Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:38:04, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИЛИМ  БЕРИЎДИҢ  ЖАҢА  ҲУҚЫҚЫЙ  ДЕРЕКЛЕРИ

Президентимиз Ш.Мир­зиёев Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде: «Мәмлекетимиздиң келешектеги раўажланыўын ойлап, оқытыўшы ҳәм муғаллимлердиң турмысымыздағы абырайын ҳәм статусын арттырыў мақсетинде олардың статусын нызам дәрежесинде белгилеўди усыныс етемен.

Бул нызамда жас­ларға тәлим-тәрбия бериў процесинде оқытыўшылар өзлериниң потенциалын толық көрсетиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў, оларды социаллық, ҳуқықый, материаллық қоллап-қуўатлаў илажлары кепиллениўи керек. Оқы­тыў­шы­ларға үстемелер төлеў, оларды хошаметлеў нормалары да толық қайта көрип шығылыўы зәрүр. Әмелде бул мәселе оғада қыйынлығы ҳәм артықша қағазпазлықты талап ететуғыны да ҳақыйқат. Бунда көплеген ескирген нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер қайта көрип шығылып, бийкар етилсе, мақсетке муўапық болады, деп ойлайман» деген пикирди билдирген еди.

Ҳақыйқаттан да, усындай ескирген нызамлардың бири 1997-жылы 29-августта қабыл етилген «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызам есапланады. Мәмлекетимизде билимлендириў тараўының раўажланыўында бул нызамның әҳмийети жүдә үлкен. Лекин, нызамның қабыл етилгенине жигирма жылдан аслам ўақыт болып, елимизде бул тараўда үлкен өзгерислер жүзеге келди. Нызамды жаңалаў ўақты келгенлиги ҳаққында Президентимиз өзиниң бир неше бая­натларында айтып өтти.

Мәмлекетимизде билимлендириў, тәлим-тәрбия тараўында ҳәзирги күн талапларына сай халықаралық стандартларға жуўап беретуғын, илимли-билимли кадрларды таярлаўдың ҳуқықый нормаларын қәлиплестиретуғын ўақыт келди. Буны әмелге асырыў ушын Президентимиздиң 2018-жыл 22-январьдағы Пәрманы менен тастыйықланған «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдарлары бойынша ҳәрекетлер стратегия­сын», «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик Бағдарлама»ның 172-бәнтинде, «Билимлендириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының жаңа редакциядағы жойбарын ислеп шығыў ўазыйпасы белгилеп берилди.

Нәтийжеде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы тәрепинен 2020-жылы 19-майда Өзбекстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызамы жаңа редакцияда жәрияланды. Нызам Сенат тәрепинен усы жылы 7-август­та мақулланып, 23-сентябрь күни Президентимиз тәрепинен имзаланды ҳәм ҳәзирги күнде күшке кирди.

Нызамның 1-бабында, мәмлекет аккредитациясы, мәм­лекетлик    билимлендириў мәкемеси, стандартлары, талаплары, саўатлылық-билимлилик, қәнигелик, мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкеми, тәлим-тәрбия, билимлендириў кампусы, тәлим-тәрбия процеси  қатнасыўшылары ҳәм билимлендириў   шөлкемлери аттестациясы усаған тийкарғы терминлерге түсиниклер берилген. Нызамда белгиленген принциплер дүнья жүзинде ең жоқары раўажланған мәмлекетлерде билим алыўшылар ушын жаратылған шараятларды толық қамтыйды ҳәм билим алыўшылар ушын ҳеш қандай тос­қынлықлардың ушыраспаўын, билимлендириўдиң үстинлигин тәмийинлеўге қаратылған ҳәм жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық  келип шығыўы, исеними, жеке ҳәм жәмийеттеги тут­қан  дәрежесине қарамастан, барлық инсанлардың билим алыўы ушын теңдей ҳуқықлар  кепилленген.

Нызамның 2-бабы билимлендириў системасын ҳуқы­қый тәртипке салады. Елимизде бирден-бир, үзликсиз билимлендириў системасы жаратылған болып, ол мәмлекетлик билимлендириў стандартлары ҳәм талаплары, оқыў режелери, оқыў дәстүрлерин, оларды әмелге асырыўшы шөлкемлердиң, билимлендириў сапасын баҳалаўды әмелге асырыўшы  шөлкемлерди, билимлендириў системасына  хызмет  көрсетиў ҳәм раўажланыўын тәмийинлеў  ушын  зәрүр болған изертлеў жумысларын орынлаўшы илимий-педагогикалық шөлкемлерди ҳәм  билимлендириў  тараўындағы мәмлекет  басқарыў  уйым­ларын,  сондай-ақ, олардың қарамағындағы шөлкемлерди өз ишине алады.

Мәмлекетимизде билимлендириў ­ жети түрде әмелге асырылады. Олар мектепке шекемги тәлим ҳәм тәрбия, улыўма орта ҳәм орта арнаўлы билим бериў, профессионал жоқары, жоқары тәлимнен ке­йинги билимлендириў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў, мектептен тысқары билимлендириў түрлеринен ибарат. Нызам қағыйдаларында усы билимлендириў түрлериниң мазмунлары анық түрде ашып берилген. Жоқары раўажланған мәмлекетлердиң билимлендириў тараўындағы тәжирийбелеринен келип шығып, елимизде билим алыўды, қәнигеликке ийе болыўды қәлеўшилер, өзлериниң таңлаўы бо­йынша өндиристен ажыратыл­ған жағдайда (күндизги бөлимлерде), өндиристен ажыратылмаған жағдайда (сыртқы, кешки бөлимлерде, сондай-ақ, аралықтан оқыў түринде) әмелге асырыўы, сондай ақ, билим алыўшы дуал билим алыў формасында, яғный билим алыўдың теориялық  бөлимин билим бериў шөлкеминде, ал, әмелий бөлимин өзиниң жумыс орнында алыўы мүмкин.

Нызамда шаңарақта билим алыўшыларға, өз бетинше билим алыўды қәлеўшилерге, сондай ақ, үлкен жастағыларды да оқытыўға ҳәм оларға билим бериўге дыққат қаратылды. Инклюзив  тәлим формасы айрықша билим зә­рүрлиги ҳәм индивидуал имканиятларының ҳәр қыйлылығын есапқа  алған жағдайда барлық билим алыўшылар ушын билимлендириў шөлкемлеринде билим алыўға  болған  теңдей имканиятларды  тәми­йинлеўге қаратылған. Физикалық, ақылый, сенсор (сезиў) ямаса руўхый  кемшиликлери  болған  балалар ушын да билимлендириў мәкемелеринде инклюзив билимлендириў шөлкемлестириледи. Оқыў  дәстүрлерин еркин түрде өзлес­тирип, билим алыўды қәлеўшилер экстернат тәртибинде билим алыўлары да мүмкин.

Нызамның 3-бабында, Өзбекстан  Республикасы Министрлер Кабинетиниң, Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириў сапасын бақлаў мәмлекетлик инспекциясының, Президент дөретиўшилик ҳәм қәниге­лестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлигиниң, билимлендириў тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик бас­қарыў  уйымларының, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйым­ларының билимлендириў тараўындағы ўә­кил­ликлери ҳәм билимлендириў   шөлкемлериниң басқарыў тәртиплери белгилеп берилген.

Нызамның 4-бабы билимлендириўге бағышланған көп­леген нормаларды қамтыйды. Усы бапта билимлендириў шөлкемлериниң ҳуқықый статусы, оларды шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў, билимлендириў системасындағы мәмлекетлик емес шөлкемлер уставы, оқытыў тилинен пайдаланыў, билимлендириў стандарт­лары ҳәм талаплары, оқыў  режелери ҳәм бағдарламаларын енгизиў, эксперименталлық ҳәм инновациялық жумыслар, билимлендириў мәкемелери жумысларының ашықлығы ҳәм анықлығы, оқыўға қабыл етиў тәртиплери, мәмлекетлик  билимлендириў шөлкемлерине оқыў ушын мақсетли қабыл етиў, билим алғанлығы ҳақ­қындағы ҳүжжетлердиң берилиўи, рейтинги, мониторинги ҳәм тараўдағы мәмлекет қадағалаўының ҳуқықый тәртиплери беккемленген.

Нызамның билимлендириў шөлкемлери педагог хызметкерлериниң ҳуқықый статусы деп аталған 5-бабында педагогикалық жумыс пенен шуғылланыў ҳуқықы, педагог хызметкерлердиң статусы ҳәм олардың жумысларының кепилликлери, миннетлери белгиленген болса, 6-бапта билим алыўшылардың, олардың ата-аналарының  ҳәм басқа нызамлы ўәкиллериниң ҳуқықлары, миннетлери белгиленген.

Билим алыўшыларды, билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлерин социаллық қорғаў, жетим балаларды ҳәм ата-анасының ямаса басқа  нызамлы ўәкиллериниң қарамағынан айырылған балаларды  оқытыў ҳәм  оларды толық тәмийинлеў, физикалық, ақылый, сенсор (сезиў) ямаса руўхый кемшиликлери бол­ған балаларды оқытыў ҳәм тәр­биялаў, сондай-ақ, социаллық реабилитацияға мүтәж болған балаларды оқытыў ҳәм тәр­биялаў мәселелерине нызамның 7-бабы бағышланған.

Нызамның 8-бабында мәм­лекетлик  емес  билимлендириў мәкемелери  жумысын  лицензиялаў, билимлендириў мәкемелерин аттестациядан ҳәм мәмлекетлик аккредита­циядан өткериў, олардың жумысын ишки ҳәм сыртқы баҳалаўдан өткериў, сырт ел мәмлекетлеринде билим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ҳәм билимлендириў тараўындағы ҳүжжетлерге апостиль қойыў қағыйдалары, 9-бапта  билимлендириў мәкемелерин қаржыландырыў, раўажландырыў қорларын дүзиў, мәмлекетлик-жеке шериклик, тараўға инвестицияларды тартыў ҳәм мал-мүлкке ийелик етиў мәселелери сәўлеленген.

Нызамның 10-бабында, билимлендириў мәкемелериниң халықаралық  қатнасықлары ҳәм байланысларының ҳуқы­қый қағыйдалары, сырт елде билим алыўдың ҳуқықый тәртиби өз көринисин тапқан болса, 11-«жуўмақлаўшы қағыйдалар» бабында  билимлендириў  ҳаққындағы  нызам  ҳүжжетлерин  бузғанлық  ушын жуўапкершилик, айырым нызам ҳүжжетлериниң өз күшин жоғалтқан деп табыў,  нызамның орынланыўын, жеткерилиўин,  мазмуны  ҳәм әҳмийетиниң түсиндирилиўин тәмийинлеў, басқа да ҳәрекеттеги нызам  ҳүжжетлерин  усы  нызамға  муўапықластырыў, нызамның күшке кириў тәртиби беккемленген.

Жуўмақластырып айтқанда, жаңа редакцияда қабыл етилген «Билимлендириў ҳаққында»ғы Нызам мәмлекетимизде билимлендириў системасының жумыс алып барыўын ҳуқықый тәртипке салыўшы Конституциямыздан кейинги тийкарғы дереклерден бири есапланады.

Тоғайтөре Қәллибеков,

Қарақалпақстан Республикасы ХБХқТОқАА орайы доценти,

юридика илимлериниң кандидаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF