Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:55:16, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИТИБАРЛЫ БОЛҒАН ЗЫЯН ЕТПЕЙДИ

Мине үлкемизде гүздиң соңғы айы ҳүкимин жүргизип атыр. Ал, қатал минезли қыс мәўсиминиң есик қағыўына жақынласып, санаўлы күнлер қалды. Сонлықтанда, жуўапкершиликли гүз-қыс мәўсимине алдын-ала, толық таярлық көрмегенлер,  қыраўлы күнлерде албыраўлары аттан анық. Ҳәзирги ҳаўа-райының ашық-жарықлығын көрип арқайынлыққа берилиўге болмайды.

Ёнғин хавфсизлиги институтининг асосий вазифалари белгиланди

 Неге дегенде,  жайма шуўақтың изи, алдамшы,  өзгермели мәўсимлерде ҳәп заматта суўытып,  қыңыр минезин көрсетиўи әзелден бизге мәлим. Солай екен, булл мәўритлерден үнемли пайдаланып, таярлық жумысларындағы кемис-қутықларды сапластырыў, ертеңги күни пайдамызға хызмет етеди.

Буннан былай, тәбийғый газ ҳәм электр энергиясына болған тутыныўшылардың талабы арта баслайды. Себеби, ҳешкимде суўыққа тоңғысы келмейди. Тәбийғый газ басымы пәс жерлерде, әлбетте, тутыныўшылар электр ысытқыш үскенелеринен көбирек пайдаланады. Ҳәр қашанда, талап артқан жерде электр үскенелеринен керегинен зыят пайдаланыў өрт келтирип шығармайды деп ҳеш ким кепиллик бере алмайды. Ямаса, күнделикли турмыстың тәшўишлери менен базар яки дүканға кетерде электр печин өшириўди ядынан шығарған айырым пуқаралармыздың үйи «күйип» атырғанлары сийрек болса да ушырасып атырғанлығы сыр емес.

Тағы қосымша айтарымыз, тәбийғый газден пайдаланғанда қатаң қағыйдаларға бойсыныўымыз зәрүр. Атап айтқанда, қолдан жасалған электр қыздырыў әсбапларынан ҳәм насаз электр үскенелеринен пайдаланбаў, арнаўлы үскенелерде жумыс ислегенде яки оңлаў жумысларын алып барғанда қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў, тез жаныўшы затларды қуяш нурынан сақлаў, кишкене балаларды қараўсыз қалдырмаў, ханада ис газин сезгениңизде айна ҳәм есиклерди ашып самаллатыў ҳәм бундай жағдайда ҳәр дайым электр шырақларын жақпаў кереклигин ядыңызда тутың.

Мине, усы жоқарыда атап өтилген қағыйдаларды иске асырсақ  өз жумыс орнымызды ҳәм шаңарағымызды өрт қәўпинен аман сақлаймыз.

 

Р. РЕЙМОВ, 

“Uz-Kor Gas Chemical» ЖШЖ ҚК ҳәм оның қурамындағы обьектлери

имаратларында өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўди шөлкемлестириў бөлими

профилактика ҳәм бақлаў бөлими өрт бақлаў ҳәм профилактика

бойынша инспекторы, лейтенант

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF