МӘМЛЕКЕТЛИК АКТИВЛЕРДИ МЕНШИКЛЕСТИРИЎДЕ ӘҲМИЙЕТЛИ ҲҮЖЖЕТ
Нөкисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 27-октябрьдеги «Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды реформалаўды жеделлестириў және мәмлекетлик активлерди меншиклестириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы пәрманының мазмун-мәнисине бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.
Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы Бекзод Мадаминов ҳәм басқа қәнигелердиң атап өткениндей, бул пәрман мәмлекетлик кәрханаларды басқарыў, трансформациялаў, мәмлекетлик активлерди сатыўдан алдын таярлаў, меншиклестириў ҳәм оның тәртиплерин белгилейди.
Пәрманның 4-қосымшасы менен Қарақалпақстан Республикасындағы 12 мәмлекет қатнасыўындағы кәрханадағы мәмлекетлик үлеслерди меншиклестириў белгиленген. Соның ишинде, 9 мәмлекет қатнасыўындағы кәрхананың мәмлекетлик акция пакетлери ҳәм үлеслери ғалаба саўдалар арқалы сатылады, 3 акционерлик жәмийеттиң мәмлекетлик акция пакетлери бул жәмийетлердеги мәмлекетлик үлеси бар шөлкемлестириўшилердиң устав фондына номинал баҳада өткериледи.
Усы пәрман менен мәмлекетлик активлерди меншиклестириўде енгизилген тәртиплер ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди. Соның ишинде, мәмлекетлик үлеслерин бөлип-бөлип төлеў шәрти менен сатып алған ҳәм шамалы төлемди әмелге асырған тутыныўшыларға толық төлемлер әмелге асырылғанға шекем үлес баҳасының төленген бөлегине теңдей түрде жәмийетти басқарыўда қатнасыў ҳәм дивидендлер алыў ҳуқықы тийкарында «ийелик етиў ҳуқықысыз» ийелик сертификаты берилиўи, мәмлекетлик активлерди сатыўдың шәртлерине муўапық болған буйыртпада тек бир талапкер тәрепинен берилген болса, бул бирден-бир қатнасыўшы менен алды-сатты шәртнамасын дүзиў мүмкин екенлиги, пәрманның 4-қосымшасындағы сап активлериниң мәмлекетлик акция пакетлери (үлеслери)не салыстырғанда пропорционал баҳасы 100 миллион сумнан артпаса, оларды бурынғысынан басқаша тәризде, сап активлериниң пропорционал үлесине тең (сап активлери устав капиталынан аз болғанда номинал) баҳада ғалаба саўдаларға шығарылыўы сыяқлы жаңа тәртиплер енгизилди.
Мәмлекетлик тендер комиссиясына усы пәрманның 4 ҳәм 5-қосымшаларындағы мәмлекетлик акция пакетлери (үлеслери), көшпес мүлк объектлери баҳаланған баҳада ғалабалық саўдаларда үш ай мүддет даўамында сатылмаған жағдайда, олардың басланғыш баҳасын Агентликтиң усынысына тийкарланып қайта белгилеў, сондай-ақ, мәмлекетлик активлерди меншиклестириў ҳаққында қарар қабыл етиў оларды сатыў шәртлери, саўда түри ҳәм ғалабалық саўдаларда басланғыш баҳасын белгилеў ўәкилликлери енгизилди.
Буннан тысқары, мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин «ноль»лик сатып алыў баҳасында сатыў әмелияты бийкар етилип, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары ўәлаятлық Кеңеслери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери және Мәмлекетлик тендер комиссиясына көшпес мүлк объектлерин инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелер қабыл етиў шәрти менен «1 сум» басланғыш баҳа менен ғалабалық саўдаларға шығарыў бойынша қарар қабыл етиў ҳуқықы берилди.
Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға да тоқтап өтилди. Усы пәрман менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесине берилген ўәкилликлер шеңберинде усы жыл 1-декабрьге шекем 51 мәмлекетлик көшпес мүлк объектиниң ғалабалық саўдаларға шығарылыўы тәмийинленеди.
— Баспасөз әнжуманын өткериўден тийкарғы мақсет — пәрманның мазмун ҳәм мәнисин ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери арқалы кең жәмийетшиликке жеткериўден ибарат, - дейди Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы баслығының орынбасары Ажинияз Мнажов. — Бул болса, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды реформалаўды жеделлестириў және мәмлекетлик активлерди меншиклестириўге хызмет етеди.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.