пайда етиў ҳәм оларды қызықтырыў мақсетинде «Балалықтан спортқа», «Азанғы гимнастика», улыўма билим бериў мектеплеринде «Биз бенен бирге орынла, биздей болып орынла, бизден жақсырақ орынла!», «Кеўилли стартлар» клаcлараралық, «Үлкен жастағылар ушын аэробика», «Басланғыш йога шынығыўлары», «Артықша салмақтан ўаз кеш!» сыяқлы спорт шынығыўлары және шаңарақлар арасында өткерилетуғын «Атам, анам ҳәм мен — спортшылар шаңарағы!» телевизиялық спорт жарысларын телеканалларда көрсетиў;
барлық телеканаллар, соның ишинде, жеке меншик телеканаллар эфиринде ҳәр күни үш мәрте (саат 7.00, 12.00 ҳәм 17.00 де)абырайлы спорт жарысларының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелериниң қатнасыўында 5 минуттан ибарат ғалабалық дене шынығыўларын көрсетиў;
ҳаяллар ҳәм кекселер ушын саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бойынша «Саламат турмыс тәризи» көрсетиўлерин берип барыў;
б) 2021-жыл 1-январьдан баслап «Спорт» телеканалында:
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшылары ҳәм хызметкерлериниң денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўы хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары арасындағы ғалабалық спорт жарысларын, сондай-ақ, усы Пәрман шеңберинде өткерилип атырған спорт жарысларын турақлы түрде жарытып барыў, халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен усы Пәрманның орынланыўы тийкарында алып барылып атырған жумыслар, сондай-ақ, оларда жумыс ислеп атырған басшы ҳәм хызметкерлер, халықтың антропометрикалық (семизлик дәрежесин, салмақ индексин), басқа да аўыр кеселликлерди кескин азайтыў, саламатлықты беккемлеў көрсеткишлери рейтингиниң нәтийжелерин жарытып барыў;
в) усы Пәрманның орынланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде барлық мәмлекетлик ҳәм жеке меншик телеканаллар, социаллық тармақларда және блогерлердиң қатнасыўында сын көзқарастан додалаўлар шөлкемлестириў ҳәм жарытыў усыныс етилсин.
- Саламат турмыс тәризин турмысқа кеңнен енгизиў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, район, қала ҳәкимликлери, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер:
ҳәр жылы 1-декабрьге шекем кейинги жыл ушын жыл даўамында өткерилетуғын ҳәптелик жарысларды өткериў календарь режесин тастыйықласын;
жыллық қәрежетлер сметасын қәлиплестириўде усы мақсетлер ушын қаржылар ажыратылыўын нәзерде тутсын.
- Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Әндижан ҳәм Самарқанд ўәлаятлары ҳәкимликлериниң Әндижан қаласындағы орайлық стадионның атын «Bobur Arena», Самарқанд қаласындағы орайлық стадионның атын «Afrosyоb Arena» деп атаў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте халық арасында сораўнама өткериў арқалы аймақлардағы ири спорт объектлерине олар жайласқан аймақ өзгешелигинен келип шығып, сондай-ақ, Өзбекстан тарийхы ҳәм спортында ат қалдырған тарийхый шахслардың атлары берилиўин шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының барлық комитетлер, депутатлар, сенаторлар, сиясий партиялар ҳәм фракциялар арасында «Парламент ойынлары» спорт жарысларын енгизиў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын.
- Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте саламат турмыс тәризи ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыўға байланыслы Ҳүкимет қарарын тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айрым ҳүжжетлерине 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2020-жыл 30-октябрь.