РЕСПУБЛИКАМЫЗДЫҢ САНААТ ИСЛЕП ШЫҒАРЫЎ КӨРСЕТКИШЛЕРИ ҚАНДАЙ?
2020-жылдың январь-сентябрь айларында 9660,0 млрд. сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған болып, санаат ислеп шығарыў индекси өткен жылдың тийисли дәўирине салыстырғанда 102,5 процентти қурады.
Жәми санаат өнимлери көлеминиң 79,6 проценти (7685,7 млрд. сум, өткен жылға салыстырғанда санаат ислеп шығарыў индекси 102,3 процент) ири кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылды.
Статистикалық есап-китаплар бойынша усы жылдың январь-сентябрь айларында киши кәрхана ҳәм микрофирмалар тәрепинен ислеп шығарылған санаат өнимлери көлеми 1222,1 млрд. сум көлеминде (жәми санаат өнимлери көлеминиң 12,6 проценти) баҳаланды ҳәм бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда санаат ислеп шығарыў индекси 121,6 процентти қурады.
Сондай-ақ, жеке исбилерменлер ҳәм үй хожалықлары тәрепинен ислеп шығарылған санаат өнимлери көлеми 752,2 млрд. сум муғдарында (7,8 процент) есапланды. Өнимлер ислеп шығарыўдың ең үлкен көлеми ислеп шығарыўшы (қайта ислейтуғын) кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылған болып, ислеп шығарыў көлеми 8307,3 млрд. сумды, жәми санаат өнимлери ислеп шығарыўдағы үлеси 86,0 процентти қурады. Есабат дәўиринде жәми санаат өнимлери ислеп шығарыў көлеминде электр, газ, пар менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаў хызмет түри бойынша 1217,6 млрд. сум (жәми санаат өнимлери ислеп шығарыўдағы үлеси 12,6 процент), таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди ислеў хызмет түри бойынша 81,6 млрд. сум (0,8 процент) ҳәм де суў менен тәмийинлеў, канализация системасы, шығындыларды утилизациялаў хызмет түрлери бойынша 53,5 млрд. сум (0,6 процент) өнимлер ислеп шығарылды.
2020-жылдың январь-сентябрь айларында өндирислик санаат кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылатуғын өнимлер көлеми 8307,3 млрд. сумды яки жәми ислеп шығарылған санаат өнимлери көлеминиң 86,0 процентин қурады.
Өз нәўбетинде, ислеп шығаратуғын санаатта өткен жылдың тийисли дәўирине салыстырғанда портландцемент 1,8 есеге, тазаланған гүриш 1,6 есеге, жумсақ бийдай уны 21,0 процентке артқанлығын ҳәм карбонат динатрия 2,8 процентке, арақ 22,1 процентке, бийдай наны 77,6 процентке ҳәм макарон өнимин ислеп шығарыў өткен жылға салыстырғанда 76,4 процентке кемейгенлигин көриўимиз мүмкин.
Таў-кән санаатында ислеп шығарылған өнимлер түри бойынша ҳәк тас қазып алыў көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 30,3 процентке артқанлығын, газ конденсаты 9,1 процентке ҳәм тәбийғый газ 8,7 процентке кемейгенлигин көриўимиз мүмкин.
Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда ақаба суўларды жоқ етиў, транспортировкалаў ҳәм ислеў бериў бойынша хызметлердиң 16,0 процентке, суўды қайта ислеў ҳәм суў тармақлары бойынша бөлистириў хызметлериниң 10,9 процентке ҳәм де қәўипсиз шығындыларды жыйнаў бойынша хызметлер 2,7 процентке асқанлығы гүзетилди.
2020-жылдың январь-сентябрь айларында 1747,9 млрд. сумлық тутыныў товарлары ислеп шығарылып, бул өткен жылдың январь-сентябрь айларына салыстырғанда 104,5 процентти қурады.
Республика санаат ислеп шығарыў көлеми қурамында ең көп үлеси Нөкис қаласы (жәми ислеп шығарыў көлеминиң 56,9 процент), Тақыятас (11,8 процент), Қоңырат (4,8 процент), Хожели (3,4 процент), Әмиўдәрья (2,7 процент) ҳәм Төрткүл (2,5 процент) районларына туўры келеди.
Сондай-ақ, тутыныў товарлары көлеминиң ең үлкен бөлеги Нөкис қаласы (жәми тутыныў товарлары көлеминиң 20,4 процент), Хожели (8,5 процент), Төрткүл (8,2 процент), Елликқала (7,6 процент), Беруний (7,6 процент), Қоңырат (7,0 процент) ҳәм Қанлыкөл (6,4 процент) районларында ислеп шығарылды.
М.ҚУРБАНОВА,
Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы
санаат статистикасы бөлими баслығы.